Жаратылыс 27 bob

Ысақтың Яқыпқа пәтия бериўи (1-40). Яқыптың дайысы Лабанға қашыўы (41-46)

1 Ысақ қартайып, көзи көрмей қалды. Ол үлкен улы Эсаўды шақырып алып, оған: – Улым! – деди. – Ләббәй! – деп жуўап берди Эсаў.
2 Ысақ оған былай деди: – Мине, мен қартайып қалдым, қашан өлетуғынымды билмеймен.
3 Енди сен қуралларыңды: садақ ҳәм оқларыңды ал да, дүзге кетип, мен ушын бир аң аўлап кел.
4 Кейин мен жақсы көретуғын мазалы аўқат таярлап, маған алып кел. Мен оны жеп, өлмесимнен бурын саған пәтия берейин.
5 Ысақ улы Эсаўға бул сөзлерди айтып атырғанда, буны Ребекка еситип турған еди. Эсаў аң аўлап әкелиў ушын дүзге кеткенде,
6 Ребекка улы Яқыпқа былай деди: – Мен әкеңниң әжағаң Эсаўға айтқан гәпин еситип қалдым. Әкең оған:
7 «Маған бир аң аўлап әкелип, мазалы аўқат таярла. Мен оны жеп, өлмесимнен бурын саған Жаратқан Ийе алдында пәтия берейин», – деди.
8 Улым, енди мени дыққат пенен тыңлап алып, айтқанларымды исле:
9 сүриўге барып, ол жерден маған еки ылақты сайлап әкел. Мен олардан әкең жақсы көретуғын мазалы аўқат таярлайын.
10 Соңынан сен оны жеўи ушын әкеңе апарасаң. Сонда әкең өлмесинен бурын саған пәтиясын береди.
11 Яқып анасы Ребеккаға: – Бирақ әжағам Эсаўдың денесин жүн басқан, ал мениң денемде жүн жоқ.
12 Егер әкем мени сыйпалап көрсе не қыламан? Оны алдап атырғанымды билип қойса, пәтия орнына ғарғыс аламан-ғо, – деди.
13 Анасы оған: – Балам, саған келетуғын ғарғыс маған келсин. Сен мениң гәпиме кирип, ылақларды алып кел! – деди.
14 Сонда Яқып барып, ылақларды анасына әкелип берди. Анасы олардан Ысақ жақсы көретуғын мазалы аўқат таярлады.
15 Соңынан Ребекка үлкен улы Эсаўдың үйдеги ең жақсы кийимлерин алып, киши улы Яқыпқа кийгизди.
16 Оның қолларын ҳәм мойнының жүнсиз жерлерин ылақлардың териси менен орады.
17 Кейин өзи таярлаған мазалы аўқат пенен нанды улы Яқыптың қолына берди.
18 Солай етип, Яқып әкесиниң жанына келип: – Аға! – деди. Әкеси оған: – Ләббәй, улымның қайсы бирисең? – деди.
19 Яқып әкесине: – Мен сениң туңғыш улың Эсаўман. Мен сениң айтқаныңды иследим. Тикейип отырып, мен әкелген аңның гөшинен же. Солай етип, маған пәтияңды бер, – деди.
20 Ысақ улынан: – Қалайынша бунша тез таптың, улым? – деп сорады. Яқып әкесине: – Сениң Қудайың болған Жаратқан Ийе мениң жолымды берди, – деп жуўап берди.
21 Сонда Ысақ Яқыпқа: – Жақынырақ кел, улым. Сен ырасында да, улым Эсаўсаң ба ямаса ол емессең бе, соны билиў ушын сени бир сыйпалап көрейин, – деди.
22 Яқып әкеси Ысаққа жақынлады. Әкеси оны сыйпалап көрип: «Даўысы – Яқыптың даўысы, бирақ қоллары – Эсаўдың қоллары», – деп сөйленди.
23 Яқыптың қоллары әжағасы Эсаўдың қолларындай жүнли болғанлығы себепли, Ысақ оны танымады. Сонлықтан ол пәтиясын бермекши болып атырып,
24 және оннан: – Сен ырасында да, улым Эсаўмысаң? – деп сорады. – Аўа, Эсаўман, – деп жуўап берди Яқып.
25 Сонда Ысақ оған: – Улым өзиң әкелген аңның гөшин алып кел. Мен оны жеп, саған пәтиямды берейин, – деди. Яқып дәслеп аўқатты, кейин шарапты әкелип, әкесине берди. Әкеси аўқаттан жеп, шараптан ишти.
