3 Патшалар 6 bob

Ибадатхананың қурылыўы(1-38)

1 Израил халқының Мысырдан шыққанына төрт жүз сексен жыл болғанда, Сулайманның Израил тахтына отырғанына төрт жыл болған еди. Ол сол жылдың екинши айында, яғный Зиў айында Жаратқан Ийениң Ибадатханасының қурылысын баслады.
2 Патша Сулайманның Жаратқан Ийеге арнап қурған Ибадатханасының узынлығы алпыс шығанақ, ени жигирма шығанақ, ал бийиклиги отыз шығанақ еди.
3 Ибадатхана имаратының алдынғы жағындағы айўанның узынлығы Ибадатхана имаратының ениндей, яғный жигирма шығанақ, ал ени он шығанақ болды.
4 Сулайман Ибадатханаға сыртқа қараған жағы тарлаў, ишке қараған жағы кеңлеў болған айналар ислетти.
5 Ибадатхананың сыртын, яғный үлкен бөлмениң ҳәм Ең мухаддес бөлмениң дийўалларын айландырып, үш қабатлы қосымша бөлмелер ислетти.
6 Ең төменги қабаттың ени бес шығанақ, ортанғы қабаттың ени алты шығанақ, үшинши қабаттың ени жети шығанақ еди. Ибадатхананың дийўалларына ислеў бермеў ушын, бөлмелер текшеге уқсатып өрилген Ибадатхананың дийўалларына бөренелер арқалы бириктирилди.
7 Ибадатхананың қурылысы ушын пайдаланылатуғын таслар кәнниң өзинде жонып таярланды. Сонлықтан Ибадатхана қурылып атырғанда, шөккиштиң де, балтаның да, басқа темир әсбабының да сести еситилмеди.
8 Ортадағы қосымша бөлмениң есиги Ибадатхананың қубла тәрепинде еди. Айланба текше арқалы ортанғы қабатқа, оннан үшинши қабатқа өтетуғын еди.
9 Сулайман Ибадатхананы қурып тамамлады. Төбесин кедр бөренелер ҳәм кедр ағашынан исленген тахталар менен бастырды.
10 Және де, ол пүткил Ибадатхананы айландырып, ҳәр бириниң бийиклиги бес шығанақ болған қосымша бөлмелер салдырды. Олар Ибадатхана дийўалына кедр бөренелер менен бекитилди.
11 Жаратқан Ийеден Сулайманға мынадай сөз түсти:
12 «Мине, сен Ибадатхана қурып атырсаң. Егер сен Мениң қағыйдаларымды, нызам ҳәм буйрықларымды орынлап жүрсең, онда Мен әкең Даўытқа берген сөзимди сен арқалы орынлайман.
13 Мен израиллылар арасында жасап, халқым Израилды ҳеш қашан тәрк етпеймен».
14 Солай етип, Сулайман Ибадатхананы қурып питкерди.
15 Ол Ибадатхананың ишки дийўалын еденнен төбеге шекем кедр ағашынан исленген тахталар менен қаплады, ал еденине сәрўи ағашынан исленген тахталар төсетти.
16 Ибадатхананың арқа тәрепиниң ең төрин еденнен төбесине дейин кедр тахталар менен бөлдирип, узынлығы жигирма шығанақ болған бир бөлме ажыраттырды. Ол жер Ең мухаддес бөлме деп аталды.
17 Ең мухаддес бөлмениң алдындағы үлкен бөлмениң узынлығы қырық шығанақ еди.
19 Дийўалдағы таслар көринбеўи ушын Ибадатхананың ишин қаплап турған кедр тахталарға асқабақлар ҳәм асылып турған гүллер ойып салынды.
20 Ибадатхананың ишиндеги ең төрги бөлме Жаратқан Ийениң Келисим сандығын қойыў ушын таярланды.
21 Бул бөлмениң узынлығы жигирма шығанақ, ени жигирма шығанақ ҳәм бийиклиги де жигирма шығанақ еди. Сулайман усы бөлмени де, кедр ағашынан исленген түтетки түтетилетуғын орынды да сап алтын менен қаплатты.
22 Ибадатхананың иши бастан-аяқ ҳәм Ең мухаддес бөлмениң алдындағы түтетки түтетилетуғын орын алтын менен қапланды.
23 Ең мухаддес бөлмеге қойыў ушын зәйтүн ағашынан исленген, ҳәр бириниң бийиклиги он шығанақ болған еки керуб исленди.
24 Ҳәр қанаты бес шығанақ болған керубтың жайылған еки қанатының узынлығы он шығанақ болды. 25Екинши керубтың да жайылған қанаты он шығанақ болып, еки керубтың өлшеми де, көриниси де бирдей еди.
25 Екинши керубтың да жайылған қанаты он шығанақ болып, еки керубтың өлшеми де, көриниси де бирдей еди.
26 Еки керубтың да бийиклиги он шығанақ еди.
27 Сулайман керубларды Ибадатхананың Ең мухаддес бөлмесиниң ортасына қойды. Керублардың жайылған қанатларының бир ушы бөлмениң дийўалларына тийип, екинши ушлары бөлмениң ортасында бир-бирине тийисип турды.
28 Сулайман керубларды да алтын менен қаплатты.
29 Ибадатхананың ишки ҳәм сыртқы бөлмелериниң ҳәмме дийўалларына айландырып керублардың, пальма ағашларының ҳәм ашылып турған гүллердиң көринислерин ойып салдырды.
30 Усы еки бөлмениң еденлерин де алтын менен қаплатты.
31 Ең мухаддес бөлмениң кирер аўзына зәйтүн ағашынан жақлаўы бес қырлы болған жарма қапы ислетти.
32 Ол зәйтүн ағашынан исленген жарма қапыларға керублардың, пальма ағашларының ҳәм ашылып турған гүллердиң көринисин ойып салдырып, қапыларды алтын менен қаплатты. Керублар менен пальма ағашларының сүўретлерин де алтын менен қаплатты.
33 Үлкен бөлмениң кирер аўзына да зәйтүн ағашынан төрт мүйешли жақлаў ислетип,
34 жақлаўға жыйналатуғын еки жарма қапыны сәрўи ағашынан ислетти.
35 Буларға да керублардың, пальма ағашларының ҳәм ашылып турған гүллердиң көринислерин ойып салдырып, оларды алтын менен қаплатты.
36 Ол ишки ҳәўли қурдырып, оның дийўалларын үш қатар жонылған тастан ҳәм бир қатар кедр ағашынан ислетти.
37 Сулайман өз патшалығының төртинши жылының Зиў айында Жаратқан Ийениң Ибадатханасының тийкарын қойған еди.
38 Ал он биринши жылдың сегизинши айы болған Бул айында Ибадатхана алдын ала белгиленгениндей етип, барлық майда-шүйдесине шекем қурып болынды. Сулайман Ибадатхананы жети жылда қурып болды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.