Жаратылыс 49 bob

Яқыптың улларына пәтиясын бериўи (1-28). Яқыптың өлими (29-33)

1 Яқып улларын жанына шақырып алып, былай деди: – Жаныма жыйналыңлар, мен келешекте сизлерге не болатуғынын билдирейин.
2 Жыйналып қулақ салыңлар, Ҳәй, Яқып уллары, Тыңлаңыз әкеңиз Израилды!
3 Ҳәй сен, Рубен, мениң туңғышым, Еркеклик күшимниң дәслепки жемиси, Сен ҳүрмет ҳәм күш жағынан ең үстинсең.
4 Бирақ тасқаның ушын суў сыяқлы, Үстем болмайсаң ҳеш қашан енди. Өйткени кирдиң сен әкеңниң төсегине, Төсегиме кирип, ҳарамладың оны.
5 Ағайинли Шимон ҳәм Лебий, Қылышлары – жаўызлық қуралы.
6 Олардың жасырын жобасына шерик болмайын, Жыйынына да қатнаспайын мен. Себеби олар ашыўға минип, адам өлтирди, Кеўли күсегенин қылып, Кести буғалардың аяқ сиңирин.
7 Нәлет жаўсын олардың реҳимсиз ашыўына, Нәлет жаўсын олардың жаўыз ғәзебине! Оларды бөлип жиберип, Яқып халқының арасына, Тарқатаман Израил халқының арасына.
8 Ҳәй Яҳуда, туўысқанларың сени мақтайды. Қолың жаўыңның желкесинен түспейди, Туўысқанларың алдыңда бас ийеди.
9 Яҳуда, сен жас арыслансаң, Улым мениң! Аң аўлап қайттың, Жатасаң арыслан сыяқлы ширенип, Мазаңды алыўға кимниң батылы жетер?
10 Ҳақыйқый ийеси келгенге дейин, Патшалық ҳасасы алынбас сеннен. Бийлик бәрқулла сеники болып, Халықлар саған бойсынар.
11 Байларсаң ешегиңди жүзим ағашына, Гүрреңди мийўели шақасына. Жуўарсаң кийимлериңди шарапқа, Шапаныңды жүзимниң қанына.
12 Шараптан нурлы болар көзлериң, Сүттен ақ болар сениң тислериң.
13 Зебулон жасайды теңиз бойында, Кемелерге жағыс болар ол, Мәканлаған жери болар Сидонға шекем.
14 Жүклер арасында жатырған, Иссахар – бир күшли ешек.
15 Ол қашан дем алатуғын жақсы жер, Унайтуғын бир ел көрсе, Жүкти көтериў ушын ыйығын тутып, Ерксиз хызметшиге айланар.
16 Дан да Израилдың бир урыўы болып, Өз халқына қазылық етер.
17 Дан – жол шетиндеги жылан, Ол – соқпақта жатырған бир уўлы жылан. Ол аттың табанынан шаққанда, Атлыны шалқасына жығылтар.
18 Сениң қутқарыўыңды күтпектемен, Жаратқан Ийе!
19 Гад басқыншылар ҳүжимине ушырар, Бирақ олардың изинен қуўып, шабыўыл жасар.
20 Ашердиң азық-аўқаты тойымлы келер, Ол патшаға сай ләззетли тағам жетистирер.
21 Нафталий – бир азат суўын, Оннан әжайып балалар туўылар.
22 Юсуп – мийўели ағаш, Ол – булақ басындағы жемисли терек. Шақалары дийўалдан асып өтер,
23 Оған садақшылар реҳимсиз ҳүжим етти, Душпанларша үстине оқлар жаўдырды.
24 Бирақ Израилдың Қорғаўшы жартасы ҳәм Шопаны болған, Яқыптың Күшли Қудайының жәрдеминде, Қоллары оның қарыўлы ҳәм шаққан болды, Сонлықтан ол садағын беккем услады.
25 Әкеңниң Қудайы сени қоллап турар, Жоқарыдағы аспанның берекети менен, Жердеги терең булақлардың берекети менен, Көкирек сүти ҳәм ана қурсағының берекети менен, Қүдирети күшли Қудай сени жарылқар.
26 Әкеңниң берген пәтиялары, Уллырақ болар әййемги таўлардың берекетлеринен, Ески төбешиклер молшылығынан да. Пәтияларым туўысқанлары ишинен таңланған Юсупке қонсын!
27 Бенямин – аш қасқыр, Ол аўлаған аңын азанда жеп, Кеште олжаны бөлисер.
28 Израилдың он еки урыўы усылар. Әкеси оларға бул сөзлерди айтып, ҳәр бирине минәсип болған пәтияны берген еди.
29 Буннан кейин, Яқып улларына былай деп ўәсият етти: – Мен өлип, ата-бабаларыма қосылажақпан. Мени ата-бабаларымның жанына, хет халқынан болған Эфронның атызындағы үңгирге апарып қойыңлар.
30 Бул үңгир Қанан жеринде, Мамреге жақын жердеги Махпела атызында жайласқан. Оны Ибрайым хет халқынан болған Эфроннан мазар қылыў ушын сатып алған еди.
31 Ол жерге Ибрайым ҳәм оның ҳаялы Сара, Ысақ ҳәм оның ҳаялы Ребекка қойылған. Мен Леаны да сол жерге қойдым.
32 Бул атыз ҳәм ондағы үңгир хетлерден сатып алынған еди.
33 Яқып улларына бул ўәсият сөзлерин айтып болғаннан соң, төсегинде аяқларын жыйнап жатты да, деми таўысылып, өз ата-бабаларына қосылды.


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.