Жаратылыс 8 bob
1 Бирақ Қудай Нухты ҳәм оның менен бирге кемеде болған жабайы ҳайўанлар менен малларды есине түсирип, жер бетине самал естирди. Сонда суўлар азая баслады.
2 Туңғыйықтың булақлары ҳәм аспанның қақпақлары жабылып, жаўын тынды.
3 Суўлар әсте-әсте жер бетинен қайта баслады ҳәм бир жүз елиў күннен кейин азайып қалды.
4 Кеме жетинши айдың он жетинши күни Арарат таўлары үстинде тоқтады.
5 Суўлар оныншы айға шекем азайып, оныншы айдың биринши күнинде таўлардың төбелери көрине баслады.
6 Қырық күннен соң, Нух өзи соққан кемениң әйнегин ашты.
7 Ол бир ғарғаны ушырып жиберди. Жер бетиндеги суўлар қурығанға дейин ғарға ушып келип-кетип турды.
8 Соңынан Нух жер бетиндеги суўдың қайтқан- қайтпағанын билиў ушын бир кептерди ушырып жиберди.
9 Бирақ кептер қонатуғын жер таба алмай, және Нухқа, кемеге қайтып келди. Себеби еле жер бетин суў қаплап тур еди. Нух қолын созып, кептерди өз жанына, кемеге киргизип алды.
10 Жети күн күтип, Нух кептерди кемеден және шығарып жиберди.
11 Кептер кеште қайтып келгенде, оның тумсығында зәйтүн ағашының жаңа жулынған бир жапырағы бар еди. Сонда Нух жер бетиндеги суўдың қайтқанын түсинди.
12 Нух және жети күн күткеннен соң, кептерди қайтадан шығарып жиберди. Бул рет кептер қайтып келмеди.
13 Нух алты жүз бир жасқа толған жылдың биринши айының биринши күни жер бетиндеги суўлар қурғады. Нух кемениң төбесин ашып, жердиң қурғағанын көрди.
14 Екинши айдың жигирма жетинши күни жер толық қурғады.
15 Сонда Қудай Нухқа былай деди:
16 «Ҳаялың, улларың ҳәм келинлериң менен бирге кемеден шық.
17 Өзиң менен бирге барлық жаныўарларды: қусларды, ҳайўанларды ҳәм жер баўырлаўшыларды да шығар. Олар жер жүзине таралып, жер бетинде өсип-өнип, көбейсин».
18 Нух ҳаялы, уллары ҳәм келинлери менен бирге кемеден шықты.
19 Барлық ҳайўанлар, жер баўырлаўшылар, қуслар – жер бетинде тиришилик етиўшилердиң ҳәммеси түр-түри бойынша кемеден шықты.
20 Нух Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурды. Сол жерде ол ҳадал деп есапланған ҳайўанлардың ҳәм қуслардың ҳәммесинен алып, оларды қурбанлыққа шалып, жағып жиберди.
21 Жаратқан Ийе жағымлы ийисти унатып, Өз кеўлинде былай деди: «Мен енди жерди адамлар себепли нәлетлемеймен. Өйткени адамның кеўлиндеги нийетлер балалығынан-ақ жаман болады. Мен усы ислегенимдей, енди ҳеш қашан пүткил тиришиликти жоқ қылып жибермеймен.
22 Ендигиден былай, дүнья турғанша, егин егиў, оны орыў, ыссы ҳәм суўық, жаз ҳәм қыс, күндиз ҳәм түн бола береди».