Жаратылыс 50 bob

Яқыптың жерлениўи (1-14). Юсуптиң ағаларына тәселле бериўи (15-21). Юсуптиң өлими (22-26)

1 Сонда Юсуп өзин әкесиниң үстине таслап, жылап турып, оны сүйди.
2 Ол өз хызметиндеги шыпакерлерге әкесиниң денесин мумиялаўды буйырды. Олар Израилды мумиялады.
3 Бул ис қырық күнге созылды. Себеби мумиялаўға сонша ўақыт керек еди. Мысырлылар Израил ушын жетпис күн аза тутты.
4 Азалаў күнлери өткеннен кейин, Юсуп фараонның ўәзирлерине: – Егер маған кеўлиңиз толған болса, фараонға мыналарды жеткизиңлер.
5 Әкем маған ант иштирип: «Мениң өлимим жақынласты. Мени Қанан жериндеги өзим ушын қаздырған қәбирге апарып қой», – деген еди. Енди фараон әкемди жерлеп қайтыўыма рухсат берсин, – деди.
6 Сонда фараон Юсупке: – Әкеңе берген антыңды орынлап, оны жерлеп қайт, – деди.
7 Солай етип, Юсуп әкесин жерлеўге кетти. Фараонның барлық хызметшилери, сарайдың ҳәм Мысыр елиниң басшылары оның менен бирге кетти.
8 Сондай-ақ, Юсуптиң пүткил хожалығы, туўысқанлары ҳәм әкесиниң үй-иши де оның менен бирге еди. Тек балаларды, майда ҳәм ири малларды Гошен жеринде қалдырды.
9 Саўаш арбалар ҳәм оның үстиндеги әскерлер де оларға қосылып, үлкен көшке айланды.
10 Олар Иордан дәрьясының шығысындағы Атад қырманына жетип барғанда, ўай-ўайлап жылап, даўыс шығарды. Юсуп әкеси ушын жети күн аза тутты.
11 Сол жерде жасайтуғын қананлылар Атад қырманындағы азалаў мәресимин көрип: «Мысырлылар қаншелли аўыр аза тутып атыр!» – дести. Сол себепли Иорданның шығысындағы бул жерге Абел-Мисрайым аты берилди.
12 Яқыптың уллары әкесиниң ўәсиятын толық орынлады.
13 Оның денесин Қанан жерине әкелип, Мамреге жақын жердеги Махпела атызындағы үңгирге қойды. Бул үңгирди Ибрайым хет халқынан болған Эфроннан мазар қылыў ушын атыз бенен бирге сатып алған еди.
14 Юсуп әкесин жерлеп болғаннан соң, оның өзи, туўысқанлары ҳәм оның менен бирге әкесин жерлеўге барғанлардың ҳәммеси Мысырға қайтты.
15 Әкеси өлгеннен кейин, Юсуптиң ағалары бир-бирине: «Егер Юсуп бизлерге еле де кек сақлап жүрген болып, оған ислеген жаманлықларымыз ушын бизлерден өш алмақшы болса не қыламыз?» – дести.
16 Солай етип, олар Юсупке мынадай хабар жоллады: «Әкемиз өлмесинен алдын ўәсият етип,
17 саған: „Ағаларыңның саған ислеген жаманлығын, олардың айып ҳәм гүнасын кешир“, – деп айтыўымызды тапсырған еди. Енди сен әкеңниң Қудайының қуллары болған бизлердиң гүнамызды кешир!» Юсуп бул хабарды еситкенде жылап жиберди.
18 Соннан кейин, ағаларының өзлери Юсупке келип, оның алдында жерге жығылып: – Бизлер сениң қулларыңбыз, – деди.
19 Бирақ Юсуп оларға: – Қорқпаңлар! Мен Қудай емеспен.
20 Сизлер маған жаманлық ойлаған едиңиз. Бирақ Қудай көп адамлардың өмирин сақлап қалыў ушын, ҳәзир өзлериңиз көрип турғаныңыздай, бул жаманлықты жақсылыққа айландырды.
21 Сонлықтан қорқпаңлар, мен сизлерди де, балаларыңызды да бағаман, – деди де, ағаларының жүрегине жағатуғын жыллы сөзлер айтып, оларға тәселле берди.
22 Солай етип, Юсуп ҳәм оның әкесиниң үй-иши Мысырда жасап қалды. Юсуп бир жүз он жыл жасады.
23 Юсуп Эфрайымның ақлық-шаўлықларын көрди. Ал Менашшениң улы Махирдиң улларын асырап алды.
24 Юсуп туўысқанларына: – Мениң өлимим жақынласты. Бирақ Қудай сизлерге сөзсиз нәзер салады. Ол сизлерди бул жерден алып шығып, Өзи Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа беремен деп ант ишкен жерине апарады, – деди.
25 Соңынан оларға ант иштирип: – Қудай сизлерге сөзсиз нәзер салады. Сонда сизлер мениң сүйегимди бул жерден алып кетиңлер, – деди.
26 Юсуп бир жүз он жасқа шығып қайтыс болды. Оның денесин мумиялап, Мысырда бир табытқа салып қойды.


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.