Жаратылыс 36 bob

Эсаўдың урпақлары (1-19). Сеирдиң урпақлары (20-30). Эдом патшалары (31-43)

1 Эсаўдың, яғный Эдомның шежиреси мынадай:
2 Эсаў мына қананлы қызларға үйленди: бириншиси хет халқынан болған Элонның қызы Ада, екиншиси хиў халқынан болған Сибонның ақлығы, Ананың қызы Оҳолибама.
3 Және де, ол Исмайылдың қызы, Небайоттың қарындасы Басематқа да үйленди.
4 Ада Эсаўға Элифазды, Басемат Реуелди,
5 Оҳолибама Еушты, Яламды ҳәм Қорахты туўып берди. Булар – Эсаўдың Қананда туўылған уллары еди.
6 Кейин Эсаў ҳаялларын, улларын, қызларын, үйиндеги барлық адамларын, ҳәмме малларын ҳәм Қананда арттырған пүткил мал-мүлкин алып, иниси Яқыптан бөлекленди де, басқа бир елге көшип кетти.
7 Олардың мал-мүлки соншелли көп болғанлықтан, олар енди бирге жасай алмады. Өзлери жасаған бул жерлер олардың малларына тарлық етип қалған еди.
8 Солай етип, Эсаў, яғный Эдом таўлы Сеир жерине орналасты.
9 Таўлы Сеир жеринде жасаўшы эдомлылардың түп атасы болған Эсаўдың шежиреси мынадай:
10 Эсаўдың улларының атлары: оның ҳаялы Ададан Элифаз, ал ҳаялы Басематтан Реуел туўылды.
11 Элифаздың уллары: Теман, Омар, Сефо, Гатам ҳәм Кеназ.
12 Эсаўдың улы Элифаздың тоқалы Тимна күйеўине Амалекти туўып берди. Булар – Эсаўдың ҳаялы Аданың ақлықлары.
13 Реуелдиң уллары: Нахат, Зерах, Шамма ҳәм Мизза. Булар – Эсаўдың ҳаялы Басематтың ақлықлары.
14 Сибонның ақлығы ҳәм Ананың қызы болған Оҳолибаманың күйеўи Эсаўға туўып берген уллары: Еуш, Ялам ҳәм Қорах.
15 Эсаўдың урпақларынан келип шыққан урыў бийлери мыналар: Эсаўдың туңғышы Элифаздың уллары: Теман бий, Омар бий, Сефо бий, Кеназ бий,
16 Қорах бий, Гатам бий ҳәм Амалек бий. Булар Эдом жеринде Элифаздың урпағынан шыққан бийлер болып, Аданың ақлықлары еди.
17 Эсаўдың улы Реуелдиң уллары: Нахат бий, Зерах бий, Шамма бий ҳәм Мизза бий. Булар Эдом жеринде Реуелдиң урпағынан шыққан бийлер болып, Эсаўдың ҳаялы Басематтың ақлықлары еди.
18 Эсаўдың ҳаялы Оҳолибаманың уллары: Еуш бий, Ялам бий ҳәм Қорах бий. Булар – Ананың қызы, Эсаўдың ҳаялы Оҳолибамадан тараған бийлер еди.
19 Булардың ҳәммеси Эсаўдың, яғный Эдомның уллары ҳәм урыў бийлери.
20 Эдом жеринде жасаған хор халқынан болған Сеирдиң уллары мыналар: Лотан, Шобал, Сибон, Ана,
21 Дишон, Эсер ҳәм Дишан. Булар – Сеирдиң уллары болып, Эдом жеринде хор халқының урыў бийлери еди.
22 Лотанның уллары: Хорий ҳәм Ҳемам. Тимна Лотанның қарындасы еди.
23 Шобалдың уллары: Алўан, Манахат, Эбал, Шефо ҳәм Онам.
24 Сибонның уллары: Айя ҳәм Ана. Әкеси Сибонның ешеклерин бағып жүрип, шөлде ыссы булақ тапқан усы Ана еди.
25 Ананың балалары: Дишон ҳәм қызы Оҳолибама.
26 Дишонның уллары: Хемдан, Эшбан, Итран ҳәм Керан.
27 Эсердиң уллары: Билҳан, Зааўан ҳәм Ақан.
28 Дишанның уллары: Ус ҳәм Аран.
29 Хор халқының урыў бийлери мыналар: Лотан бий, Шобал бий, Сибон бий, Ана бий,
30 Дишон бий, Эсер бий ҳәм Дишан бий. Булар – Сеир жериндеги хор халқының урыў бийлери еди.
31 Израилда патша болмастан бурын, Эдом елинде төмендеги патшалар ҳүкимдарлық етти:
32 Беор улы Бела Эдом патшасы болды. Оның қаласының аты Динҳаба еди.
33 Бела өлгеннен кейин, оның орнына Босра қаласынан болған Зерахтың улы Иобаб патша болды.
34 Иобаб өлгеннен соң, теманлылардың жеринен Хушам патша болды.
35 Хушам өлгеннен соң, Моаб елинде мидянлыларды қыйратқан, Бедадтың улы Ҳадад патша болды. Оның қаласының аты Аўит еди.
36 Ҳадад өлгеннен соң, оның орнына Масреқадан болған Самла патша болды.
37 Самла өлгеннен соң, оның орнына дәрья бойындағы Рехоботтан болған Шаул патша болды.
38 Шаул өлгеннен соң, оның орнына Ахбордың улы Баал-Ханан патша болды.
39 Ахбордың улы Баал-Ханан өлгеннен соң, оның орнына Ҳадар патша болды. Ол Пау қаласынан болып, оның ҳаялы Матредтиң қызы, Мезаҳабтың ақлығы Меҳетабел еди.
40 Тийрелерине ҳәм жерлерине қарай Эсаўдың урпағынан келип шыққан бийлердиң атлары мынадай: Тимна бий, Алўа бий, Етет бий,
41 Оҳолибама бий, Эла бий, Пинон бий,
42 Кеназ бий, Теман бий, Мибсар бий,
43 Магдиел бий ҳәм Ирам бий. Булар – өзлери ийелик еткен үлкеде жасаған жерлерине өзлериниң атларын берген Эдом бийлери еди. Эдомлылардың түп бабасы – Эсаў еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16