Жаратылыс 9 bob

Қудайдың Нух пенен дүзген келисими (1-17). Нухтың уллары (18-29)

1 Қудай Нухты ҳәм оның улларын жарылқап былай деди: «Өсип-өнип, көбейиңлер ҳәм жер жүзин толтырыңлар.
2 Жердеги ҳайўанлардың, аспандағы қуслардың, жер жүзиндеги тири жанлардың ҳәм теңиздеги балықлардың ҳәммеси сизлерден қорқып, үркетуғын болсын. Олар сизлердиң бийлигиңизге берилген.
3 Барлық тири жаныўарлар сизлерге аўқат болады. Өсимликлерди бергеним сыяқлы, Мен сизлерге ҳәммесин берип атырман.
4 Бирақ олардың қанын шығармай турып, гөшин жемең. Себеби жан қаннан ибарат.
5 Егер сизлердиң де қаныңыз төгилсе, ҳақыңызды сөзсиз талап етемен. Адам жанын қыйған ҳәр қандай адам ҳәм ҳайўаннан Мен есап талап етемен.
6 Ким адамның қанын төксе, оның өзиниң қаны да басқа адам тәрепинен төгиледи. Себеби Қудай адамды Өзине уқсатып жаратты.
7 Ал сизлер өсип-өнип, көбейиңлер ҳәм жер бетине тарқалып, артып барыңлар».
8 Қудай Нухқа ҳәм оның улларына былай деди:
9 «Мен сизлер менен, сизлердиң келешек урпағыңыз бенен келисим дүземен.
10 Және де, сизлер менен бирге болған барлық жанлы жаныўарлар: қуслар, маллар, жабайы ҳайўанлар ҳәм сизлер менен кемеден шыққан жер бетиндеги барлық ҳайўанлар менен келисим дүземен.
11 Сизлер менен дүзетуғын келисимим мынадан ибарат: ендигиден былай, пүткил тиришилик топан суўы менен жоқ етилмейди ҳәм жер жүзин жоқ ететуғын топан суўы енди қайтып болмайды».
12 Қудай сөзин даўам етип былай деди: «Мениң сизлер ҳәм ҳәр бир жанлы жаныўар менен барлық келешек урпақлар ушын мәңгиге дүзип атырған келисимимниң белгиси мынаў:
13 Мен Өз айқулағымды бултларға жайластыраман ҳәм ол Мениң менен жерде жасаўшылардың арасындағы дүзген келисимимниң белгиси болады.
14 Мен жер үстине булт жибергенимде, бултларда айқулақ пайда болады.
15 Сонда Мен сизлер менен ҳәм ҳәр бир тири жан менен дүзген келисимимди еске аламан. Пүткил тиришиликти жоқ етиўши топан суўы енди қайтып болмайды.
16 Қашан бултларда айқулақ пайда болса, Мен оны көрип, жерде жасаўшылардың ҳәммеси менен Өзим дүзген мәңгилик келисимимди еске аламан».
17 Соңынан Қудай Нухқа: «Мениң жерде жасаўшы ҳәр бир тири жан менен дүзген келисимимниң белгиси – усы», – деди.
18 Нухтың кемеден шыққан уллары – Сам, Хам ҳәм Яфет еди. Хам Қананның әкеси еди.
19 Булар Нухтың үш улы еди. Жер жүзиндеги барлық халықлар олардан тарқады.
20 Нух жерди тәрбиялап, жүзим егиўге киристи.
21 Ол шарап ишип, мәс болып қалды ҳәм өзиниң шатырында жалаңаш жатты+.
22 Қананның әкеси болған Хам әкесиниң жалаңаш жатырғанын көрди ҳәм сыртқа шығып, бул ҳаққында еки туўысқанына айтып берди.
23 Сонда Сам менен Яфет бир шапанды ийинлерине таслады да, терис қарап жүриўи менен ишке кирип, әкесиниң жалаңаш денесин шапан менен жапты. Олар әкесиниң жалаңаш екенин көрмеў ушын жүзлерин басқа тәрепке бурды.
24 Мәслиги тарқағаннан соң, Нух кишкене улының не ислегенин билип,
25 былай деди: «Қананға нәлет жаўсын! Ол туўысқанларының қулларының қулы болсын!»
26 Ол және былай деди: «Самның Қудай Ийесине алғыслар болсын! Ал Қанан Самның қулы болсын!
27 Қудай Яфеттиң жерлерин кеңейтсин! Ол Самның шатырларында жасасын! Ал Қанан Яфеттиң қулы болсын!»
28 Нух топан суўынан соң және үш жүз елиў жыл өмир сүрди.
29 Ол барлығы болып тоғыз жүз елиў жыл жасағаннан соң, қайтыс болды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16