3 Патшалар 5 bob
1 Тир патшасы Хирам Сулайманның майланып, әкеси Даўыттың орнына патша етип қойылғанын еситкенде, Сулайманды қутлықлаў ушын елшилерин жиберди. Себеби Хирам өмир бойы Даўытқа дос болып келген еди.
2 Сулайман да Хирамға өз елшилерин жиберип, былай деди:
3 «Өзиңиз билесиз, әкем Даўыт әтирапындағы душпанлары менен саўаш жүргизгенликтен, Қудайы Жаратқан Ийениң атына арнап Ибадатхана қура алмады. Жаратқан Ийе саўашларда душпанларын оның аяғының астына таслағанға шекем, ол бул исти қыла алмады.
4 Енди Қудайым Жаратқан Ийе маған ҳәр тәреплеме тынышлық берди. Ҳәзир бирде бир душпаным да, дөнип турған қәўип те жоқ.
5 Жаратқан Ийе әкем Даўытқа: „Мен сениң тахтыңа отырғызатуғын улың Мениң атыма арнап Ибадатхана қурады“, – деген еди. Сонлықтан мен Қудайым болған Жаратқан Ийениң атына арнап Ибадатхана қурыўды нийет еттим.
6 Енди мен ушын Лебанон таўларынан кедр ағашларын кесиў ушын адамларыңызға буйрық берсеңиз. Мениң адамларым да сизиң адамларыңыз бенен бирге ислейди ҳәм мен сизиң адамларыңызға өзиңиз белгилеген мийнет ҳақыны төлеймен. Бизлерде ағаш кесиўде сидонлылар сыяқлы тәжирийбели адамлар жоқ екенин өзиңиз билесиз».
7 Хирам Сулайманның бул сөзлерин еситкенде, қатты қуўанып: «Бүгин бул уллы бир халықты басқарыў ушын Даўытқа дана бир ул бергени ушын, Жаратқан Ийеге алғыслар болсын!» – деди.
8 Соңынан ол Сулайманға мына хабарды жиберди: «Маған жиберген хабарыңызды алдым. Кедр ҳәм сәрўи ағашларына байланыслы барлық тилеклериңизди орынлайман.
9 Адамларым оларды Лебанон таўларынан теңизге алып келеди. Мен оларды сал етип буўдырып, теңиз арқалы айтқан жериңизге жеткизип беремен. Адамларым сол жерде салларды шешип, жыйып береди, сизлер алып кетесизлер. Сиз де тилегимди орынлап, мениң үй-ишимди азық- аўқат пенен тәмийинлесеңиз».
10 Хирам Сулайманға керегинше кедр ҳәм сәрўи ағашларын берди.
11 Сулайман болса, Хирамның үй-ишиниң азық-аўқаты ушын ҳәр жылы жигирма мың кор бийдай, жигирма кор сапалы зәйтүн майын берип турды.
12 Жаратқан Ийе ўәде еткениндей, Сулайманға даналық берди. Сонлықтан Сулайман менен Хирам арасында татыўлық болып, олар өз ара келисим дүзди.
13 Патша Сулайман қара жумыс ислетиў ушын пүткил Израилдан отыз мың адамды мәрдикарға алды.
14 Гезек пенен ҳәр айда олардан он мыңын Лебанон таўларына жиберди. Олар бир ай Лебанон таўларында, еки ай үйлеринде болатуғын еди. Бул адамларға Адонирам басшылық етти.
15 Және де, Сулайманның жүк тасыйтуғын жетпис мың адамы ҳәм таўларда тас кесетуғын сексен мың адамы бар еди.
16 Булардан тысқары, Сулайман истиң барысын бақлап, жумысшыларды қадағалап туратуғын үш мың үш жүз қадағалаўшы тайынлады.
17 атшаның буйрығы бойынша, жумысшылар Ибадатхананың тийкарын жонылған таслардан қалаў ушын үлкен ҳәм сапалы тасларды кесип шығарды.
18 Сулайманның ҳәм Хирамның адамлары гебаллылар менен бирге Ибадатхананың қурылысы ушын ағашлар менен тасларды жонып таярлады.