3 Патшалар 22 bob
1 Үш жыл даўамында Арам ҳәм Израил арасында урыс болмады.
2 Үшинши жылы Яҳуда патшасы Еҳошафат Израил патшасын көриўге барды.
3 Израил патшасы Ахаб хызметшилерине: «Гиладтағы Рамоттың бизлерге тийисли екенин билмейсизлер ме? Бизлер болсақ, оны Арам патшасынан қайтарып алыў ушын ҳеш нәрсе қылмадық», – деди.
4 Соңынан Еҳошафаттан: – Гиладтағы Рамотқа қарсы урысыў ушын мениң менен бирге барасыз ба? – деп сорады. Еҳошафат Израил патшасына: – Мени өзиңиздей, халқымды халқыңыздай, атларымды атларыңыздай көриң, – деп жуўап берди.
5 Соңынан Еҳошафат: – Дәслеп Жаратқан Ийениң не дейтуғынын билип алайық, – деди.
6 Сонда Израил патшасы төрт жүзге жақын пайғамбарды топлап, оларға: – Гиладтағы Рамотқа қарсы урысыў ушын барайын ба ямаса бармайын ба? – деп сорады. Олар: – Барың, Ийемиз қаланы сизге тәслим етеди, – деп жуўап берди.
7 Бирақ Еҳошафат: – Бул жерде булардан басқа Жаратқан Ийениң пайғамбары бар ма? Оннан да сорайық, – деди.
8 Израил патшасы Еҳошафатқа: – Жаратқан Ийениң еркин сорағандай, және бир пайғамбар бар. Ол Имла улы Миха. Бирақ мен оны жаман көремен. Себеби ол мен туўралы ҳеш жақсы пайғамбаршылық айтпайды, тек жаман пайғамбаршылық айтады, – деп жуўап берди. Еҳошафат патшаға: – Патша, булай демеңиз, – деди.
9 Сонда Израил патшасы бир хызметкерди шақырып, оған: «Имла улы Миханы тез алып кел», – деп буйырды.
10 Израил патшасы Ахаб ҳәм Яҳуда патшасы Еҳошафат патшалық кийимлерин кийип, Самарияның дәрўазасының кирер аўзындағы майданда, ҳәр бири өз тахтында отырған еди. Барлық пайғамбарлар олардың алдында пайғамбаршылық етип атырған еди.
11 Кенаана улы Седекия өзине темирден шақлар ислеп: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Арамлыларды қырып таўыспағанша, усы шақлар менен сүзе бересиз“», – деди.
12 Басқа пайғамбарлардың ҳәммеси де: «Гиладтағы Рамотқа ҳүжим етиң, жеңиске ерисесиз. Себеби Жаратқан Ийе оларды сизге тәслим етеди», – деп, анық сол сөзди қайталады.
13 Миханы шақырыў ушын кеткен хызметкер оған барып: – Мине, пайғамбарлардың ҳәммеси бир аўыздан патшаға жақсы болжаўларды айтып атыр. Сизиң сөзиңиз де олардики менен бирдей болсын, сиз де жақсы болжаў айтың, – деди.
14 Бирақ Миха оған: – Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: Жаратқан Ийе маған не десе, соны айтаман, – деп жуўап берди.
15 Миха патшаға келди. Патша Михадан: – Миха, бизлер Гиладтағы Рамотқа қарсы урысыў ушын барайық па ямаса бармайық па? – деп сорады. Миха патшаға: – Бара бериңлер, жеңесизлер. Себеби Жаратқан Ийе оны сизге тәслим етеди, – деп жуўап берди.
16 Деген менен, патша Михаға: – Жаратқан Ийениң аты менен тек ҳақыйқатты айтыўың ушын, саған бир неше мәрте ант ишкизиўим керек пе? – деди.
17 Сонда Миха патшаға былай деди: – Маған пүткил израиллылар таўлар үстинде жайылып жүрген шопансыз қойлар сыяқлы көринип тур. Сонда Жаратқан Ийе маған: «Булардың хожайыны жоқ. Ҳәр бири аман-есен үйине қайтсын», – деди.
18 Израил патшасы Еҳошафатқа: «Буның мен туўралы жақсы емес, ал тек жаман пайғамбаршылық айтатуғынын сизге айтқан жоқ па едим?» – деди.
19 Миха патшаға былай деди: – Онда Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң. Мен Жаратқан Ийениң Өз тахтында отырғанын, пүткил аспан барлықларының Оның оң ҳәм шеп тәрепинде турғанын көрдим.
20 Сонда Жаратқан Ийе: «Гиладтағы Рамотқа барып, сол жерде өлиўи ушын, Ахабты ким көндире алады?» – деп сорады. Биреўи анаў, биреўи мынаў деп турғанда,
21 бир руўх алдыға шықты да, Жаратқан Ийениң алдында турып: «Мен көндире аламан», – деди. Жаратқан Ийе оннан: «Қалай?» – деп сорады.
22 Сол руўх: «Мен жалған руўхқа айланып, Ахабтың барлық пайғамбарларына жалған сөйлетемен», – деп жуўап берди. Жаратқан Ийе оған: «Сен оны көндирип, буны ислейсең. Барып, солай исле», – деди.
23 Мине, ҳәзир Жаратқан Ийе сизиң сол пайғамбарларыңыздың ҳәммесиниң аўзына жалған руўхты салып қойған. Өйткени Жаратқан Ийе сизге жаманлық ислеўге қарар етти.
