Жаратылыс 25 bob

Ибрайымның өлими (1-11). Исмайылдың урпақлары (12-18). Яқып пенен Эсаўдың туўылыўы (19-26). Эсаўдың Яқыпқа туңғышлығын сатыўы (27-34). 

1 Ибрайым және Қатура деген ҳаялға үйленди.
2 Ол Ибрайымға Зимран, Иоқшан, Медан, Мидян, Ишбақ ҳәм Шуах атлы балаларды туўып берди.
3 Иоқшаннан Шеба менен Дедан туўылды. Деданның урпақларынан ашшур, летуш ҳәм леум халықлары келип шықты.
4 Мидянның уллары: Эфа, Эфер, Ханох, Абида ҳәм Элдаа. Булардың ҳәммеси Қатурадан тараған урпақлар еди+.
5 Ибрайым өзиниң барлық мал-мүлкин Ысаққа қалдырды.
6 Ал тоқалларының балаларына көзиниң тири ўақтында саўғалар берип, оларды Ысақтан узақластырып, шығыстағы жерлерге жиберди.
7 Ибрайым барлығы болып бир жүз жетпис бес жыл өмир сүрди.
8 Ол ғаррылық дәўранын сүрип, узақ жасады, қартайған шағында деми таўысылып, қайтыс болды ҳәм өз ата-бабаларына қосылды.
9 Уллары Ысақ ҳәм Исмайыл оны Мамреге жақын жердеги, хет халқынан болған Сохардың улы Эфронның атызындағы Махпела үңгирине қойды.
10 Ибрайым бул атызды хетлерден сатып алған еди. Солай етип, Ибрайым ҳәм оның ҳаялы Сара сол жерге қойылды+.
11 Ибрайымның өлиминен соң, Қудай оның улы Ысақты жарылқады. Ысақ Беер-Лахай-Роийдиң жанында жасайтуғын еди.
12 Сараның шорысы, мысырлы Ажардан туўылған Ибрайымның улы Исмайылдың шежиреси мынадай:
13 Исмайылдың улларының туўылыў тәртиби бойынша атлары мынадай: туңғыш улы Небайот, соң Кедар, Адбеел, Мибсам.
14 Мишма, Дума, Масса,
15 Хадад, Тема, Етур, Нафиш ҳәм Кедма+.
16 Исмайылдың уллары болған булар – он еки урыўдың көсеми болды. Усы он еки урыў ҳәм олардың аўыллары менен мәкан басқан жерлери олардың атлары менен аталды.
17 Исмайыл бир жүз отыз жети жасында деми таўысылып, қайтыс болды ҳәм өз ата-бабаларына қосылды.
18 Исмайылдың урпақлары Хаўила ҳәм Шур аралығындағы жерлерге мәкан басқан еди. Шур Ашшурға баратуғын жолда, Мысырға жақын жайласқан еди. Олар барлық туўысқанлары менен жаўласып өмир сүрди+.
19 Ибрайымның улы Ысақтың өмир тарийхы мынадай: Ибрайымнан Ысақ туўылды.
20 Ысақ Ребеккаға үйленгенде қырық жаста еди. Ребекка Паддан-Арамнан* болған арамлы Бетуелдиң қызы, арамлы Лабанның қарындасы еди.
21 Ысақ ҳаялы ушын Жаратқан Ийеге дуўа етти, өйткени ҳаялы перзентсиз еди. Жаратқан Ийе Ысақтың дуўасына жуўап берди ҳәм Ребекка ҳәмиледар болды.
22 Оның қурсағындағы балалар бир-бири менен төбелесе баслады. Сонда Ребекка: «Неге бундай болып атыр?» – деп Жаратқан Ийеден сорады.
23 Жаратқан Ийе оған былай деди: «Сениң қурсағыңда еки халық бар, Сеннен еки түрли халық бөлинип шығар, Бири екиншисинен күшлирек болып, Үлкени кишкенесине бағынышлы болар»+.
24 Ребекканың туўыў ўақты келгенде, қурсағында егиз уллардың бар екени мәлим болды.
25 Биринши туўылған улының денеси қызыл, териси тон сыяқлы жүнли еди. Сонлықтан оның атын Эсаў* деп қойды.
26 Кейин оның сыңары туўылды. Ол Эсаўдың табанын қолы менен услап шыққан еди. Сонлықтан оны Яқып* деп атады. Олар туўылғанда, Ысақ алпыс жаста еди.
27 Балалар өсип, ержетти. Эсаў дүзди сүйетуғын шебер аңшы, ал Яқып үйден шықпайтуғын тыныш адам болды.
28 Ысақ Эсаўды жақсы көретуғын еди, себеби оның аўлап әкелген аңларының гөшин жеўди унататуғын еди. Ал Ребекка Яқыпты жақсы көретуғын еди.
29 Бир күни Яқып аўқат писирип атырғанда, Эсаў дүзден шаршап, аш болып келди.
30 Ол Яқыпқа: – Маған мына қызыл аўқатыңнан бер, мен аш болып турман, – деди. Сол себепли ол Эдом* деп те аталды.
31 Яқып оған: – Дәслеп маған туңғышлығыңды сат! – деди+.
32 Эсаў оған: – Аштан өлейин деп турғанымда, туңғышлықтан маған не пайда? – деди.
33 Яқып: – Дәслеп маған ант бер! – деди. Сонда Эсаў Яқыпқа ант берип, өз туңғышлығын оған сатты.
34 Соннан кейин, Яқып Эсаўға нан ҳәм қызыл лобия сорпа берди. Эсаў ишип-жеп болып, орнынан турып кетти. Солай етип, Эсаў өз туңғышлығын писент етпеди+.


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.