3 Патшалар 8 bob

Келисим сандығының Ибадатханаға алып келиниўи(1-13).Сулайманның халыққа айтқан сөзлери(14-21).Сулайманның дуўасы(22-61).Ибадатхананың бағышланыўы(62-66).

1 Патша Сулайман Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Даўыттың қаласы болған Сионнан алып келиў ушын Израил халқының барлық ақсақалларын, урыў ҳәм әўлад басшыларын Ерусалимге шақырды.
2 Ҳәмме жетинши ай болған Этаним айындағы байрам ўақтында* Сулайман патшаның алдына жыйналды.
3 Израил ақсақалларының ҳәммеси жыйналғанда, руўханийлер Келисим сандығын жерден көтерип алды.
4 Руўханийлер менен лебийлилер Жаратқан Ийениң сандығын, Ушырасыў шатырын ҳәм шатырдағы ҳәмме мухаддес буйымларды Ибадатханаға тасыды.
5 Патша Сулайман ҳәм оның жанындағы пүткил Израил жәмийети Келисим сандығының алдында, сан-санақсыз қой ҳәм буғаларды қурбанлыққа шалды.
6 Руўханийлер Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Ибадатхананың ең төрине, Ең мухаддес бөлмеге киргизип, керублардың қанатларының астындағы өз орнына қойды.
7 Керублардың қанатлары сандықтың үсти бойлап созылып, сандықты да, оның сырықларын да жаўып турды.
8 Сырықлар жүдә узын болғанлықтан, олардың ушлары Ең мухаддес бөлмениң алдындағы Мухаддес бөлмеден көринип туратуғын еди. Бирақ олар сырттан көринбейтуғын еди. Олар ҳәзир де сол жерде тур.
9 Сандықтың ишинде Муўсаның Хореб таўында қойған еки тас тахтасынан басқа ҳеш нәрсе жоқ еди. Булар Мысыр жеринен шыққанда Жаратқан Ийениң израиллылар менен дүзген келисими жазылған тас тахталар еди.
10 Руўханийлер Мухаддес бөлмеден шыққанда, бир булт Жаратқан Ийениң Ибадатханасын толтырды.
11 Бул булт себепли руўханийлер хызметин даўам еттире алмады. Себеби Жаратқан Ийениң салтанаты Ибадатхананы толтырып турған еди.
12 Сонда Сулайман былай деди: «Жаратқан Ийе! Сен: „Қойыў бултлар ишинде мәкан қурыўды қәлеймен“, – деп айтқан едиң.
13 Мен Сен ушын салтанатлы бир Ибадатхана, мәңгиге жасайтуғын бир қоныс қурдым».
14 Патша бурылып, тик аяқта турған пүткил Израил жәмийетине пәтия берди.
15 Соңынан патша былай деди: «Әкем Даўытқа Өз аўзы менен айтқан сөзлерин Өз қоллары менен орынлаған Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Ол былай деген еди:
16 „Халқым Израилды Мысырдан алып шыққан күннен бери Өзимниң атыма арнап бир Ибадатхана қурыў ушын, Израил урыўларына тийисли қалалардың ҳеш бирин таңламадым. Ал халқым Израилды басқарыў ушын Даўытты таңладым“
17 Әкем Даўыттың жүрегинде Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атына арнап Ибадатхана қурыў қәлеўи бар еди.
18 Бирақ Жаратқан Ийе әкем Даўытқа: „Мениң атыма арнап Ибадатхана қурыўды нийет етипсең. Бул жақсы нийет.
19 Деген менен, Мениң атыма арнап бул Ибадатхананы сен емес, ал сениң бел балаң қурады“, – деди.
20 Жаратқан Ийе берген сөзин орынлады. Жаратқан Ийениң айтқанындай, әкем Даўыттан соң Израил тахтына мен отырдым ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атына арнап Ибадатхана қурдым.
21 Усы Ибадатхананың ишинде мен Жаратқан Ийениң Келисим сандығын қоятуғын бир орын таярладым. Ата-бабаларымызды Мысырдан алып шыққанда, Жаратқан Ийениң олар менен дүзген келисими усы сандықтың ишинде тур».
22 Сулайман Жаратқан Ийеге арналған қурбанлық орынның алдында, пүткил Израил жәмийетиниң қарсысында турып, қолларын көклерге жайып былай деди:
23 «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Көкте де, жерде де Саған тең келетуғын қудай жоқ. Сен Өзиңе шын жүректен бойсынып жүрген қулларың менен дүзген келисимиңе садық қалып, оларға мийримиңди көрсетесең.
24 Сен Өз қулыңа, әкем Даўытқа Өз аўзың менен айтқан сөзлериңди бүгин Өз қолларың менен иске асырдың.