24 Кенаана улы Седекия Михаға жақынлап, оның бетине шапалақ пенен урып жиберди де: – Жаратқан Ийениң Руўхы сениң менен сөйлесиў ушын, меннен шығып кеткен бе екен? – деди.
25 Миха оған: – Буны сен жасырыныў ушын ишки бөлмеге тығылған ўақтыңда көресең, – деди.
26 Сонда Израил патшасы былай деди: «Миханы қала ҳәкими Амон менен патшаның улы Иоашқа қайтып алып барың.
27 Оларға мениң мына сөзимди жеткизиң: „Мен аман-есен қайтып келгенимше, бул адамды қамақханаға қамап қойып, нан менен суўдан басқа ҳеш нәрсе бермесин“».
28 Миха патшаға: «Егер аман-есен қайтып келсеңиз, онда Жаратқан Ийе мениң аўзым арқалы сөйлемеген болады», – деди, соңынан халыққа: «Ҳәммеңиз буны еситип қойыңлар», – деди
29 Израил патшасы Ахаб ҳәм Яҳуда патшасы Еҳошафат Гиладтағы Рамотқа ҳүжим жасаў ушын жолға шықты.
30 Израил патшасы Еҳошафатқа: «Мен патшалық кийимлерин киймей, урысқа шығаман, ал сиз патшалық кийимлериңизди кийип шығың», – деди. Солай етип, Израил патшасы кийимлерин өзгертип, саўашқа шықты.
31 Арам патшасы өз саўаш арбаларының отыз еки әскербасысына: «Кишкенеси менен де, үлкени менен де урысып отырмай, тек Израил патшасы менен урысқа кирисиң», – деп буйырды.
32 Саўаш арбаларының әскербасылары Еҳошафатты көргенде: «Израил патшасы усы болса керек», – деп ойлап, оған қарай бас салды. Еҳошафат бақырып жибергенде,
33 саўаш арбаларының әскербасылары оның Израил патшасы емеслигин аңғарып, изге қайтты.
34 Бирақ бир адам тосаттан оқ жайын атып жиберип, Израил патшасын жарадар етти. Оқ саўыттың қосылған жеринен кирген еди. Патша арбакешине: «Изге айланып, мени саўаш майданынан алып шық, мен жарақатландым», – деди.
35 Сол күни ғыжлаған саўаш болды. Патша өзиниң саўаш арбасы менен тығылыста қалып, арамлыларға қарап турды ҳәм кеште жан тапсырды. Оның саўаш арбасы жараланған жеринен аққан қанға былғанды.
36 Күн бата Израил ордасы ишинде: «Ҳәр ким өз қаласына, өз жерине қайтсын!» – деп жар салынды.
37 Патша өлди. Оны Самарияға әкелип, сол жерде жерледи.
38 Арбаны Самариядағы бузықлар жуўынатуғын ҳаўызға жуўды. Жаратқан Ийениң айтқанындай, ийтлер оның қанын жалады.
39 Ахабтың басқа ислери, ол ислеген барлық ислер, оның пил сүйегинен қаплаған сарайы ҳәм ол қурдырған барлық қалалар ҳаққында Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
40 Ахаб өлип, ата- бабаларына қосылды. Оның орнына баласы Ахазия патша болды.
41 Израил патшасы Ахабтың патшалығының төртинши жылында Аса улы Еҳошафат Яҳудаға патша болған еди,
42 Еҳошафат отыз бес жасында патша болып, Ерусалимде жигирма бес жыл патшалық етти. Оның анасының аты Азуба болып, ол Шилхийдиң қызы еди.
43 Еҳошафат әкеси Асаның жолынан жүрип, сол жолдан шықпай, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. Бирақ сыйыныў орынларын жоқ қылмады. Халық еле сыйыныў орынларында қурбанлықлар берип, түтеткилер түтететуғын еди.
44 Еҳошафат Израил патшасы менен тынышлық келисимин дүзди.
45 Еҳошафаттың басқа ислери, ол ислеген қаҳарманлықлар ҳәм жүргизген саўашлары Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
46 Еҳошафат әкеси Асаның ўақтынан қалған сыйыныў орынларындағы бузықшылық ислеўши еркеклерди жер бетинен жоқ қылды.
47 Сол ўақытлары Эдомда патша жоқ еди, елди Яҳуда патшасы қойған ҳәким басқаратуғын еди.
48 Еҳошафат Офирден алтын алып келиў ушын, Таршиш саўда кемелерин соқтырды. Бирақ кемелер ол жерге жете алмай, Эсион-Геберде апатқа ушырады.
49 Сонда Ахабтың улы Ахазия Еҳошафатқа: «Мениң адамларым кемеде сизиң адамларыңыз бенен бирге барсын», – деди. Бирақ Еҳошафат буған келисим бермеди.
50 Еҳошафат өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм бабасы Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Иорам патша болды.
51 Яҳуда патшасы Еҳошафаттың патшалығының он жетинши жылында Ахаб улы Ахазия Самарияда Израилға патша болды. Ол еки жыл патшалық етти.
52 Ахазия Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Ол ата-анасының ҳәм Израилды гүнаға батырған Набат улы Яробамның жолынан жүрди.
53 Ахазия Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Ол ата-анасының ҳәм Израилды гүнаға батырған Набат улы Яробамның жолынан жүрди.