3 Патшалар 12 bob

Израиллылардың Рехабамға қарсы көтерилиўи(1-20).Шемаяның пайғамбаршылығы(21-24).Бейт-Эл ҳәм Дандағы алтын бузаўлар(25-33).

1 Рехабам Шехемге кетти. Өйткени пүткил израиллылар Рехабамды патша етип қойыў ушын Шехемге топланған еди.
2 Патша Сулайманнан қашып, Мысырда жасап атырған Набат улы Яробам буны еситкенде, еле Мысырда еди.
3 Израиллылар Яробамды шақыртты. Сонда Яробам ҳәм пүткил Израил жәмийети Рехабамға келип:
4 – Әкеңиз мойнымызға аўыр мойынтырық салған еди. Сиз әкеңиз бизлерге жүклеген аўыр жүкти ҳәм ол салған мойынтырықты жеңиллетиң. Сонда сизге хызмет етемиз, – деди.
5 Рехабам оларға: – Енди барып, үш күннен кейин қайтып келиңлер, – деди. Халық тарап кетти.
6 Патша Рехабам әкеси Сулайманның көзиниң тирисинде оған хызмет еткен ақсақаллар менен ойласып: – Мына халыққа не деп жуўап берейин, қандай мәсләҳәт бересизлер? – деп сорады.
7 Ақсақаллар оған: – Егер бүгин сиз бул халыққа қул болып, хызмет етсеңиз ҳәм оларға жуўап бергенде, жақсы сөзиңизди аямасаңыз, олар сизге бир өмир қул болады, – деп жуўап берди.
8 Деген менен, Рехабам ақсақаллардың мәсләҳәтине қулақ аспай, өзи менен бирге өскен жас хызметшилери менен кеңесип,
9 олардан: – «Әкеңиздиң бизлерге салған мойынтырығын жеңиллетсеңиз», – деп атырған бул халыққа не деп жуўап берсем екен? Сизлер қандай мәсләҳәт бересиз? – деп сорады.
10 Сонда өзи менен бирге өскен жас жигитлер оған былай деп жуўап берди: – Сизге: «Әкеңиз мойнымызға аўыр мойынтырық салған еди, сиз оны жеңиллетсеңиз», – деп атырған халыққа: «Мениң шунатай бармағым әкемниң белинен де жуўанырақ.
11 Әкем сизлерге аўыр мойынтырық салған болса, мен мойынтырығыңызды оннан да аўырлатаман. Әкем сизлерди қамшы менен жазалаған болса, мен сизлерди сым қосып өрилген қамшы менен жазалайман», – деп айтың.
12 Патшаның: «Үш күннен кейин қайтып келиңлер», – деген сөзи бойынша, үшинши күни Яробам ҳәм пүткил халық Рехабамға келди.
13 Патша ақсақаллардың өзине берген кеңесине қулақ аспай, халыққа қатал жуўап берди.
14 Ол жас жигитлердиң мәсләҳәти бойынша халыққа: «Әкем сизлерге аўыр мойынтырық салған болса, мен мойынтырығыңызды оннан да аўырлатаман. Әкем сизлерди қамшы менен жазалаған болса, мен сизлерди сым қосып өрилген қамшы менен жазалайман», – деди.
15 Патша халыққа қулақ салмады. Себеби Жаратқан Ийе шилолы Ахия арқалы Набат улы Яробамға айтқан сөзлерин орынлаў ушын усылай иследи.
16 Пүткил израиллылар патшаның өзлерине қулақ салмағанын көргенде, патшаға былай деп жуўап берди: «Даўыт пенен бизиң не байланысымыз бар, Ишайдың улында алатуғын үлесимиз де жоқ. Ҳәй, Израил халқы, үйлериңизге қайтыңлар! Ҳәй Даўыт, өз үйиң өзиңе ардана болсын!» Усыларды айтып, израиллылар өз үйлерине қайтып кетти.
