Жаратылыс 30 bob

Яқыптың ҳийле менен байыўы

1 Раҳила Яқыпқа бала туўып бере алмағанлықтан, әжапасын қызғана баслады. Ол Яқыпқа: – Маған перзент бер, болмаса өлемен! – деди.
2 Яқыптың Раҳилаға ғәзеби қайнап: – Мен Қудай ма едим, сени аналық бахтынан маҳрум еткен? – деди.
3 Раҳила: – Мынаў мениң шорым Билҳа. Сен оның менен жат. Сонда ол бала туўып, етегиме салады ҳәм мен де ол арқалы балалы боламан, – деди.
4 Солай етип, Раҳила өз шорысы Билҳаны күйеўине ҳаяллыққа алып берди ҳәм Яқып оның менен жатты.
5 Билҳа ҳәмиледар болып, Яқыпқа бир ул туўып берди.
6 Сонда Раҳила: «Қудай мени ақлады. Ол дадымды еситип, маған бир ул берди», – деди ҳәм у қолына Дан деп атйды.
7 Раҳиланың шорысы Билҳа және ҳәмиледар болып, Яқыпқа екинши улын туўып берди.
8 Сонда Раҳила: «Мен әжапама қарсы уллы гүресте оны жеңдим», – деди ҳәм улына Нафталий деп ат қойды.
9 Леа өзиниң туўмай қалғанын көргенде, шорысы Зилпаны Яқыпқа ҳаяллыққа берди.
10 Леаның шорысы Зилпа да Яқыпқа бир ул туўып берди.
11 Сонда Леа: «Бул қандай бахыт!» – деди ҳәм улына Гад деп ат қойды.
12 Леаның шорысы Зилпа Яқыпқа екинши улын туўып берди.
13 Сонда Леа: «Мен қандай бахытлыман, енди ҳаяллар мени бахытлы деп атайды», – деди ҳәм улына Ашер деп ат қойды.
14 Рубен бийдай орағы ўақтында далаға барды. Ол далада мәргия шөплерди таўып, анасы Леаға әкелип берди. Сонда Раҳила Леаға: – Улыңның мәргия шөплеринен маған да бер, – деди.
15 Бирақ Леа оған: – Күйеўимди алғаның аз болғандай, енди улымның мәргия шөплерин де алмақшымысаң? – деди. Раҳила оған: – Мейли, улыңның мәргия шөплери есабынан күйеўим бул ақшам сениң менен жатсын, – деди.
16 Кешқурын Яқып даладан келгенде, Леа оны қарсы алыўға шықты ҳәм оған: «Бүгин мениң менен жатыўың керек, себеби мен сени улым таўған мәргия шөплерге алмастырдым», – деди. Солай етип, Яқып сол түни Леа менен жатты.
17 Қудай Леаның дуўасын еситип, ол ҳәмиледар болды ҳәм Яқыпқа бесинши улын туўып берди.
18 Сонда Леа: «Шорымды күйеўиме бергеним ушын, Қудай маған есесин қайтарды», – деди ҳәм улына Иссахар деп ат қойды.
19 Леа және ҳәмиледар болып, Яқыпқа алтыншы улын туўып берди.
20 Сонда Леа: «Қудай маған жақсы сый берди. Ендигиден былай, күйеўим мени қәдирлейтуғын болады, өйткени мен оған алты ул туўып бердим», – деди ҳәм улына Зебулон деп ат қойды.
21 Бир қанша ўақыттан соң, ол қыз туўып, атын Дина деп қойды.
22 Ақыры Қудай Раҳиланы еске алып, оның дуўасын еситти ҳәм оны туўатуғын қылды.
23 Раҳила ҳәмиледар болып, бир ул туўды. Ол: «Қудай мени шерменделигимнен қутқарды», – деди.
24 Соңынан ол тағы: «Жаратқан Ийе маған және бир ул берсин», – деп, улына Юсуп* деп ат қойды.
25 Раҳила Юсупти туўғаннан кейин, Яқып Лабанға былай деди: – Маған жуўап бериң, мен өз үйиме, өз жериме қайтайын.
