Жаратылыс 6 bob

1 Нух ҳәм оның кеме соғыўы

1 Жер бетинде адамлар көбейе баслады. Олардан қызлар да туўылды.
2 Иләҳий барлықлар* адамлардың қызларының сулыў екенин көрип, өзлери унатқанларын ҳаяллыққа алды.
3 Сонда Жаратқан Ийе: «Мениң Руўхым адамзатта мәңги қалмайды, өйткени олар бары-жоғы бир адам. Адамның өмири бир жүз жигирма жыл болады», – деди.
4 Иләҳий барлықлар адамлардың қызларына үйленип, балалы болған күнлерде ҳәм сол күнлерден кейин де жер жүзинде дәўлер бар еди. Олар әййемги заманның атақлы қаҳарманлары ҳәм атақлы адамлары болды.
5 Жаратқан Ийе қарап, жер жүзинде адамзаттың жаман ислериниң көп екенин, олардың кеўлиндеги ой-нийетлериниң бәрҳама жаўызлыққа толы екенин көрди.
6 Ол жер бетинде адамзатты жаратқанына өкинип, жүреги ғамға толды.
7 Сонда Жаратқан Ийе былай деди: «Өзим жаратқан адамзатты, ҳайўанларды, жер баўырлаўшыларды ҳәм қусларды жер бетинен қырып таслайман. Себеби Мен оларды жаратқаныма өкинемен».
8 Бирақ Нух Жаратқан Ийениң мийримине еристи.
9 Нухтың өмир тарийхы мынадай: Нух заманласлары арасында ҳақ ҳәм минсиз адам болып, Қудай менен тығыз байланыста жасайтуғын еди.
10 Ол Сам, Хам ҳәм Яфет деген үш уллы болды.
11 Қудайдың көз алдында жер жүзи бузылып, жаўызлыққа толған еди.
12 Қудай жер жүзине қарап, оның соншелли бузылғанын көрди. Өйткени адамлар жолдан шыққан еди.
13 Сонда Қудай Нухқа былай деди: «Мен пүткил адамзатты жоқ етемен, өйткени олар себепли жер жаўызлыққа толды. Мен оларға қосып, жер бетин де жоқ етемен.
14 Сен өзиңе гофер ағашынан бир кеме соқ. Оны бөлмелерге бөлип, иши-сыртын қара май менен майла.
15 Сен кемени былай соғыўың керек: оның узынлығы 300 шығанақ, ени 50 шығанақ, бийиклиги 30 шығанақ болсын.
16 Ал бастырмасын бир шығанақ жоқары қылып исле. Қапысын қапталдан қой ҳәм кемениң төменги, ортанғы ҳәм жоқарғы қабатлары болсын.
17 Минекей, Мен жер жүзине топан суўын жиберип, аспан астындағы ҳәмме тири жанды жоқ етемен. Жердеги барлық нәрсе қырылып қалады.
18 Бирақ Мен сениң менен Өз келисимимди дүземен: сен өз улларың, ҳаялың ҳәм келинлериң менен бирге кемеге кир.
19 Аман қалыўы ушын, өзиң менен бирге кемеге барлық жаныўарлардың еркек ҳәм урғашысынан жуп-жуптан алып кир.
20 Аман қалыўы ушын, қуслардың, ҳайўанлардың ҳәм жер баўырлаўшылардың ҳәр қыйлы түрлери жуп-жуптан саған келеди.
21 Өзиңе ҳәм оларға азық болатуғын ҳәр қыйлы аўқатлық затларды жеткиликли етип жыйнап қой».
22 Нух Қудайдың буйырғанларының барлығын орынлады.


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.