Жаратылыс 41 bob

Юсуптиң фараонның түсин жорыўы (1-36). Юсуптиң Мысыр үстинен ҳүкимдар болыўы (37-57)

 

1 Арадан еки жыл өткенде, фараон түс көрди. Түсинде ол Нил дәрьясының жағасында тур екен.
2 Дәрьядан шырайлы ҳәм семиз, жети сыйыр шығып, қамыслықта отлай баслады.
3 Соңынан дәрьядан сықылсыз ҳәм арық жети сыйыр шығып, дәрьяның жағасындағы алдынғы сыйырлардың жанына барып турды.
4 Сықылсыз ҳәм арық сыйырлар шырайлы ҳәм семиз жети сыйырды жеп қойды. Сол ўақытта фараон оянып кетти.
5 Ол және уйықлап кетип, қайтадан түс көрди. Түсинде бир пақалда жети жақсы ҳәм толық масақ өсип тур екен.
6 Соңынан пуш ҳәм шығыс самалы кептирген жети масақ өсип шықты.
7 Бул пуш масақлар жақсы ҳәм толық масақларды жутып жиберди. Сол ўақытта фараон уйқысынан оянып кетип, буның түс екенин билди.
8 Азанда фараон тынышсызланып, Мысырдың барлық ўәлий руўханийлери менен данышпанларын шақыртып алды да, оларға көрген түслерин айтып берди. Деген менен, олардың ҳеш бири фараонның түслерин жорый алмады.
9 Сонда бас шарап қуйыўшы фараонға былай деди: – Бүгин мен өз айыбымды мойынлаўға мәжбүрмен.
10 Бир күни сиз өзиңиздиң қулларыңыз болған маған ҳәм бас нанбайға ашыўланып, бизлерди сақшылардың басшысының үйине, қамақханаға қаматқан едиңиз.
11 Бир күни түнде екеўимиз де түс көрдик. Ҳәр түстиң өзинше мәниси бар еди.
12 Сол жерде бизлер менен бирге сақшылардың басшысының қулы болған, бир еврей жигит бар еди. Бизлер түслеримизди оған айтып бергенимизде, ол жорып берди.
13 Ҳәмме нәрсе ол жорығандай болды: мен өз хызметиме қайттым, ал нанбай дарға асылды.
14 Сонда фараон Юсупке адам жиберип, оны тезлик пенен қамақханадан алдырды. Юсуп сақал-муртын алып, кийимлерин алмастырғаннан кейин, фараонның алдына келди.
15 Фараон Юсупке: – Мен бир түс көрдим, бирақ оны ҳеш ким жорый алмады. Еситиўимше, сен түс жорый алады екенсең, – деди.
16 Юсуп фараонға: – Түс жорыў мениң қолымда емес. Бирақ сизиң ийгилигиңиз ушын, Қудайдың Өзи жорыйды, – деди.
17 Сонда фараон Юсупке былай деди: – Түсимде Нил дәрьясының жағасында турған екенмен.
18 Сол ўақытта дәрьядан семиз ҳәм шырайлы жети сыйыр шығып, қамыслықта отлай баслады.
19 Соңынан дәрьядан арық, сықылсыз ҳәм ети сүйегине жабысқан жети сыйыр шықты. Мен пүткил Мысыр елинде бундай арық сыйырларды ҳеш көрмеген едим.
20 Сықылсыз ҳәм арық сыйырлар семиз сыйырларды жеп қойды.
21 Бирақ семиз сыйырлар олардың қарнына түссе де, ҳеш нәрсе болмағандай, арық сыйырлар бурынғысынша арық болып қала берди. Соннан кейин, мен оянып кеттим.
22 Кейин мен басқа түс көрдим. Түсимде бир пақалда толық ҳәм жақсы жети масақ өсип шыққанын көрдим.
23 Соңынан пуш, жиңишке ҳәм шығыс самалы кептирген жети масақ өсип шықты.
24 Жиңишке масақлар жақсы жети масақты жутып жиберди. Мен түслеримди ўәлий руўханийлерге айтып бердим, бирақ олардың ҳеш бири жорый алмады.
25 Юсуп фараонға былай деди: – Фараон, сизиң еки түсиңиз де бир мәнисти аңлатады. Қудай не ислейжағын сизге билдирипти.
26 Жети шырайлы сыйыр – жети жыл. Жети жақсы масақ та – жети жыл. Бул түслердиң мәниси бир.
27 Олардан соң шыққан арық ҳәм сықылсыз жети сыйыр менен шығыс самалы кептирген жети жиңишке масақ жети жыл ашлық болатуғынын билдиреди.
28 Мен жаңа айтқанымдай, Қудай не ислейжағын сизге көрсетипти.
29 Пүткил Мысыр жеринде жети жыл молшылық болады.
30 Ал оннан кейин болса, молшылық жылларын умыттыратуғын жети жыл ашлық болады. Бул ашлық жерди жүдетип жибереди.
