Жаратылыс 5 bob

Адам-атадан Нухқа дейинги урпақлар

1 Адамның шежиреси мынадай: Қудай адамды жаратқанда, оны Өзине уқсатып жаратты.
2 Оларды еркек ҳәм ҳаял қылып жаратты ҳәм сол күни оларды жарылқап, оларға «адам» деп ат қойды.
3 дам бир жүз отыз жасқа шыққанда, өзине уқсас, өзиниң бийнесиндей бир балалы болып, оған Шет деп ат қойды.
4 Шет туўылғаннан соң, Адам және сегиз жүз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
5 Адам барлығы болып тоғыз жүз отыз жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
6 Шет бир жүз бес жасқа шыққанда, улы Энош туўылды.
7 Энош туўылғаннан соң, Шет және сегиз жүз жети жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
8 Шет барлығы болып тоғыз жүз он еки жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
9 Энош тоқсан жасқа шыққанда, улы Кенан туўылды.
10 Кенан туўылғаннан соң, Энош және сегиз жүз он бес жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
11 Энош барлығы болып тоғыз жүз бес жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
12 Кенан жетпис жасқа шыққанда, улы Маҳалалел туўылды.
13 Маҳалалел туўылғаннан соң, Кенан және сегиз жүз қырық жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
14 Кенан барлығы болып тоғыз жүз он жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
15 Маҳалалел алпыс бес жасқа шыққанда, улы Еред туўылды.
16 Еред туўылғаннан соң, Маҳалалел және сегиз жүз отыз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
17 Маҳалалел барлығы болып сегиз жүз тоқсан бес жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
18 Еред бир жүз алпыс еки жасқа шыққанда, улы Ханох туўылды.
19 Ханох туўылғаннан соң, Еред және сегиз жүз жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
20 Еред барлығы болып тоғыз жүз алпыс еки жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
21 Ханох алпыс бес жасқа шыққанда, улы Метушелах туўылды.
22 Метушелах туўылғаннан соң, Ханох үш жүз жыл даўамында Қудай менен тығыз байланыста жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
23 Ханох барлығы болып үш жүз алпыс бес жыл жасады.
24 Ол Қудай менен тығыз байланыста жасады. Соңынан ол жер бетинен ғайып болды. Өйткени Қудай оны Өзиниң жанына алған еди.
25 Метушелах бир жүз сексен жети жасқа шыққанда, улы Ламех туўылды.
26 Ламех туўылғаннан соң, Метушелах және жети жүз сексен еки жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
27 Метушелах барлығы болып тоғыз жүз алпыс тоғыз жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
28 Ламех бир жүз сексен еки жасқа шыққанда, бир балалы болды.
29 Ол: «Жаратқан Ийениң нәлетлеген жери себепли шеккен азабымызды ҳәм мийнетимизди бул бала жеңиллетип, рәҳәт береди», – деп балаға Нух деп ат қойды.
30 Нух туўылғаннан соң, Ламех және бес жүз тоқсан бес жыл жасады. Оның басқа да уллары ҳәм қызлары болды.
31 Ламех барлығы болып жети жүз жетпис жети жыл өмир сүрип, қайтыс болды.
32 Нух бес жүз жыл жасағаннан соң, уллары Сам, Хам ҳәм Яфет туўылды.


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.