Жаратылыс 42 bob
1 Яқып Мысырда ғәлле бар екенин билгенде, улларына: – Неге бир-бириңизге қарап отырсызлар?
2 Мен Мысырда ғәлле бар екенин еситтим. Өлмей тири қалыўымыз ушын, сизлер ол жаққа барып, ғәлле сатып алып келиңлер, – деди.
3 Солай етип, Юсуптиң он әжағасы ғәлле сатып алыў ушын, Мысырға кетти.
4 Бирақ Яқып Юсуптиң иниси Беняминди олар менен бирге жибермеди. Себеби ол улының бир бәлеге жолығыўынан қорқатуғын еди.
5 Солай етип, ғәлле сатып алыўға келгенлер менен бирге Израилдың уллары да Мысырға келди. Өйткени Қанан жеринде де ашлық болып атырған еди.
6 Юсуп Мысыр елиниң басшысы болып, елдеги пүткил халыққа ғәлле сататуғын еди. Сонда Юсуптиң ағалары келип, оның алдында маңлайлары жерге тийгенше ийилип, тәжим етти.
7 Юсуп ағаларын көрип, оларды таныды. Бирақ өзин оларды танымайтуғындай қылып көрсетип, қатал сөйледи ҳәм олардан: – Қаяқтан келдиңлер? – деп сорады. Олар Юсупке: – Бизлер азық-аўқат сатып алыў ушын, Қанан жеринен келдик, – деп жуўап берди.
8 Юсуп ағаларын таныса да, ағалары оны танымады.
9 Юсуп олар ҳаққында көрген түслерин еслеп, оларға: – Сизлер жансызларсыз! Бул елдиң ҳәлсиз жерлерин билиў ушын келгенсизлер, – деди.
10 Олар Юсупке: – Яқ, мырзамыз! Сизиң қулларыңыз болған бизлер азық-аўқат сатып алыў ушын келдик.
11 Бизлер ҳәммемиз бир әкениң улларымыз. Сизиң қулларыңыз болған бизлер ҳадал адамлармыз, жансыз емеспиз, – деди.
12 Юсуп оларға және: – Яқ, сизлер елдиң ҳәлсиз жерлерин билиў ушын келгенсизлер, – деди.
13 Олар: – Сизиң қулларыңыз болған бизлер он еки туўысқанбыз. Ҳәммемиз Қанан жеринде жасайтуғын бир әкениң улларымыз. Ең кишкенемиз ҳәзир әкемиздиң жанында, ал басқа биреўи жойтылып кетти, – деди.
14 Юсуп оларға былай деди: – Әне, айтқанымдай, сизлер жансызларсыз.
15 Енди сизлер сынаўдан өтесиз. Егер генже иниңиз бул жерге келмесе, фараонның басы менен ант ишемен, сизлер бул жерден кетпейсизлер.
16 Араңыздан бириңизди жибериң, ол барып, иниңизди алып келсин. Ал қалғанларыңыз қамақта турасызлар. Сөзлериңиздиң ҳақыйқат ямаса жалған екенлигин тексерип көремиз. Егер сөзлериңиз жалған болса, фараонның басы менен ант ишемен, сизлер жансызларсыз.
17 Солай етип, Юсуп ағаларын үш күнге қаматып қойды.
18 Үшинши күни оларға: – Мен Қудайдан қорқатуғын адамман. Егер сизлер былай ислесеңиз, бир қасық қаныңыздан кешемен:
19 өзлериңиздиң ҳадал адамлар екенлигиңизди дәлиллеўиңиз ушын, араңыздағы бириңиз қамақта қалсын, ал қалғанларыңыз аш қалған хожалықларыңыз ушын ғәлле алып кетиңлер.
20 Соңынан кишкене иниңизди маған алып келиңлер. Сонда сөзлериңиздиң ҳақыйқый екенлиги дәлилленип, өлимнен аман қаласызлар, – деди. Олар буған келисим берди.