17 Солай етип, Рехабам тек Яҳуда қалаларында жасайтуғын израиллыларға ғана патшалық ете баслады.
18 Патша Рехабам мәрдикарға алынғанлар үстинен қадағалаўшы Адонирамды Израил халқына жиберди. Халық оны тас боран қылып өлтирди. Сонда патша Рехабам тез саўаш арбасына минди де, Ерусалимге қашып кетти.
19 Сол күннен баслап ҳәзирге дейин, Израил халқы Даўыттың урпағына қарсы көтерилип келмекте.
20 Пүткил израиллылар Яробамның Мысырдан қайтып келгенин еситкенде адам жиберип, оны өзлериниң жыйынына шақырды ҳәм пүткил Израил үстинен патша етип қойды. Яҳуда урыўынан басқа ҳеш бири Даўыттың урпағының қол астында қалмады.
21 Сулайманның улы Рехабам Ерусалимге барды да, Израил урыўлары менен урысып, өз патшалығын қайтарып алыў ушын, пүткил Яҳуда ҳәм Бенямин урыўынан бир жүз сексен мың ағла жаўынгерди әскерликке топлады.
22 Бирақ сол арада Қудайдың адамы болған Шемаяға Қудайдан мынадай сөз түсти:
23 «Яҳуда патшасы Сулайманның улы Рехабамға, пүткил Яҳуда, Бенямин урыўларына ҳәм сол жерде жасайтуғын басқа халықларға былай деп айт:
24 Жаратқан Ийе былай дейди: „Израиллыларға, өз туўысқанларыңызға қарсы урыс ашып, урысты басламаңлар. Ҳәр бириңиз өз үйиңизге қайтыңлар. Өйткени бул ислерди ислеп атырған Мен боламан“». Жаратқан Ийениң бул сөзлерин еситкен халық Оның буйрығына бойсынып, үйлерине қайтты.
25 Яробам Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Шехем қаласын беккемлеп, сол жерде жасай баслады. Соңынан ол жерден кетип, Пену-Эл қаласына қорған салды.
26 Яробам ишинен: «Патшалық және Даўыттың урпақларына өтиўи мүмкин.
27 Егер бул халық Ерусалимге, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына қурбанлық бериў ушын бара берсе, жүреклери ҳүкимдарына, Яҳуда патшасы Рехабамға аўып кетер ҳәм мени өлтирип, патшасы Рехабам тәрепке өтип кетер», – деп ойлады.
28 Патша кеңесгөйлери менен кеңескеннен соң, алтыннан еки тананы ислетип, халыққа: «Ҳәй, Израил халқы, сыйыныў ушын енди Ерусалимге барыўыңыздың ҳәжети жоқ. Мине, сизлерди Мысырдан алып шыққан қудайларыңыз!» – деди.
29 Ол таналардың биреўин Бейт-Элге, екиншисин Дан қаласына қойды.
30 Бул аўыр гүнаға алып келди. Себеби халық таналардың биреўине табыныў ушын, ҳәтте, Данға қарай кете баслады.
31 Яробам сыйыныў орынларына бутханалар қурдырды ҳәм халық арасынан лебийлилерден болмаған адамларды руўханийлер етип қойды.
32 Яробам сегизинши айдың он бесинши күни* Яҳудадағы байрамға еликлеп бир байрам шөлкемлестирди. Ол Бейт-Элдеги қурбанлық орында өзи соқтырған таналарына атап қурбанлықлар берди ҳәм сол жерде өзи қурдырған сыйыныў орынларының руўханийлерин хызметке қойды.
33 Ол өз қәлеўи менен белгилеп алған күни, сегизинши айдың он бесинши күни қурбанлықты жағып түтетиў ушын Бейт-Элде өзи қурдырған қурбанлық орынға барды. Сол күнди Израил урпақлары ушын байрам күни деп белгиледи.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.