3 Патшалар 3 bob

Сулайманның Қудайдан даналық сораўы(1-15).Сулайманның дана ҳүкими(16-28).

1 Сулайман Мысыр фараонының қызларының бирине үйленип, фараон менен байланыс дүзди. Ол ҳаялын Даўыттың қаласына алып келди. Сулайман өз сарайын, Жаратқан Ийениң Ибадатханасын ҳәм Ерусалимниң әтирапындағы дийўалларды тиклегенше, ҳаялы сол жерде жасады.
2 Халық еле сыйыныў орынларында қурбанлықлар беретуғын еди. Себеби сол ўақытқа шекем Жаратқан Ийениң атына арнап Ибадатхана қурылмаған еди.
3 3Сулайман әкеси Даўыттың көрсетпелери менен жүрип, Жаратқан Ийени сүйетуғын еди. Деген менен, ол да сыйыныў орынларында қурбанлықлар берип, түтеткилер түтететуғын еди.
4 Патша қурбанлық бериў ушын Гибон қаласына кетти, себеби сыйыныў орнының ең баслысы сол жерде еди. Сулайман сол қурбанлық орында мың бас малды жандырылатуғын қурбанлыққа берди.
5 Гибонда болғанда, Сулайман түнде түс көрди. Түсинде Жаратқан Ийе оған көринип: – Тиле тилегиңди, сорағаныңды беремен, – деди.
6 Сулайман Оған былай деди: – Сен қулың болған әкем Даўытқа үлкен жақсылық иследиң. Себеби ол ҳақ ҳәм Саған садық болып, Сениң алдыңда шын жүректен туўры ислерди ислеп жүрди. Сен бүгин оған тахтына отыратуғын бир ул инам етип, оған үлкен жақсылық ислеўди даўам еттиң.
7 О Қудайым, Жаратқан Ийе, Сен Өз қулыңды әкем Даўыттың орнына патша етип қойдың. Бирақ мен еле жүдә жаспан, басқарыўға еле тәжирийбем жоқ.
8 Қулың Өзиң таңлаған халықтың, көплигинен санап шығыў мүмкин болмаған уллы халықтың ортасында тур.
9 Сонлықтан жаман менен жақсыны айырып билип, халқыңа бийлик етиўим ушын, маған ақылға толы бир жүрек бер. Болмаса, Сениң бул уллы халқыңды ким басқара алады?
10 Сулайманның бул тилегине Жаратқан Ийениң кеўли толды.
11 Қудай Сулайманға былай деди: – Сен өзиң ушын узақ өмир, байлық ҳәм душпанларыңның өлимин тилемедиң, ал дурыс ҳүким жүргизиў ушын даналық сорадың.
12 Мен сениң тилегиңди орынлайман. Саған даналыққа ҳәм ақылға толы жүрек беремен. Саған уқсағаны сеннен бурын болмаған ҳәм сеннен кейин де болмайды.
13 Саған сорамағанларыңды да: байлық ҳәм даңқты да беремен. Өмириң бойы патшалар арасында саған тең келетуғыны болмайды.
14 Егер сен де әкең Даўыт сыяқлы қағыйдаларыма ҳәм буйрықларыма бойсынып, Мениң жолларым менен жүрсең, саған узақ өмир де беремен.
15 Сулайман оянғанда, буның түси екенин аңлады. Соңынан Ерусалимге келди. Ол Жаратқан Ийениң Келисим сандығының алдында турып, жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықларын берди. Олпүткил хызметшилери ушын үлкен зыяпат берди.
16 Бир күни еки бузық ҳаял патшаның алдына келди.
17 Ҳаяллардың бири патшаға былай деди: «Тақсыр! Мен мына ҳаял менен бир үйде жасайман. Бизлер бирге қалған ўақытта, мен босандым.
18 Мен босанғаннан кейин, үшинши күни мына ҳаял да босанды. Бизлер бирге едик, үйде екеўимизден басқа ҳеш ким жоқ еди.
19 Түнде мына ҳаял баласын астына басып алып, бала өлип қалды.
20 Қулыңыз болған мен уйықлап атырғанымда, түн ортасында ол орнынан турып, мениң баламды жанымнан алып, өзиниң қойнына жатқарыпты. Ал өзиниң өлип қалған баласын болса, мениң қойныма салыпты.
21 Таңда баламды емизиў ушын турғанымда, ол жансыз жатырған екен. Бирақ азанда дыққат пенен қарағанымда, оның мениң балам емес екенин билдим».
22 Екинши ҳаял: «Яқ, тири бала меники, өлгени сеники», – деди. Биринши ҳаял: «Яқ, өлген бала сеники, ал тириси меники», – деди. Олар патшаның алдында усылай тартысып турды.
23 Сонда патша: «Биреўиңиз: „Тири бала меники, ал өлгени сеники“, – дейсиз. Екиншиңиз: „Өлген бала сеники, ал тириси меники“, – дейсиз.
24 Онда маған бир қылыш әкелиңлер!», – деди. Қылыш алып келингенде,
25 патша: «Тири баланы екиге бөлип, ярымын биреўине, қалған ярымын екиншисине бериңлер», – деп буйырды.
26 6Сонда баласына жаны ашып, жүреги сызлаған тири баланың анасы патшаға: «Тақсыр, өтинемен, тири баланы өлтирмең, оны мына ҳаялға бериң», – деди. Ал екинши ҳаял болса: «Бала саған да, маған да жоқ, оны екиге бөлиң», – деди.
27 Сонда патша жуўап берип: «Тоқтаңлар, баланы өлтирмеңлер! Оны биринши ҳаялға бериңлер. Баланың анасы – сол болады», – деди.
28 Пүткил израиллылар патша шығарған бул ҳүкимди еситип, патшаны ҳүрмет ететуғын болды. Себеби олар Сулайманда әдил ҳүким шығарыў ушын, Қудайдан берилген даналық бар екенин билди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.