Жаратылыс 33 bob
1 Яқып қарап, Эсаўдың төрт жүз адам менен киятырғанын көрди. Сонда Яқып балаларды Леаға, Раҳилаға ҳәм еки шорысына бөлип тапсырды.
2 Ол еки шорысы менен олардың балаларын алдына, Леаны ҳәм оның балаларын ортаға, Раҳила менен Юсупти ең соңына қойды.
3 Яқыптың өзи ҳәммесиниң алдына шығып, әжағасының жанына жеткенше, жерге дейин ийилип, жети рет тәжим етти.
4 Бирақ Эсаў Яқыпты қарсы алыў ушын жуўырып барды да, оны мойнынан қушақлап сүйди ҳәм олар екеўи де жылап жиберди.
5 Соңынан Эсаў қарап, ҳаяллар менен балаларды көрди ҳәм Яқыптан: – Жаныңдағы бул адамлар кимлер? – деп сорады. Яқып оған: – Булар Қудайдың сизиң қулыңызға сыйлаған балалары, – деп жуўап берди.
6 Сонда шорылар ҳәм олардың балалары жақынлап келип, тәжим етти.
7 Кейин Леа ҳәм оның балалары, ең ақырында Юсуп ҳәм Раҳила келип, оған тәжим етти.
8 Эсаў Яқыптан: – Жолда мен ушыратқан адамлар менен падаларды не мәнисте жибердиң? – деп сорады. Яқып оған: – Мырзамның кеўлин табыў ушын жибердим, – деп жуўап берди.
9 Бирақ Эсаў Яқыпқа: – Иним, мениң дүнья-малым көп, өзиңдики өзиңе буйырсын, – деди.
10 Яқып: – Яқ, егер маған кеўлиңиз толған болса, саўғамды қабыл етиң. Сизиң жүзиңизди көрип, Қудайдың жүзин көргендей болдым. Өйткени сиз мени жыллы жүзлилик пенен қарсы алдыңыз.
11 Өтиниш, сизге жиберген саўғаларымды қабыл етиң. Себеби Қудай маған жақсылық ислегенликтен, менде ҳәмме нәрсе бар, – деди. Яқып жалынып қоймағанлықтан, Эсаў саўғаларды қабыл етти.
12 Соңынан Эсаў: – Жүриңлер кетейик. Мен сениң алдыңда жүремен, – деди.
13 Бирақ Яқып оған: – Мырзам, өзиңиз билесиз, балаларым жас, қой ҳәм сыйырларым да төллеген. Егер малларды бир күн қатты айдасақ, ҳәммеси өлип қалады.
14 Мырзам, қулыңыздан алдын кете бериң. Мен малларымның ҳәм балаларымның жүрисине қарап, әсте-ақырын бара беремен. Солай етип, Сеирде мырзама жетип аламан, – деди.
15 Эсаў оған: – Жанымдағы адамлардың бир нешесин саған қалдырып кетейин, – деди. Бирақ Яқып: – Буның ҳәжети жоқ. Мырзамның маған кеўли толғанының өзи жеткиликли, – деди.
16 Солай етип, Эсаў сол күни Сеирге қайтып кетти.
17 Ал Яқып Суккотқа кетип, сол жерде өзи ушын үй, маллары ушын қоралар қурды. Сонлықтан сол жер Суккот деп аталды.
18 Соңынан Яқып Паддан-Арамнан Қанан жериниң Шехем қаласына аман-есен қайтып келип, қаланың сыртына шатырларын тикти.
19 Ол шатырларын тиккен усы жерди Шехемниң әкеси Хамордың улларынан жүз кесита гүмиске сатып алды.
20 Яқып ол жерде қурбанлық орын қурып, оны Эл-Элоҳе-Израил деп атады.