Жаратылыс 7 bob
1 Жаратқан Ийе Нухқа былай деди: «Пүткил хожалығың менен кемеге кир. Өйткени Мен заманласларың ишинде тек сениң ғана Мениң алдымда ҳақ екениңди көрдим.
2 Өзиң менен бирге ҳадал деп есапланған ҳайўанлардың түрлеринен, еркек ҳәм урғашысынан жети жуптан, ҳарам деп есапланған ҳайўанлардың түрлеринен, еркек ҳәм урғашысынан еки жуптан ал.
3 Және де, туқымы жер бетинде сақланып қалыўы ушын, қуслардың ҳәр қыйлы түрлеринен еркек ҳәм урғашысынан жети жуптан ал.
4 Өйткени Мен жети күннен кейин жерге қырық күн, қырық түн жаўын жаўдыраман. Өзим жаратқан ҳәр бир тири жанды жер бетинен қырып таслайман».
5 Нух Жаратқан Ийениң буйырғанларының барлығын орынлады.
6 Жерди топан суўы басқанда, Нух алты жүз жаста еди.
7 Нух, оның уллары, ҳаялы ҳәм келинлери топан суўынан қутылыў ушын кемеге кирди.
8 Қудайдың Нухқа буйырғанындай, ҳадал ҳәм ҳарам деп есапланған ҳәр түрли ҳайўанлар, қуслар ҳәм жер баўырлаўшылардың еркеги ҳәм урғашысы жуп-жуп болып Нухқа келип, кемеге кирди
9 .
10 Жети күннен соң, жер бетин топан суўы қаплай баслады.
11 Нух алты жүз жасқа толған жылдың екинши айының он жетинши күнинде терең туңғыйықтың барлық булақларынан суў атлығып, аспан қақпақлары ашылып кетти.
12 Жер жүзине қырық күн, қырық түн жаўын жаўды.
13 Тап сол күни Нух, оның уллары Сам, Хам, Яфет, Нухтың ҳаялы ҳәм үш келини кемеге кирди.
14 Барлық жабайы ҳайўанлардың, маллардың, жер баўырлаўшылардың, барлық қуслардың ҳәм қанатлылардың да ҳәр қыйлы түрлери олар менен бирге кирди.
15 Ҳәр түрли жанлы жаныўарлар жуп- жуптан Нухқа келип, кемеге кирди.
16 Кемеге кирген ҳайўанлар Қудай Нухқа буйырғанындай еркек ҳәм урғашы еди. Соннан кейин, Жаратқан Ийе Нухтың изинен кемениң қапысын жапты.
17 Топан суўы қырық күн даўам етти ҳәм суўлар тасып, кемени жерден жоқарыға көтерди.
18 Суў жер бетинде соншелли көбейип жоқары көтерилгенликтен, кеме суў бетинде жүзе баслады.
19 Суўлардың көтерилгени соншелли, жер бетиндеги барлық бәлент таўлар суў астында қалды.
20 Көтерилген суўлар таўлардың үстин он бес шығанақ жоқары қаплады.
21 Жер жүзиндеги барлық тиришилик: қуслар, маллар, жабайы ҳайўанлар, жер баўырлаўшылар ҳәм барлық адамлар қырылып қалды.
22 Қурғақлықтағы тири жанның ҳәммеси өлип қалды.
23 Жер жүзиндегилердиң ҳәммеси: адамлардан баслап малларға дейин, жер баўырлаўшылардан баслап қусларға дейин набыт болды. Тек Нух ҳәм оның менен бирге кемеде болғанлар ғана аман қалды.
24 Топан суўы жер жүзин бир жүз елиў күн қаплап турды.