31 Кейин болатуғын ашлық соншелли аўыр болғанлықтан, бурын болған молшылықты умыттырып жибереди.
32 Сизиң бир мәнистеги түсти еки рет көриўиңиздиң мәниси – Қудайдың анық қарар еткенин ҳәм буны тез арада иске асыратуғынын билдиреди.
33 Енди сиз ақыллы ҳәм дана бир адамды таўып, оған Мысырды басқарыўды тапсырың.
34 Және де, сиз ел үстинен қадағалаўшыларды тайынлап, Мысыр жериндеги молшылықтың жети жылында өнимниң бестен бир бөлегин жыйнатың.
35 Ол адамлар келешектеги молшылық жылларының пүткил азығын топлап, қалалардағы сизге тийисли телеклерге жыйнап сақласын.
36 Жети жыллық ашлық ўақтында бул ғәлле қорлары Мысырға азық болып, ел ашлықтан қырылмайды.
37 Бул усыныс фараонға ҳәм оның барлық хызметкерлерине мақул түсти.
38 Фараон хызметкерлерине: – Бизлер Қудайдың Руўхына ийе болған бул адамнан басқа биреўди таба аламыз ба? – деди.
39 Соңынан ол Юсупке былай деди: – Қудай булардың ҳәммесин саған ашып берген екен, демек, сеннен ақыллы ҳәм дана адам болмағаны.
40 Мен сарайымды басқарыўды саған тапсыраман, пүткил халқым сениң буйрықларыңа қулақ асатуғын болады. Мен тахтым менен ғана сеннен үстин боламан.
41 Ҳәзирден баслап, мен сени пүткил Мысыр үстинен ҳүкимдар етип тайынлайман.
42 Соңынан фараон бармағындағы мөр жүзигин шешип алып, Юсуптиң бармағына тақты. Оған ҳасыл зығыр шапан кийгизип, мойнына алтын шынжыр тақты.
43 Фараон Юсупти өзинен кейинги екинши дәрежели арбаға миндирип, оның алдында: «Тәжим етиңлер!» – деп жар салыўды буйырды. Солай етип, фараон Юсупти пүткил Мысыр ели үстинен ҳүкимдар етип қойды.
44 Соңынан фараон Юсупке және: – Фараон – мен боламан, бирақ сениң рухсатыңсыз пүткил Мысырда ҳеш ким тырп ете алмайды, – деди.
45 Фараон Юсупке Сафнат-Панеах деген ат қойып, оны Он қаласындағы руўханий Потифераның қызы Асенатқа үйлендирди. Солай етип, Юсуп Мысыр елин аралап шықты.
46 Юсуп Мысыр патшасы фараонның хызметине тайынланғанда отыз жасында еди. Юсуп фараонның алдынан кетип, пүткил Мысыр жерин аралаўға шықты.
47 Жети жыллық молшылық ўақтында жер мол өним берди.
48 Юсуп Мысырда жети жыл ишинде өнген өнимлердиң ҳәммесин жыйнап, қалаларда сақлады. Ҳәр бир қала әтирапындағы атызларда өнген өнимлерди сол қалаға жыйнап қойды.
49 Юсуп теңиз қумындай мол ғәлле жыйнағанлықтан, оны өлшеўди тоқтатты. Өйткени ғәлле өлшеп болмайтуғын дәрежеде көп еди.
50 Ашлық жыллары басланбастан бурын Он қаласының руўханийи Потифераның қызы Асенат Юсупке еки ул туўып берди.
51 Юсуп: «Қудай маған барлық қыйыншылықларымды ҳәм әкемниң үйин умыттырды», – деп, туңғыш улының атын Менашше деп қойды.
52 Юсуп екинши улын Эфрайым* деп атап: «Қыйыншылық көрген елимде Қудай мени өсип- өндирди», – деди.
53 Мысырда жети жыллық молшылық та тамамланды.
54 Юсуптиң айтқанындай, жети жыллық ашлық басланды. Ҳәмме еллерде ашлық болса да, пүткил Мысыр елинде азық-аўқат болды.
55 Пүткил Мысыр ели аш бола баслағанда, халық фараонға жалбарынып, нан сорады. Сонда фараон оларға: «Юсупке барыңлар, ол сизлерге не десе, соны ислеңлер», – деди.
56 Ашлық пүткил елди жайлап алғанда, Юсуп телеклерди ашып, мысырлыларға ғәлле сата баслады. Себеби Мысырда ашлық ҳәўиж алған еди.
57 Юсуптен ғәлле сатып алыў ушын, Мысырға барлық еллерден адамлар келетуғын еди. Өйткени пүткил жер жүзинде ашлық күшейген еди.


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.