Жаратылыс 3 bob
1 Қудай Ийе жаратқан жабайы ҳайўанлардың ишиндеги ең ҳийлекери жылан еди. Жылан ҳаялдан: – Ҳақыйқаттанда да, Қудай бағдағы ҳеш бир теректиң мийўесинен жемең деди ме? – деп сорады.
2 Ҳаял жыланға былай деп жуўап берди: – Бизлер бағдағы тереклердиң мийўелеринен жей аламыз.
3 Бирақ Қудай: «Бағдың ортасындағы теректиң мийўесинен жемең, оған қол тийгизбең, болмаса өлип қаласыз», – деген еди.
4 Жылан ҳаялға: – Яқ, ҳасла өлмейсиз!
5 Себеби сол теректиң мийўесинен жегениңизде көзлериңиз ашылып, жақсылық пенен жаманлықты билетуғыныңызды ҳәм Қудай сыяқлы болатуғыныңызды Қудай биледи, – деди.
6 аял теректиң мийўесиниң жеўге жақсы ҳәм көзге ысық екенин көрип, оннан билим алыўға болатуғынын билгенликтен, ҳәўеси келди. Сонлықтан ол мийўени үзип алып жеди ҳәм жанындағы күйеўине де берди. Күйеўи де жеди.
7 Сол ўақытта-ақ екеўиниң де көзлери ашылып, өзлериниң жалаңаш екенин билди. Олар әнжир ағашларының жапырақларын бир-бирине тигип, өзлери ушын жапқышлар иследи.
8 Олар күнниң ыссылығы қайтқан ўақытта, бағдың ишинде Қудай Ийениң жүргенин еситти ҳәм Оннан тасаланып, бағдағы тереклердиң арасына жасырынды.
9 Бирақ Қудай Ийе адамды даўыслап шақырып: – Қай жердесең? – деди.
10 Сонда адам: – Бағда жүргениңди еситкенимде қорқып кеттим. Өйткени жалаңаш едим, сонлықтан жасырындым, – деди.
11 Қудай Ийе адамнан: – Жалаңаш екенлигиңди саған ким айтты? Я болмаса, Мен жеме деп буйырған теректиң мийўесинен жедиң бе? – деп сорады.
12 Адам: – Сен маған берген ҳаял теректиң мийўесинен берди, мен де жедим, – деп жуўап берди.
13 Қудай Ийе ҳаялға: – Бул не қылғаның? – деди. Ҳаял: – Жылан мени алдады, сонлықтан мен жедим, – деди.
14 Сонда Қудай Ийе жыланға былай деди: – Сен бул исиң ушын барлық маллар ҳәм жабайы ҳайўанлар арасынан шетлетилип, нәлетий боласаң. Өмириң бойы жер баўырлап, топырақ жейсең.
15 Мен сениң менен ҳаялды, оның урпағы менен сениң урпағыңды бир-бирине душпан етип қояман. Оның урпағы сениң басыңды езеди, ал сен оның табанын шағасаң.
16 Соңынан Қудай Ийе ҳаялға: – Ҳәмиледарлық ўақтыңда аўыр азап шектиремен, қыйналып туўатуғын боласаң. Сен күйеўиңе қуштар боласаң, ол сени басқаратуғын болады, – деди.
17 Ал адамға былай деди: – Ҳаялыңның сөзин тыңлап, Мен жеме деп буйырған теректиң мийўесинен жегениң ушын, жер сен себепли нәлетленеди. Өмириң бойы аўыр мийнет етип, жерден азығыңды таўып жейтуғын боласаң.
18 Сен дала шөплерин аўқат етесең, жер сен ушын шеңгел ҳәм ошаған өсиреди.
19 Жерге қайтқаныңша, наныңды маңлай териңди төгип табатуғын боласаң. Өйткени сен топырақсаң, топырақтан жаратылғаның себепли және топыраққа айланасаң.
20 Адам өзиниң ҳаялын Ҳаўа* деп атады, себеби ол пүткил адамзаттың түп анасы болды.
21 Қудай Ийе Адам ҳәм оның ҳаялы ушын териден кийим ислеп, оларды кийиндирди.
22 Соңынан Қудай Ийе былай деди: «Мине, адам жаманлық пенен жақсылықты билип, Бизлердиң биримиз сыяқлы болды. Енди ол өмир терегине қолын созып, оның мийўесин алып жемесин ҳәм мәңгилик өмир сүрмесин».
23 Солай етип, өз денеси жаратылған топырақты тәрбиялаў ушын, Қудай Ийе адамды Эден бағынан шығарып жиберди. 24Ол адамды қуўып шығарып жиберди ҳәм өмир терегине баратуғын жолды қорғаў ушын Эден бағының шығыс тәрепине керубларды ҳәм ҳәр тәрепке айланып туратуғын отлы қылышты қойды.