21 Олар бир-бирине: «Шынында да, бизлер инимизге ислеген исимиз ушын жазаланып атырмыз. Ол бизлерге жалбарынғанда, оның қалай қыйналғанын көрсек те, оны тыңламадық. Сол себептен бизлердиң басымызға да усы қыйыншылық түсти», – дести.
22 Рубен оларға: – «Балаға жаманлық ислемеңлер», – деп сизлерге ескертпеген бе едим? Бирақ сизлер тыңламадыңлар. Мине, ҳәзир оның қанының қуны бизлерден талап етилип атыр, – деди.
23 Юсуптиң өзлерин түсинетуғынын ағалары билмеди, себеби Юсуп олар менен дилмаш арқалы сөйлескен еди.
24 Юсуп ағаларының жанынан кетип, жылап жиберди. Соңынан қайтып келип, олар менен сөйлести ҳәм араларынан Шимонды тутқынға алып, басқаларының көз алдында байлатып қойды.
25 Юсуп ағаларының қапларын ғәллеге толтырыўды, гүмислерин ҳәр бириниң қабына қайтарып салыўды ҳәм жол азығын бериўди буйырды. Айтылған сөз орынланды.
26 Юсуптиң ағалары ғәллелерин ешеклерине артып, жолға түсти.
27 Түнеген жеринде олардың биреўи ешегине жем берейин деп қаптың аўзын ашты ҳәм өзиниң гүмисиниң қаптың аўзында турғанын көрди.
28 Ол туўысқанларына: – Гүмисимди қайтарып берипти. Мине, ол қабымның ишинде екен, – деди. Сонда олардың жүреклери суўлап, қалтырасып, бир-бирине: – Қудайдың бизлерге бул не қылғаны? – деди.
29 Олар Қананға, әкеси Яқыпқа қайтып келип, басларынан кеширгенлериниң ҳәммесин айтып берип, былай деди:
30 – Сол елдиң басшысы бизлер менен қатал сөйлесип, бизлерди елге келген жансызлар деп есаплады.
31 Бизлер оған: «Бизлер ҳадал адамлармыз, жансызлар емеспиз.
32 Бизлер он еки туўысқан болып, бир әкениң улларымыз. Бир инимиз жойтылып кетти, ал кишкене инимиз ҳәзир Қананда, әкемиздиң жанында қалды», – дедик.
33 Сол елдиң басшысы бизлерге: «Сизлердиң ҳадал адамлар екенлигиңизди мен мынадан билемен: туўысқаныңыздың биреўин қасымда қалдырың да, ал қалғанларыңыз аш қалған хожалықларыңыз ушын ғәлле алып, кете бериңлер.
34 Ал генже иниңизди маған алып келесизлер. Мен сонда сизлердиң жансыз емес, ал ҳадал адамлар екенлигиңизди билемен ҳәм туўысқаныңызды сизлерге қайтарып беремен. Сонда сизлер бул елде саўда ислей аласызлар», – деди.
35 Олар қапларын босатып атырып, ҳәр қайсысы өз қабының ишинен түйиўли гүмисин таўып алды. Түйиўли гүмислерин көргенде, олардың өзлери де, әкеси де қорқып кетти.
36 Сонда Яқып улларына: – Сизлер мени перзентлеримнен айырдыңлар: Юсуп жоқ, Шимон жоқ, енди Беняминди де алып кетпекшисизлер. Маңлайым буншелли қара болмаса! – деди.
37 Рубен әкесине: – Егер мен Беняминди қайтарып әкелмесем, мениң еки улымды өлтире ғой. Беняминди маған тапсыр, мен оны саған қайтарып әкелемен, – деди.
38 Бирақ Яқып: – Улымды сизлер менен жибермеймен, өйткени ағасы өлип, ол жалғыз қалды. Егер ол жолда бир бәлеге жолықса, сизлер мениң ғарры басымды сол қайғы менен өлилер мәканына жибересизлер, – деди.