3 Патшалар 21 bob

Наботтың бағы(1-29).

1 Арадан бираз ўақыт өтип, мынадай ўақыя жүз берди: Изреелде, Самария патшасы Ахабтың сарайының жанында изреелли Наботтың бир жүзим бағы бар еди.
2 Бир күни Ахаб Наботқа: – Жүзим бағыңды маған бер. Ол мениң сарайыма жақын болғаны ушын, оның орнына палыз егинлерин өсирейин. Бағыңның орнына басқа жақсырақ бағ беремен. Егер қәлесең, бағыңның баҳасын гүмис пенен төлеймен, – деди.
3 Бирақ Набот Ахабқа: – Ата-бабаларымнан қалған мийрасты сизге бериўден мени Жаратқан Ийениң Өзи сақласын! – деди.
4 Изреелли Наботтың: «Ата-бабаларымнан қалған мийрасты сизге бермеймен», – деген сөзине қатты ашыўланған Ахаб үйине тунжырайып келди. Ол төсегине кирип, жүзин терис қаратып жатып алды ҳәм дуз татпады.
5 Ҳаялы Изабел оның жанына келип: – Неге руўхыңыз түскен? Неге аўқат жемей атырсыз? – деди.
6 Ахаб ҳаялына: – Мен изреелли Наботқа: «Жүзим бағыңды маған гүмиске сат, егер қәлесең, оның орнына саған басқа бир бағ берейин», – дегенимде, ол маған: «Жүзим бағымды саған бермеймен», – деп жуўап берди, – деди.
7 Ҳаялы Изабел Ахабқа: – Сиз Израилдың патшасына сай ис тутып атырсыз ба? Орныңыздан турып, нан жеп алың да, тынышланың. Изреелли Наботтың бағын сизге өзим алып беремен, – деди.
8 Изабел Ахабтың атынан хат жазып, оны Ахабтың мөри менен тастыйықлады. Соң бул хатты Набот жасайтуғын қаланың ақсақаллары менен ақсүйеклерине жиберди.
9 Хатта былай деп жазылған еди: «Ораза тутыўды жәриялап, Наботты халық арасындағы сыйлы орынға отырғызыңлар.
10 Оның алдына: „Ҳәй Набот, сен Қудайға ҳәм патшаға тил тийгиздиң“, – деп гүўалық беретуғын еки жалахор адамды отырғызыңлар. Соңынан оны сыртқа алып шығып, тас боран қылып өлтириңлер».
11 Набот жасайтуғын қаланың ақсақаллары менен ақсүйеклери Изабелдиң хат арқалы өзлерине жазған буйрығын орынлады.
12 Олар ораза жәрия етип, Наботты халық арасындағы сыйлы орынға отырғызды.
13 Соңынан еки жарамас адам келип, Наботтың қарсы алдына отырды ҳәм халықтың алдында: «Набот Қудайға ҳәм патшаға тил тийгизди», – деп гүўалық берди. Сонда Наботты қаланың сыртына алып шығып, тас боран қылып өлтирди.
14 Кейин Изабелге: «Набот тас боран қылып өлтирилди», – деп хабар жиберди.
15 Изабел Наботтың тас боран қылып өлтирилгенин еситиўден, дәрриў Ахабқа: «Барып, сизге гүмиске сатқысы келмеген изреелли Наботтың жүзим бағына ийелик етиң. Себеби ол енди жоқ, өлди», – деди.
16 Ахаб изреелли Наботтың өлтирилгенин есите сала, оның бағын мүлик етип алыў ушын сол жерге кетти.
17 Сол ўақытта Жаратқан Ийеден тишбели Илияс пайғамбарға мынадай сөз түсти:
18 «Самариядағы Израил патшасы Ахабты көриўге бар. Ҳәзир ол Наботтың жүзим бағында, оны ийелеп алыў ушын сол жерге келди.
19 Оған мына сөзлерди жеткиз: Жаратқан Ийе былай дейди: „Сен оны өлтирип, мүлкин де ийелеп алдың ба?“ Және былай деп айт: Жаратқан Ийе былай дейди: „Ийтлер Наботтың қанын жалаған жерде, сениң қаныңды да жалайды“».
20 Ахаб Илиясқа: – Ҳәй, душпаным, мени таўып келдиң бе? – деди. Илияс оған былай деди: – Аўа, таўып келдим. Өйткени сиз Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеўге берилип кеткенсиз.
21 Сол себепли Жаратқан Ийе былай дейди: «Сени апатқа ушыратып, күлиңди көкке суўыраман. Израилда Ахабтың нәсилинен болған пүткил еркек затын: ол қул болса да, азат болса да, ҳәммесин қырып таслайман.
22 Израилды гүнаға баслап, Мениң ғәзебимди келтиргениң ушын, сениң үй-ишиңди Набат улы Яробам ҳәм Ахия улы Баашаның үй-иши сыяқлы қыламан».
23 Және де, Жаратқан Ийе Изабелге былай дейди: «Изабел Изреел қаласының дийўаллары ишинде ийтлерге жем болады.
24 Ахабтың нәсилинен қалада өлгенлери ийтлерге, далада өлгенлери көктеги қусларға жем болады».
25 Ахабтай болып, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди ислеўге буншелли берилген адам болмады. Ҳаялы Изабел оны ийтермелеп туратуғын еди.
26 Ахаб Жаратқан Ийе Израил халқы алдынан қуўып жиберген аморларға уқсап, бутларға табынып, жүдә жеркенишли ислерди иследи.
27 Ахаб бул сөзлерди еситкенде, кийимлерин жыртып, аза кийимлерин кийди. Ораза тутты, аза кийими менен уйықлады ҳәм қайғырып жүрди.
28 Сонда Жаратқан Ийеден тишбели Илияс пайғамбарға мынадай сөз түсти:
29 «Ахабтың Мениң алдымда қандай бойсыныўшаң болып қалғанын көрдиң бе? Ол Маған бойсынғаны ушын, Өзим айтқан бәлелерди оның ўақтында емес, ал улының ўақтында оның үй-ишиниң басына жаўдыраман».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.