26 Мен ҳаялларым менен балаларымды да бирге алып кетейин, себеби мен сизге олар ушын хызмет еткен едим-ғо. Мениң сизге қаншелли хызмет еткенимди өзиңиз билесиз.
27 Ал Лабан оған: – Аҳ, егер сениң кеўлиңди таба алғанымда ма еди?! Жаратқан Ийениң мени сен себепли жарылқағанын пал ашыў арқалы билдим.
28 Маған хызмет ҳақыңды айт, саған төлеймен, – деди.
29 Яқып оған: – Сизге қалай хызмет еткенимди ҳәм мениң арқамда малларыңыздың қандай болғанын билесиз.
30 Мен келместен бурын бар болған аз ғана малыңыз жүдә көбейип кетти. Мен келиўден Жаратқан Ийе сизди жарылқап баслады. Бирақ енди мен өз үйим ушын қашан мийнет етемен? – деди.
31 Лабан оннан: – Саған не берейин? – деп сорады. Яқып оған: – Маған ҳеш нәрсе бермең. Егер сиз мына шәртиме көнсеңиз, мен және сизиң сүриўлериңизге қарап, оларды баға беремен:
32 бүгин мен барлық сүриўлериңизди аралап шығып, қой-ешкилердиң ала ҳәм жағалларын, яғный қойлардың қараларын, ешкилердиң жағал ҳәм алаларын ажыратып қояйын. Олар мениң хызмет ҳақым болсын.
33 Кейин ала сиз мениң хызмет ҳақымды тексериў ушын келгениңизде, әдил екенимди билип аласыз. Ешкилеримнен қайсы бири жағал ҳәм ала болмаса, қойларымнан қайсы бири қара болмаса, урлық деп есаплансын.
34 Лабан оған: – Мейли, сен айтқандай болсын, – деди.
35 Деген менен, Лабан сол күни-ақ ала-шубар ҳәм жағал текелерди, үстинде ағы бар жағал ешкилерди ҳәм қара қойлардың ҳәммесин сүриўден айырып, өз улларының қараўына тапсырды.
36 Ол өзи менен Яқып арасындағы аралықты үш күнлик жол етип белгиледи. Ал Яқып Лабанның қалған малларын баға берди.
37 Яқып өзине ақ терек, бадам ҳәм шынар тереклеринен жас шыбықларды кесип алды. Олардың ишиндеги ағы көрингенше, қабықларын ала-ала етип қыршыды.
38 Соңынан ол қыршылған шыбықларды қой- ешкилердиң алдына, олар суў ишетуғын наўалардың ишине салып қойды. Қой-ешкилер суў ишиўге келгенде, сол жерде шағылысатуғын еди.
39 Олар шыбықлардың алдында шағылысқаннан кейин, олардан ала-шубар ҳәм жағал қозы-ылақлар туўылатуғын еди.
40 Яқып қозыларды айырып, қойларды Лабанның барлық ала-шубар ҳәм қара малларына қаратып қойды. Солай етип, ол өзи ушын сүриў пайда етип, оларды Лабанның малларына араластырмады.
41 Урғашылардың күшлилери күйге келген ўақытта, олар шыбықлардың алдында шағылыссын деп, Яқып шыбықларды олардың көз алдына, наўалардың ишине қоятуғын еди.
42 Бирақ әззи урғашылар күйге келген ўақытта, ол шыбықларды қоймайтуғын еди. Солай етип, әззи маллардан туўылғанлары Лабанға, күшлилеринен туўылғанлары Яқыпқа тийисли болды.
43 Усы жол менен Яқып ҳәдден зыят байып кетти. Оның сүриў-сүриў қой-ешкилери, шорылары ҳәм қуллары, түйе ҳәм ешеклери болды.


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.