Жаратылыс 43 bob

Беняминниң Мысырға алып барылыўы (1-14). Юсуптиң туўысқанларын екинши рет көриўи (14-34)

1 Қанан жериндеги ашлық күшли еди.
2 Мысырдан алып келинген ғәлле таўысылғаннан кейин, Яқып улларына: – Және барып, аз-маз азық-аўқат сатып әкелиңлер, – деди.
3 Яҳуда әкесине былай деди: – Ол адам бизлерге: «Егер иниңиз сизлер менен бирге келмесе, көзиме көринбеңлер», – деп қатаң айтқан еди.
4 Егер инимизди бизлер менен бирге жиберсең, барып, саған азық-аўқат алып келемиз.
5 Егер жибермесең, бизлер бара алмаймыз, себеби ол адам: «Иниңиз сизлер менен бирге келмесе, көзиме көринбең», – деген еди.
6 Израил: – Не ушын сизлер ол адамға және бир иниңиздиң бар екенин айтып, мениң басымды бәлеге қойдыңыз? – деди.
7 Олар әкесине: – Ол адам бизлерден өзлеримиз ҳәм туўысқанларымыз ҳаққында шуқлап сорап: «Әкеңиз еле тири ме? Басқа туўысқаныңыз бар ма?» – дегенде, бизлер оның сораўларына жуўап бердик. Оның бизлерге: «Иниңизди алып келиң», – деп айтатуғынын қаяқтан билиппиз? – деди.
8 Яҳуда әкеси Израилға: – Баланы мениң менен жибер, кетейик. Сонда сен де, бизлер де, балаларымыз да өлмей, тири қаламыз.
9 Мен бала ушын басым менен жуўап беремен, оны меннен талап етесең. Егер мен оны алдыңа қайтарып әкелмесем, онда бир өмир сениң алдыңда айыпкер боламан.
10 Егер ўақытты соза бермегенимизде, ҳәзирге дейин еки рет барып келген болар едик, – деди.
11 Ақырында Израил улларына былай деди: – Мейли, онда былай ислең: өзлериңиз бенен бирге бул жердиң ең жақсы өнимлеринен алып, ол адамға саўғаға аз-маз бальзам, аз-маз пал ҳәм хош ийисли шайыр, ладан, писте, бадам алып барыңлар.
12 Қапларыңыздың аўзында қайтып келген гүмислерди қайтарып бериўиңиз ушын, еки есе гүмис алып кетиңлер. Мүмкин, алжасық болған шығар.
13 Иниңизди алып, сол адамға қайтып барыңлар.
14 Қүдирети күшли Қудай ол адамның жүрегине сизлерге деген реҳим берсин, ол сизлердиң сол туўысқаныңыз бенен Беняминди сизлерге қайтарып берсин. Ал маған келсек, егер мен баласыз қалатуғын болсам, мейли, баласыз қала қояйын.
15 Солай етип, туўысқанлар саўғаларды, еки есе гүмисти ҳәм Беняминди алып, Мысырға қарай жолға шықты ҳәм Юсуптиң алдына келди.
16 Юсуп олардың жанындағы Беняминди көргенде, өзиниң үй басқарыўшысына: – Бул адамларды мениң үйиме алып бар да, мал сойып, аўқат таярла. Өйткени олар түски аўқатты мениң менен бирге жейди, – деди.
17 Үй басқарыўшысы Юсуптиң айтқанындай ислеп, оларды Юсуптиң үйине алып барды.
18 Туўысқанлар өзлериниң Юсуптиң үйине апарылғанын көргенде қорқып кетип, бир-бирине: «Бурын қапларымызға қайтарып салынған гүмисти сылтаўлап, ол бизлерди усы жерге алып келген шығар. Ол бизлерге топылып, өзлеримизди қул етпекши ҳәм ешеклеримизди тартып алмақшы шығар», – дести.
19 Олар қапының кирер аўзында Юсуптиң үй басқарыўшысына жақынлап барып:
20 – Мырзамыз, бизлер буннан алдын азық-аўқат сатып алыў ушын бул жерге келген едик.
21 Қайтарсын түнеген жеримизде қапларымызды ашып қарағанымызда, ҳәр биримиз гүмисимиздиң басы бузылмай, қаптың аўзында турғанын көрип, ҳайран қалдық. Бизлер оны қайтарып алып келдик.
22 Буннан тысқары, бизлер азық-аўқат сатып алыў ушын қосымша гүмис алып келдик. Ал сол гүмисимизди қапларымызға ким салып қойғанын бизлер билмеймиз, – деди.
23 Үй басқарыўшысы: – Қәўетерленбеңлер ҳәм қорқпаңлар. Қапларыңыздағы бул ғәзийнени сизлердиң ҳәм әкеңиздиң Қудайы қапларыңызға салып кетипти. Мен гүмисиңизди алдым, – деди. Соңынан ол Шимонды олардың алдына алып келди.
24 Үй басқарыўшы оларды Юсуптиң үйине алып келип, аяқларын жуўыў ушын суў ҳәм ешеклерине жем берди.
25 Туўысқанлар түске, Юсуптиң келиўине саўғаларын таярлап қойды. Себеби өзлериниң сол жерде аўқатланатуғынын еситкен еди.
26 Юсуп үйге келгенде, олар саўғаларын ишке әкелип, Юсупке берди ҳәм оның алдында жерге дейин ийилип, тәжим етти.
27 Юсуп олардан ҳал-аўҳал сорап болғаннан кейин: – Өзлериңиз айтқан ғарры әкеңиз аман-саў жүр ме? Ол еле тири ме? – деди.
28 – Сизиң қулыңыз болған әкемиз аман-саў жүр, ол еле тири, – деп олар ҳүрмет пенен ийилип, тәжим етти.
29 Юсуп көз таслап, өзи менен бир анадан туўылған иниси Беняминди көргенде: – Бул маған айтқан генже иниңиз бе? – деп сорады ҳәм Беняминге: – Қудай саған мийримин түсирсин, улым, – деди де,
30 дәрҳал сол жерден шығып кетти. Өйткени туўысқанын көргенде, оның жүреги елжиреп кеткен еди. Юсуп бөлмесине кирип, сол жерде жылап алды.
31 Ол бетин жуўғаннан кейин сыртқа шықты да, өзин қолға алып: – Аўқат әкелинсин! – деп буйырды.
32 Юсупке бөлек, аға-инилерине бөлек ҳәм Юсуп пенен аўқатланып отырған мысырлыларға бөлек дастурхан жайылды. Себеби мысырлылар еврейлер менен бирге аўқат жемейтуғын еди, бул олар ушын мәкириў есапланатуғын еди.
33 Туўысқанлары Юсуптиң қарсы алдында үлкенинен кишисине дейин, жасы бойынша отырды. Олар таң қалысып, бир-бирине қарады.
34 Юсуптиң дастурханынан оларға аўқат жиберилди. Сонда Беняминниң пайы басқаларға қарағанда бес есе артық болды. Олар Юсуп пенен бирге ишип, кеўил көтерип отырды.


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.