3 Патшалар 4 bob

Сулайманның қол астындағы ҳәмелдарлары(1-19).Сулайманның бир күнлик керек-жарағы(19-28).Сулайманның даналығы(29-34).

1 Сулайман пүткил Израилдың патшасы еди.
2 Оның қол астындағы ҳәмелдарлары мыналар еди: Садоқ улы Азария – руўханий;
3 Шишаның уллары Элихореф пенен Ахия – хаткерлер; Ахилуд улы Еҳошафат – жылнамашы;
4 Еҳояда улы Беная – сәркәрда; Садоқ ҳәм Абиятар – руўханийлер;
5 Натан улы Азария – үлке ҳәкимлериниң баслығы; Натан улы Забуд – руўханий ҳәм патшаның мәсләҳәтшиси;
6 Ахишар – сарай басқарыўшысы; Абда улы Адонирам – мәрдикарға алынғанлар үстинен жуўапкер.
7 Сулайманның пүткил Израил үлкелерин басқаратуғын он еки ҳәкими бар еди. Олар патшаны ҳәм оның үй-ишин азық-аўқат пенен тәмийинлеп туратуғын болып, олардың ҳәр бири жылына бир ай патшаны ҳәм оның үй- ишин азық-аўқат пенен тәмийинлеўи шәрт еди.
8 Олардың атлары мыналар: Эфрайымның таўлы үлкесиниң ҳәкими Бен-Хур;
9 Мақас, Шаалбим, Бейт-Шемеш, Элон-Бейт-Ханан қалаларының ҳәкими Бен-Декер;
10 Сохо ҳәм пүткил Хефер жерлерин өз ишине алған Аруббот үлкесиниң ҳәкими Бен-Хесед;
11 Пүткил Нафат-Дор үлкесиниң ҳәкими Сулайманның қызы Тафаттың күйеўи Бен-Абинадаб;
12 Таанах, Мегиддо, Изреелдиң қубласындағы Саретанның жанындағы пүткил Бейт-Шеан ҳәм Бейт-Шеаннан Абел-Мехола менен Иоқмеамның арғы жағына дейин созылып жатырған үлкелердиң ҳәкими Ахилуд улы Баана;
13 Гиладтағы Менашше урпағынан болған Яирге тийисли қалаларды ҳәм Башандағы Аргоб дөгерегиндеги дийўаллар менен қоршалып, дәрўазасына қола тәмби басылған үлкен алпыс қаланы өз ишине алған Гилад жериндеги Рамот қаласының ҳәкими Бен-Гебер;
14 Маханайым үлкесиниң ҳәкими Иддо улы Ахинадаб;
15 Нафталий үлкесиниң ҳәкими Сулайманның қызы Басематтың күйеўи Ахимаас;
16 Ашер ҳәм Беалот үлкелериниң ҳәкими Хушай улы Баана;
17 Иссахар үлкесиниң ҳәкими Паруах улы Еҳошафат;
18 Бенямин үлкесиниң ҳәкими Эла улы Шимей;
19 Гилад жериниң, яғный аморлардың патшасы Сихон ҳәм Башан патшасы Огтың ески жерлериниң ҳәкими Урий улы Гебер. Ол сол үлкениң жалғыз ҳәкими еди.
20 Яҳуда ҳәм Израил халқы теңиздиң қумындай көп болып, олар жеп- ишип шадлық ишинде жасады.
21 Сулайман Евфрат дәрьясынан филистлердиң жерине ҳәм Мысыр шегараларына шекемги барлық патшалықлар үстинен ҳүкимдарлық етти. Олар Сулайманның өмири даўамында оған салық төлеп, хызмет етти.
22 Сулайманның сарайының бир күнлик азық-аўқаты отыз кор* сыпатлы бийдай уны, алпыс кор* ири тартылған бийдай уны,
23 семиртилген он буға, жайлаўдан алынған жигирма буға, жүз қой, және де, суўынлар, жейранлар, антилопалар ҳәм семиз қуслардан ибарат еди.
24 Сулайман Тифсахтан Газаға шекемги, Евфрат дәрьясының батысындағы пүткил патшалықлар үстинен ҳүкимдарлық етти. Ол әтираптағы барлық еллер менен тынышлықта жасады.
25 Сулайманның дәўиринде Даннан Беер-Шебаға шекемги Яҳуда ҳәм Израил халқының ҳәр бири өзлериниң әнжир ҳәм жүзим ағашлары астында тыныш өмир сүрди.
26 Сулайманның саўаш арбалары ушын қырық мың ат қорасы ҳәм он еки мың аты бар еди.
27 Сол он еки ҳәкимниң ҳәр бири өзи ушын белгиленген бир ай даўамында патша Сулайманды ҳәм оның дастурханынан аўқат жейтуғынлардың ҳәммесин азық-аўқат пенен тәмийинлейтуғын еди. Олар бирде бир кемшиликке жол қоймайтуғын еди.
28 Ҳәр бир ҳәким белгиленген жерге саўаш арбаларының атлары ҳәм шапқыр атлар ушын арпа менен сабан жеткизип туратуғын еди.
29 Қудай Сулайманға мол даналық, ақыл ҳәм теңиз жағасындағы қум сыяқлы шексиз терең түсиниўшилик берди.
30 Сулайманның даналығы пүткил шығыс халықларының даналығынан ҳәм Мысырдың пүткил даналығынан да үстин еди.
31 Ол барлық адамлардан өткен дана болып, эзрахлы Этаннан, Махолдың уллары Ҳеман, Калкол ҳәм Дардадан да дана еди. Оның даңқы әтираптағы пүткил халықларға жайылды,
32 Ол үш мың нақыл-мақал айтты ҳәм оның бир мың бес қосығы бар еди.
33 Сулайман Лебанон таўларындағы кедр ағашынан баслап, дийўалда өсип туратуғын майоран шөбине шекем сөз етти. Ол ҳайўанатлар, қуслар, жер баўырлаўшылар ҳәм балықлар туўралы да айтты.
34 Ҳәмме халықлардан адамлар келип, Сулайманның дана сөзлерин тыңлайтуғын еди. Олар Сулайманның даналығы туўралы еситкен дүньяның барлық патшаларынан жиберилген еди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.