Жаратылыс 37 bob

Юсуптиң түслери (1-11). Юсуптиң қуллыққа сатылыўы (12-36)

1 Яқып әкеси келгинди болып жасаған Қанан жеринде жасай берди.
2 Яқыптың урпақларының тарийхы төмендегише: Юсуп он жети жасар ўақтында әжағаларына, яғный әкесиниң ҳаяллары Билҳа менен Зилпаның улларына қой-ешкилерди бағысатуғын еди. Ол әкесине әжағаларының жаман ислери ҳаққында жеткизип туратуғын еди.
3 Израил Юсупти басқа барлық улларынан гөре көбирек жақсы көрди, өйткени ол Израилдың қартайған шағында көрген улы еди. Әкеси Юсупке нағыслы шапан тиккизип берди.
4 Юсуптиң әжағалары әкесиниң оны өзлеринен гөре көбирек жақсы көретуғынын билгенде, оны жек көрип қалды ҳәм енди оның менен жыллы сөйлесе алмайтуғын болды.
5 Бир күни Юсуп түс көрди. Ол өз түсин әжағаларына айтып бергенде, олар Юсупти бурынғыдан да бетер жек көрип қалды.
6 Юсуп әжағаларына: – Мен көрген түсимди айтып берейин, тыңлаңлар!
7 Түсимде бизлер атызда дәстелерди баўлап атырған екенбиз. Бирден мениң баўлаған баўым жерден көтерилип, тик турды. Ал сизлердиң баўларыңыз мениң баўымды дөгереклеп, оған тәжим етти, – деди.
8 Юсуптиң әжағалары оған: – Сен еле бизлердиң үстимизден патша болып, бизлерди басқармақшымысаң? – деди. Көрген түсин айтқаны себепли әжағалары оны бурынғыдан да бетер жек көрип қалды.
9 Кейин Юсуп тағы бир түс көрди ҳәм оны да әжағаларына айтып берип былай деди: – Тыңлаңлар, мен және бир түс көрдим. Түсимде қуяш, ай ҳәм он бир жулдыз маған тәжим етип атырған екен.
10 Юсуп бул түсин әкесине де айтып бергенде, әкеси оған кейип: – Сен қандай түс көрдиң өзи? Сонда не мен, анаң ҳәм әжағаларың алдыңа келип, жерге дейин ийилип, тәжим етемиз бе? – деди.
11 Әжағалары Юсупке қызғаныш пенен қараўды даўам етти, бирақ әкеси оның сөзлерин есинде сақлап қалды.
12 Бир күни Юсуптиң әжағалары әкесиниң қой-ешкилерин бағыў ушын Шехемге кетти.
13 Израил Юсупке: – Әжағаларыңның Шехемде қой-ешкилерди бағып атырғанын билесең. Бар, мен сени оларға жиберейин, – деди. – Яқшы, – деди Юсуп.
14 Әкеси оған: – Барып, әжағаларыңның ҳәм сүриўдиң жағдайын билип қайт, – деп оны Хеброн ойпатлығынан Шехемге жиберди. Юсуп Шехемге жетип барып,
15 далада адасып жүргенде, бир адам оны көрип: – Не излеп жүрсең? – деп сорады.
16 Юсуп оған: – Мен әжағаларымды излеп жүрмен. Олардың қой-ешкилерди қай жерде бағып жүргенин билмейсиз бе? – деди.
17 Ол адам Юсупке: – Олар бул жерден кетип қалды. «Дотанға барамыз», дегенин еситип қалдым, – деди. Солай етип, Юсуп әжағаларының изинен кетип, оларды Дотаннан тапты .
18 Әжағалары Юсупти узақтан көрди ҳәм ол еле қасларына жетип келместен бурын, оны өлтириўге тил бириктире баслады.
19 Олар бир- бирине: – Әне, түс көргиш киятыр!
20 Келиңлер, оны өлтирип, бир суў сақланатуғын шуқырға таслайық. Соңынан оны жыртқыш ҳайўан жеп кетипти, деп айтамыз. Сонда оның көрген түслериниң не болатуғынын көремиз! – деди.
21 Рубен буны еситкенде, Юсупти олардың қолынан қутқармақшы болып, оларға: – Оны өлтирмейик.
22 Қан төкпейик, оны усы шөлдеги бир суў сақланатуғын шуқырға таслайық, бирақ өзине тиймейик, – деди. Оның нийети Юсупти қутқарып, әкесине қайтарыў еди.
23 Юсуп әжағаларының жанына келгенде, олар оның үстиндеги нағыслы шапанды шешип алып,
24 өзин бир суўсыз, бос шуқырға таслап жиберди.
25 Әжағалары аўқатланыў ушын жайғасып отырғанда, Гилад тәрептен киятырған исмайыллылардың кәрўанын көрди. Олар түйелерине ҳәр түрли хош ийисли шайырларды жүклеп, Мысырға кетип баратыр еди.
26 Яҳуда аға-инилерине: – Инимизди өлтирип, оның қанын жасырғанымыздан не пайда?
27 Жақсысы, оны исмайыллыларға сатайық, сонда қолымыз оның қанына былғанбайды. Себеби ол бизлер менен қаны бир туўысқанымыз-ғо, – деди. Туўысқанлар буған ыразы болды.
28 Мидянлы саўдагерлер, яғный исмайыллылар сол жерден өтип баратырғанда, әжағалары Юсупти шуқырдан шығарып алды да, оны сол саўдагерлерге жигирма шекел гүмиске сатып жиберди. Олар Юсупти Мысырға алып кетти.
29 Рубен шуқырға қайтып келгенде, Юсуптиң шуқырдың ишинде жоқ екенин көрип, қайғыдан кийимлерин жыртты.
30 Ол инилериниң жанына қайтып барып, оларға: – Бала ол жерде жоқ, енди мен не қыламан, – деди.
31 Сонда олар бир текени сойып, Юсуптиң нағыслы шапанын алып, оны текениң қанына былғады.
32 Соңынан шапанды әкесине жиберип: – Бизлер мынаны таўып алдық. Қара, бул улыңның шапаны емес пе? – деп соратты.
33 Яқып шапанды танып: – Аўа, бул – улымның шапаны! Оны жыртқыш ҳайўан жеп кетип, Юсуп тилким-тилким болған екен-ғо, – деди.
34 Яқып қайғыдан кийимин жыртып, аза кийимин кийип алды ҳәм улы ушын узақ ўақыт аза тутты.
35 Барлық ул-қызлары оған тәселле берсе де, ол жубанғысы келмей: «Мен улымның жанына, өлилер мәканына усы қайғым менен кетемен», – деп улын жоқлаўды даўам етти.
36 Сол арада мидянлылар Юсупти Мысырда фараонның сарай хызметшиси Потифарға сатып жиберди. Ол сақшылардың басшысы еди.


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.