26 Соңынан Ысақ оған: – Жақынырақ келип, мени сүй, улым! – деди.
27 Яқып жақынырақ барып, әкесин сүйди. Ысақ оның кийимлеринен Эсаўдың ийисин сезди ҳәм Яқыпқа пәтиясын берип, былай деди: «Мине, улымның ийиси, Мегзер Жаратқан Ийе жарылқаған дала ийисине.
28 Берсин Қудай саған аспан шығын, Ҳәм жердиң өнимдар топырағын, Мол ғәлле ҳәм жүзим суўын.
29 Халықлар саған хызмет етсин, Миллетлер алдыңда бас ийсин. Бийлик ет туўысқанларыңның үстинен, Қаналасларың алдыңда бас ийсин. Сени ғарғайтуғынлар ғарғысқа ушырасын, Сени жарылқайтуғынлар жарылқансын».
30 Яқып Ысақтың пәтиясын ала сала, оның алдынан шығып баратырған ўақытта-ақ, әжағасы Эсаў аңнан қайтып келди.
31 Эсаў да мазалы аўқат таярлап, әкесине әкелди. Соңынан ол әкесине: – Аға! Тикейип отырып, мен әкелген аңның гөшинен же. Солай етип, маған пәтияңды бер, – деди.
32 Әкеси оннан: – Сен кимсең! – деп сорады. – Мен – сениң туңғыш улың Эсаўман, – деп жуўап берди ол.
33 Сонда Ысақ қатты шоршып, дирилдеп кетип: – Ҳаў, олай болса, маған аң аўлап әкелген ким еди? Сен келместен бурын, мен тап жаңа ғана аўқатты жеп, оған пәтиямды берген едим. Енди пәтия алған ол болады, – деди.
34 Эсаў әкесиниң сөзлерин еситкенде, ашшы даўыс пенен бақырып жылап: – Маған да пәтияңды бер, аға! – деди.
35 Бирақ әкеси оған: – Иниң ҳийлекерлик пенен келип, саған тийисли пәтияны алып кетти, – деди.
36 Сонда Эсаў әкесине: – Ол бийкарға Яқып деп аталмаған шығар! Ол мени еки рет алдады-ғо: дәслеп туңғышлығымды алды, ал енди маған тийисли пәтияны да алып кетти, – деди. Соңынан ол және: – Мен ушын ҳеш қандай пәтия қалдырмадың ба? – деп сорады.
37 Ысақ оған былай деп жуўап берди: – Мен иниңди сени бийлейтуғын қылдым, барлық туўысқанларын оған хызметши еттим. Оны ғәлле ҳәм жаңа шарап пенен тәмийинледим. Енди мен сен ушын не ислей аламан, улым?
38 Эсаў әкесине: – Аға! Сенде пәтия тек биреў ме? Маған да пәтияңды бер, аға! – деп дад салып жылай баслады.
39 Сонда Ысақ улына былай деп жуўап берди: «Сениң мәканың өнимдар топырақтан, Аспан шығынан жырақ болады.
40 Қылышыңның күши менен жасап, Иниңе хызмет етесең. Бирақ оған қарсы бас көтергениңде, Ол салған мойынтырықты ылақтырып таслайсаң».
41 Әкеси пәтиясын Яқыпқа бергени ушын, Эсаў иниси Яқыпты жек көрип қалды. Эсаў: «Әкемниң өлими шамаласты. Оны азалаў күнлери өткеннен кейин, иним Яқыпты өлтиремен», – деп ойлап жүрди.
42 Бирақ Ребекка үлкен улы Эсаўдың ойынан хабардар болғанда, киши улы Яқыпты шақыртып алып, оған былай деди: – Мине, әжағаң Эсаў сени өлтириўди ойлап, өзин жубатып жүрипти.
43 Енди улым, мениң сөзиме қулақ сал: ҳәзир-ақ Харанға, әжағам Лабанның жанына қашып кет.
44 Әжағаңның ашыўы басыламан дегенше, бир қанша ўақыт Лабанның жанында қал.
45 Әжағаңның ашыўы басылып, оған ислеген исиң есинен шыққаннан соң, мен биреўди жиберип, ол жерден сени алдыраман. Болмаса, мен бир күнде екеўиңизден де айырылып қаламан-ғо.
46 Кейин Ребекка Ысаққа: – Мына хет келинлеримиз мени жанымнан тойдырды. Егер Яқып та бул жердиң қызларына, хет қызларға үйленсе, онда маған жасаўдың неге кереги бар? – деди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16