3 Патшалар 7 bob

Сулайманның сарайы(1-12).Хирамның хызмети(13-51).

1 Сулайман өзи ушын да сарай қурдырып, оны он үш жылда толық тамамлады.
2 Ол қурдырған Лебанон тоғайы деп аталатуғын сарайдың узынлығы жүз шығанақ, ени елиў шығанақ, бийиклиги отыз шығанақ еди. Сарай төрт қатар етип қойылған кедр өрелерден ҳәм олардың үстине қойылған кедр бөренелерден ибарат еди.
3 Өрелердиң үстине, ҳәр қатарға он бес бөренеден қойылған болып, усы қырық бес бөренениң үстине кедр тахталар төселген еди.
4 Имараттың еки тәрепиндеги айналары үш қатардан ибарат болып, олар бир-бирине қарап турған еди.
5 Барлық қапылар ҳәм олардың жақлаўлары төрт мүйешли еди. Айналар болса, үш қатар етип, бир-бирине қарама-қарсы қурылған еди.
6 Сулайман узынлығы елиў шығанақ, ени отыз шығанақ болған өрели бир айўан ислетти. Айўанның алдында өрелер қойылып, үсти бастырылған шертек бар еди.
7 Және де, тахт туратуғын, яғный ол жерде өзи отырып қазылық ететуғын Ҳүким шығарыў айўанын қурдырды. Оны еденинен төбесине шекем кедр тахталар менен қаплатты.
8 Усы айўанның арқа тәрепиндеги Сулайман жасайтуғын сарай да усы тақылетте салынған еди. Сулайман ҳаялы, фараонның қызы ушын да анық усындай бир сарай қурып берди.
9 Бул имаратлардың ҳәммеси иши ҳәм сырты тийкарынан төбесине дейин ҳәм сыртынан үлкен ҳәўлиге дейин жарғылар менен кесилип, еки тәрепи де жонылған ҳәм белгиленген өлшем бойынша таярланған сапалы таслардан салынған еди.
10 Тийкары он шығанақ ҳәм сегиз шығанақ келетуғын үлкен, сапалы таслардан қаланды.
11 Дийўалы да өлшем бойынша кесилген сапалы таслардан өрилип, дийўал ушын кедр ағашы да пайдаланылды.
12 Үлкен ҳәўлиниң айналасы жонылған тастан үш қатар ҳәм кедр бөренеден бир қатар етип, айландырып өрилген еди. Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ишки ҳәўлисиниң ҳәм айўанының дийўаллары да усылай исленген еди.
13 Патша Сулайман хабар жиберип, Тирден Хирамды алдырды.
14 Оның анасы Нафталий урыўынан болған бир жесир ҳаял, ал әкеси тирли мыскер еди. Хирам қоладан зат ислеў уқыбын, шеберлигин ҳәм қәбилетин ийелеген уста еди. Ол патша Сулайманға келип, оның барлық ислерин орынлады.
15 Хирам қоладан еки өре иследи. Олардың ҳәр бириниң бийиклиги он сегиз шығанақ, ал ҳәр бириниң айнала өлшеми он еки шығанақ келетуғын еди,
16 Және де, өрелердиң үстине қойыў ушын, қоладан еқуйып иследи. Олардың ҳәр бириниң бийиклиги бес шығанақ еди.ки төбелик
17 Өрениң төбелигиниң ҳәр бири торға уқсатып өрилген шынжырлар менен безелди.
18 Ол өрелердиң жоқарысындағы төбеликлерди жаўып турыў ушын, ҳәр бир торды еки қатар етип айландырып, қола анарлар менен безеди.
19 Айўандағы өрелердиң төбеликлери лала гүллерге уқсатып исленип, олардың ҳәр бириниң бийиклиги төрт шығанақ еди.
20 Ҳәр бир өрениң төбесиндеги тордың жанындағы кесеге уқсаған бөлегиниң үстине айландырып, еки жүзден анар салынған еди.
21 Хирам бул өрелерди Ибадатхананың айўанына орнатып, оның қубладағысын Яхин, арқадағысын Боаз деп атады.
22 Өрелердиң төбеликлери лала гүл тақылетте еди. Солай етип, өрелерге байланыслы ислер тамам болды.
23 Хирам қоладан қуйма ҳаўыз жасады. Ол домалақ болып, оның бир ернегинен екинши ернегине шекемги аралығы он шығанақ, тереңлиги бес шығанақ, айнала узынлығы отыз шығанақ еди.
24 Ҳаўыз қуйылған ўақытта, оның ернегиниң астына еки қатар етип асқабаққа уқсаған нағыслар қосып қуйылған болып, олар ҳәр бир шығанаққа он-оннан туўры келетуғын еди.
25 Ҳаўыз он еки қуйма буғаның үстине орнатылған болып, олардың үшеўи арқаға, үшеўи батысқа, үшеўи қублаға, үшеўи шығысқа қарап турған еди. Буғалардың артқы жағы ҳаўыздың астында, иште еди.
26 Ҳаўыздың қалыңлығы төрт ели болып, ернеги кесениң ернегине, ашылып турған лала гүлге уқсайтуғын еди. Ҳаўызға еки мың бат суў сыятуғын еди.
