3 Патшалар 16 bob
1 Жаратқан Ийеден Хананийдиң улы Еҳуға Израил патшасы Бааша ҳаққында мынадай сөз түсти:
2 «Сени Мен топырақтан шығарып алып, халқым Израилға ҳүкимдар етип қойдым. Бирақ сен Яробамның жолынан жүрдиң ҳәм халқым Израилды гүнаға баслап, олардың гүнасы арқалы Мениң ғәзебимди келтирдиң.
3 Сонлықтан Набат улы Яробамның урпағына уқсатып, сениң ҳәм сениң урпағыңның күлин көкке суўыраман.
4 Сениң урпағыңнан қалада өлгенлери ийтлерге, далада өлгенлери көктеги қусларға жем болады».
5 Баашаның басқа ислери, ол ислеген ҳәр бир нәрсе, оның қаҳарманлықлары Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
6 Бааша өлип, ата-бабаларына қосылғанда, Тирсаға жерленди ҳәм оның орнына улы Эла патша болды.
7 Баашаға ҳәм оның урпағына қарсы айтылған Жаратқан Ийениң усы хабары Хананий улы пайғамбар Еҳу арқалы айтылған еди. Бааша Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеп, Яробамның хожалығына еликлеп ғана қоймай, өз гүналары менен Оның ғәзебин оятқаны ҳәм Яробамның пүткил әўладларын қырып таслағаны ушын усылар жүзеге келди.
8 Яҳуда патшасы Асаның патшалығының жигирма алтыншы жылында Бааша улы Эла Тирсада Израилға патша болды ҳәм ол еки жыл патшалық етти.
9 Саўаш арбаларының ярымына басшылық ететуғын Зимрий деген бир хызметшиси Элаға қарсы тил бириктирди. Бир күни Эла Тирсада сарай басқарыўшысы Арсаның үйинде ишип, мәс болып қалды.
10 Сонда Зимрий ишке кирип, Эланы өлтирди ҳәм оның орнына тахтқа отырды. Бул ўақыя Яҳуда патшасы Асаның патшалығының жигирма жетинши жылында болды.
11 Зимрий патша болып тахтқа отырыўдан-ақ, Баашаның урпағын толығы менен қырып таслады. Оның досларынан да, туўысқанларынан да бирде бир ер адамды тири қалдырмады.
12 Жаратқан Ийениң пайғамбар Еҳу арқалы Баашаның хожалығына қарсы айтқан сөзлери бойынша, Зимрий Баашаның урпағын пүткиллей қырып таслады
13 Бул ўақыя Бааша ҳәм оның улы Эланың гүналары көп болып, Израил халқын гүнаға батырғаны, өзлериниң мәниссиз бутлары менен Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң ғәзебин келтиргени ушын жүз берген еди.
14 Эланың басқа ислери, ол ислеген ҳәмме нәрсе Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
15 Яҳуда патшасы Асаның патшалығының жигирма жетинши жылында Зимрий Тирсада тек жети күн-ақ патшалық етти. Сол ўақытлары Израил әскерлери филистлердиң Гиббетон қаласын қамал қылып, ордада жатырған еди.
16 Ордадағы израиллылар Зимрийдиң тил бириктирип, патшаны өлтиргенин еситти ҳәм сол күни-ақ олар сәркәрда Омрийди Израилға патша етип жәриялады.
17 Омрий ҳәм оның қасындағы пүткил израиллылар Гиббетоннан келип, Тирсаны қамал қылды.
18 Зимрий қаланың қолдан кеткенин көргенде, патша сарайының қорғанына кирип, сол жерге от берди ҳәм өзи де оттың ишинде өлип кетти.
19 Бул оның Яробамның гүналы жолынан жүрип, Израилды гүнаға баслағаны ҳәм Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислегени себепли болды.
20 Зимрийдиң басқа ислери, оның патшаға ислеген қастыянлығы Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
21 Буннан соң, Израил халқы екиге бөлинди. Олардың ярымы Гинат улы Тибнийдиң, ал ярымы Омрийдиң патша болыўын қәледи.
22 Ақырында, Омрийге ерген халық Гинат улы Тибнийге ерген халықтан үстин келди. Тибний өлип, Омрий патша болды.
23 Яҳуда патшасы Асаның патшалығының отыз биринши жылында Омрий Израилға патша болды. Ол ҳәммеси болып он еки жыл патшалық етип, соның дәслепки алты жылында Тирсада патшалық етти.
24 Омрий Шемер деген адамнан Самария төбешигин еки талант гүмиске сатып алып, оның үстине қала қурды. Қаланы төбешиктиң бурынғы ийеси Шемердиң аты менен Самария деп атады.
25 Омрий де Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеп, өзинен алдынғы барлық патшалардан да жаманырақ жаўызлықларды иследи.
26 Ол толық Набат улы Яробамның жолынан жүрди ҳәм оның Израилды баслаған гүналарына қосылып, өзлериниң мәниссиз бутлары менен Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң ғәзебин келтирди.
27 Омрийдиң басқа ислери ҳәм оның көрсеткен ерликлери Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 28Омрий өлип, ата- бабаларына қосылғанда, Самарияға жерленди ҳәм оның орнына улы Ахаб патша болды.
28 Омрий өлип, ата- бабаларына қосылғанда, Самарияға жерленди ҳәм оның орнына улы Ахаб патша болды.
29 Яҳуда патшасы Асаның патшалығының отыз сегизинши жылында Омрий улы Ахаб Израилға патша болды ҳәм Самарияда жигирма еки жыл патшалық етти.
30 Омрий улы Ахаб Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. Оның бул ислери өзинен бурын болған патшалардың ҳәммесиникинен де асып түсти
31 Оған Набат улы Яробамның гүналарына шерик болыў аз болғандай, Сидон патшасы Этбаалдың қызы Изабелге үйленди ҳәм Баалға хызмет етип, оған табына баслады.
32 Ол Самарияда Баалға арнап қурдырған бутханасының ишине Баал ушын қурбанлық орын да қурды.
33 Буның үстине, ол кийели ағашын да ислетти. Ахаб өзинен бурын өткен Израил патшаларының барлығынан да артығырақ гүна ислеп, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң қатты ғәзебин келтирди.
34 Ахаб патшалық еткен дәўирде, бейт-элли Хиел Ерихо қаласын қайта қурды. Жаратқан Ийениң Нун улы Ешуа арқалы алдын ала айтқанындай, Хиел қаланың тийкарын салғанда, өзиниң туңғыш улы Абирамнан, ал қаланың дәрўазасын қойғанда, генже улы Сегубтан айырылды.