Жаратылыс 23 bob

Сараның қайтыс болыўы

1 Сара бир жүз жигирма жети жыл өмир сүрди.
2 Ол Қанан жериндеги Кирят-Арбада, яғный ҳәзирги Хебронда қайтыс болды. Ибрайым Сара ушын жылап, аза тутты+.
3 Соңынан ол ҳаялының денесиниң қасынан шығып, хетлерге:
4 – Мен араңызда келгинди ҳәм жат адамман. Өз марҳумымды жерлеп, мазар қылыўым ушын, жериңизден маған аз-маз сатыңлар, – деди.
5 Хетлер Ибрайымға былай деп жуўап берди:
6 – Мырза, бизлерди тыңлаңыз. Сен бизлердиң арамыздағы күшли бир төресиз. Марҳумыңызды қәбирлеримиздиң ең жақсысына апарып қойыңыз. Марҳумыңызды қойыўыңыз ушын, бизлердиң ҳеш биримиз де қәбиримизди аямаймыз.
7 Сонда Ибрайым сол елдиң халқы болған хетлерге тәжим етип
8 былай деди: – Егер сизлер мениң өз марҳумымды жерлеўиме қайыл болсаңыз, онда мени тыңлап, мен ушын Сохардың улы Эфроннан өтиниш етиңлер.
9 Ол өз атызының шетиндеги Махпела үңгирин маған сатсын. Сол үңгирди мазарға айландырыўым ушын, мен сизлердиң алдыңызда үңгирдиң қунын толық төлеймен.
10 Хет халқынан болған Эфрон өз халқының арасында отырған еди. Ол қала дәрўазасының алдына жыйналған барлық хетлерге еситтирип, Ибрайымға:
11 – Яқ, мырзам, мени тыңлаң. Мен үңгирге қоса атызды да беремен. Мен өз халқымның алдында оны сизге беремен. Марҳумыңызды жерлей бериң, – деп жуўап берди.
12 Ибрайым сол жердиң халқының алдында тәжим етти ҳәм
13 ҳәммеге еситтирип, Эфронға: – Өтиниш, мени тыңлаңыз, атыз ушын ақша төлейин. Оны қабыл етиң. Мен марҳум ҳаялымды сол жерге жерлейин, – деди.
14 Сонда Эфрон Ибрайымға:
15 – Яқшы, мырзам, мени тыңлаң. Жердиң баҳасы төрт жүз шекел гүмис. Төрт жүз шекел гүмис туратуғын бир бөлек жер бизлердиң арамызда не болыпты? Марҳумыңызды жерлей бериң, – деп жуўап берди.
16 Ибрайым ыразы болып, Эфрон хетлердиң алдында еситтирип айтқан төрт жүз шекел гүмисти саўдада қолланылатуғын өлшем бойынша тәрезиге салып, өлшеп берди.
17 Солай етип, Мамреге жақын жердеги Махпелада орналасқан Эфронның атызы, ондағы үңгир ҳәм ол жерде өсип турған барлық тереклер
18 Ибрайымның меншигине айланды. Буған қала дәрўазасының алдына жыйналған барлық хетлер гүўа болды.
19 Соннан кейин, Ибрайым ҳаялы Сараны Қанан жериндеги Мамреге, яғный Хебронға жақын жердеги Махпела атызындағы үңгирге қойды.
20 Солай етип, хетлерден алынған атыз ҳәм ондағы үңгир мазар сыпатында Ибрайымның мүлкине айланды.


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.