27 Хирам қоладан он түбелдирик иследи. Ҳәр бир түбелдириктиң узынлығы төрт шығанақ, ени төрт шығанақ, бийиклиги үш шығанақ еди.
28 Түбелдириклердиң дүзилиси мынадай еди: түбелдириклер жақлаўларға бекитилген төрт мүйешли қола тахталардан исленди.
29 Тахталарға, сондай- ақ жақлаўларға да арыслан, буға ҳәм керублардың сүўретлери салынды. Ал арыслан ҳәм буғалардың сүўретлериниң асты менен үстине аспа гүлшеңберлери ойып исленди.
30 Ҳәр бир түбелдириктиң қоладан исленген төрт дөңгелеги ҳәм оғы бар еди. Түбелдириктиң төрт тәрепине ләгенди услап турыў ушын қуйма тирепбердилер исленип, олардың ҳәр бир тәрепи гүлшеңберлер менен безетилген еди.
31 Түбелдириктиң үсти бетинде ләген қойыў ушын арналған дөңгелек ойық бар болып, ләген түбелдириктен жоқары қарай бир шығанақ шығып турған еди. Оның түбине дейинги тереңлиги бир ярым шығанақ еди. Ойықтың айнала дөгерегинде ойма нағыслар бар еди. Бирақ түбелдириклердиң тахталары дөңгелек емес, төрт мүйешли еди.
32 Түбелдириктиң тахталарының асты бетинде төрт дөңгелек бар болып, оның оғы түбелдирикке қатырылған еди. Ҳәр бир дөңгелектиң бийиклиги бир ярым шығанақ еди.
33 Дөңгелеклер саўаш арбаларының дөңгелеклерине уқсайтуғын еди. Оның ҳәмме нәрсеси: оқлары, тоғыны, кегейи ҳәм гүпшеги қуйма еди.
34 Ҳәр бир түбелдириктиң төрт мүйешинде түбелдирикке қатырылған төрт тирепберди бар еди.
35 Түбелдириктиң үстинде ярым шығанақ бийикликте бир жумалақ ҳалқа бар еди.Түбелдириктиң тирепбердилери менен тахталары түбелдирикке бириктирип исленген еди.
36 Хирам тирепбердилер менен тахталарға сыйғанынша, керублардың, арысланлардың, пальма ағашларының сүўретлерин, ал айналасына гүлшеңберлерди ойып салды.
37 Усылайынша, ол он түбелдирик иследи. Олардың ҳәммесиниң қуйылыўы да, өлшеми де, көриниси де бирдей болды.
38 Хирам он түбелдириктиң үстине қойыў ушын қоладан он ләген иследи. Ҳәр бир ләгенниң ени төрт шығанақ болып, оның ҳәр бирине қырық бат суў кететуғын еди.
39 Түбелдириктиң бесеўин Ибадатхананың қубла тәрепине, бесеўин арқа тәрепине қойды. Ал ҳаўызды болса, Ибадатхананың оң тәрепине, яғный қубла-шығысына қойды.
40 Буннан соң, Хирам күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер ҳәм қан себетуғын табақлар соқты. Солай етип, Хирам патша Сулайманның тапсырмасы бойынша Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын ислеп атырған мына ислерин тамамлады:
41 еки өре, өрелердиң төбесине қойылатуғын еки төбелик, өрелердиң төбелерин орап турған еки торлы әшекөй,
42 өрениң төбелигин жаўып турыў ушын арналған ҳәр бир тордағы еки қатар анар, яғный еки тордағы төрт жүз анар,
43 он түбелдирик ҳәм түбелдирик үстине он ләген,
44 ҳаўыз ҳәм ҳаўыздың астындағы он еки буға,
45 күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер ҳәм қан себетуғын табақлар. Хирамның патша Сулайманға Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын ислеп берген ҳәмме нәрсеси жылтыратылған қоладан исленди.
46 Патша буларды Иордан тегислигинде, Суккот пенен Саретан арасындағы саз ылайлы жерлерде қуйдырды.
47 Буйымлар соншелли көп болғанлықтан, Сулайман олар ушын кеткен қоланың өлшемин анықламады.
48 Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын төмендеги затларды: алтыннан исленген түтетки түтетилетуғын орынды, үстинде усынылған нанлар туратуғын столды,
49 Ең мухаддес бөлмеге кирер аўызда, оң тәрепте туратуғын бес ҳәсте менен шеп тәрепте туратуғын бес ҳәстени гүллерди, шыраларды ҳәм пилик тазалайтуғын қысқышларды,,
50 қырмаларды, пилик кескишлерди, қан себетуғын табақларды, түтетки салатуғын тостағанларды ҳәм шоқ салынатуғын ыдысларды, Ибадатхананың ең төрги бөлмесиниң, яғный Ең мухаддес бөлмениң ҳәм үлкен бөлмениң қапыларының топсаларын алтыннан ислетти.
51 Патша Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасына тийисли болған ислерди тамамлағаннан соң, әкеси Даўыттың атаған гүмис, алтын ҳәм басқа затларын әкелип, Ибадатхананың қазнасына қойды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.