Жаратылыс 20 bob

Ибрайым ҳәм Абимелех патша

1 Ибрайым Мамреден Негеб жерине көшип, Қадеш ҳәм Шур аралығында жасады. Соңынан бир қанша ўақыт Герарда қалды.
2 Ол ҳаялы Сараны: «Ол мениң қарындасым», – деди. Сонлықтан Герар патшасы Абимелех адам жиберип, Сараны алдыртты.
3 Бирақ Қудай бир күни түнде Абимелехтиң түсине енип: – Сен бул ҳаялды алғаның ушын өлесең, себеби оның күйеўи бар, – деди.
4 Абимелех еле Сараға жақынлаған жоқ еди. Ол: – Ийем! Сен айыпсыз адамларды жоқ етпекшимисең?
5 Ибрайымның өзи маған оны қарындасым деп айтты-ғо. Ҳаялы да: «Ол мениң әжағам», – деген еди. Бул исте мениң ҳүжданым таза, қолларым да ҳадал, – деди.
6 Сонда Қудай түсинде оған былай деди: «Аўа, сениң ҳүжданыңның таза екенин билемен. Сонлықтан сени Маған қарсы гүна ислеўден сақлап, ҳаялға қол тийгизиўиңе жол қоймадым.
7 Ал енди ҳаялды күйеўине қайтып бер. Өйткени ол – пайғамбар. Ол сен ушын дуўа етеди, сонда сен өлмейсең. Бирақ билип қой: егер сен ҳаялды күйеўине қайтарып бермесең, онда өзиң де, барлық адамларың да өлесизлер».
8 Абимелех азанда ерте турды да, өзиниң барлық хызметкерлерин жыйнап, оларға болған ўақыяны айтып берди. Олар қатты қорқып кетти.
9 Абимелех Ибрайымды шақыртып, оған былай деди: – Сен неге бизлерге булай иследиң? Мени ҳәм мениң патшалығымды бундай үлкен гүнаға батырғандай, мен саған не жаманлық қылған едим? Сен маған ислеўге болмайтуғын ислерди иследиң, – деди.
10 Соңынан ол Ибрайымнан: – Бул исти қандай мақсетте иследиң? – деп сорады.
11 Ибрайым былай деп жуўап берди: – Мен бул жерлерде адамлар ҳеш Қудайдан қорқпайды ҳәм ҳаялым ушын мени өлтириўи мүмкин деп ойладым.
12 Ҳақыйқатында да, ол – мениң қарындасым. Бизлердиң әкемиз бир, аналарымыз басқа болғанлықтан, мен оған үйленген едим.
13 Қудай маған әкемниң үйин қалдырып, еллерди гезиўди буйырғанда, мен өз ҳаялыма: «Маған жақсылық исле: қай жерге барсақ та, мени әжағам деп айт», – деп айтқан едим.
14 Сонда Абимелех Ибрайымға қой, сыйыр, қул ҳәм шорыларды саўғаға берди. Ол Сараны да қайтарып берди ҳәм
15 Ибрайымға былай деди: – Мениң жерлерим сениң көз алдыңда: қай жерди қәлесең, сол жерде жаса.
16 Ал Сараға былай деди: – Минекей, мен әжағаңа мың шекел* гүмис берип атырман. Бул жаныңдағы адамлар алдында сениң намысыңның таза екенин көрсететуғын дәлил болады. Ҳәмме сениң айыпсыз екениңди билсин.
17 Сонда Ибрайым Қудайға дуўа етти ҳәм Қудай Абимелехке, оның ҳаялына ҳәм шорыларына шыпа берди. Олар және туўатуғын болды.
18 Себеби Ибрайымның ҳаялы Сара себепли Жаратқан Ийе Абимелехтиң үйиндеги барлық ҳаялларды бала туўмайтуғын етип таслаған еди.


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.