25 Жаратқан Ийе, Израилдың Қудайы! Енди әкем Даўытқа берген мына сөзиңниң де орынланыўын қәлеймен. Сен оған: „Егер урпақларың да саған уқсап, Мениң алдымда өз жолларынан адаспай жүрсе, сениң урпағыңнан Израил тахтында отыратуғын ер адамның изи үзилмейди“, – деген едиң.
26 Израилдың Қудайы, енди Өз қулың, әкем Даўытқа берген сөзиңди орынлай гөр!
27 Расында да, Қудай жер бетинде жасар ма еди? Сен көклерге, көклердиң көклерине де сыймайсаң. Оның алдында мен қурған мына Ибадатхана не болыпты?!
28 Солай болса да, Қудайым Жаратқан Ийе, қулыңның дуўаларын ҳәм өтинишлерин еситип, бүгин оның жалбарыныўларына ҳәм дуўасына қулақ сал.
29 Көзлериң күни-түни: „Мениң атым сол жерде болады“, – деп Өзиң айтқан Ибадатханада болсын ҳәм қулыңның сол жерге қарап еткен дуўасын есит.
30 Усы жерге қарап дуўа еткенинде, қулыңның ҳәм халқың Израилдың жалбарыныўларын есите гөр. Көклердеги Өз мәканыңнан оларға қулақ тутып, оларды кешире гөр.
31 Егер биреў өз жақынына қарсы гүна ислеўде айыпланса ҳәм оннан ант ишиў талап етилсе, ол келип, усы Ибадатханадағы Сениң қурбанлық орның алдында ант ишсе,
32 Сен оларға көклерден қулақ салып, қулларыңды Өзиң ҳүким ете гөр. Жазықлыны исине сай жазалап, жазықсызды әдиллигине сай ақлай гөр.
33 Егер халқың Израил Сениң алдыңда гүна ислегени ушын душпанларынан жеңилсе ҳәм қайтадан Саған жүз бурып, атыңды тән алса ҳәм усы Ибадатханада дуўа етип, Саған жалбарынса,
34 нда Сен оларға көклерден қулақ салып, Өз халқың Израилдың гүналарын кешир ҳәм оларды ата-бабаларына Өзиң берген жерге қайтара гөр.
35 Олар Саған қарсы гүна ислегени ушын аспан жабылып, жаўын жаўмағанда, олар усы жерге қарап дуўа етсе, атыңды тән алса ҳәм Сен оларды жазалағаныңда, гүналарынан жүз бурса,
36 онда Сен оларға көклерден қулақ салып, қулларыңның ҳәм халқың Израилдың гүналарын кешире гөр, оларға жүриўи тийис болған туўры жолды көрсет ҳәм халқыңа мүлик етип берген жериңе жаўын жаўдыра гөр
37 Егер елде ашлық болса, оба пайда болса, егинлер қуўраса, кеселленсе, шегиртке ҳәм қурт қапласа, душпанлар келип, өз қалаларының биринде қамал қылса, қандай да бир иллет тарқаса ямаса апатшылық басына түссе,
38 сонда бир адам ямаса пүткил халқың Израил дуўа етип, жалбарынса, ҳәр бир адам өзиниң басына түскен апатшылықты сезип, усы Ибадатханаға қарай қолларын жайса,
39 Сен көклердеги Өз мәканыңнан оларға қулақ сала гөр ҳәм оларды кеширип, ислеген ислерине қарай жуўап бере гөр. Себеби адам баласының жүрегинде не барын тек Сен ғана билесең.
40 Олар Өзиң ата-бабаларымызға берген бул жерде өмир бойы Сеннен қорқып жасасын.
41 Егер халқың Израилдан болмаған жат жерли адам Сениң атың себепли узақ елден келсе,
42 Сениң уллы атың, күшли қолың ҳәм Өз халқыңа қол созғаның ҳаққында еситип, усы Ибадатханаға келип дуўа етсе,
43 көклердеги Өз мәканыңнан оған қулақ салып, сорағанларын бере гөр. Солай етип, дүньядағы барлық халықлар халқың Израил сыяқлы Сениң атыңды билип, Сеннен қорқсын ҳәм мен қурдырған усы Ибадатхананың Саған сыйынатуғын орын екенин билсин.
44 Егер халқың Сен жиберген жол бойынша душпанларына қарсы саўашқа шықса ҳәм Сен таңлап алған қала менен Сениң атыңа арнап мен қурған усы Ибадатханаға қарап Саған, яғный Жаратқан Ийеге дуўа етсе,
45 көклерден олардың дуўаларына ҳәм жалбарыныўларына қулақ сала гөр ҳәм оларға жәрдем бере гөр.
46 Егер олар Саған қарсы гүна ислесе, себеби гүна ислемеген бирде бир адам жоқ, Сен ғәзепленип, оларды душпанға тәслим етсең ҳәм душпан оларды тутқын етип, өзиниң жақын ямаса узақ бир елине алып кетсе,
47 олар да тутқын болған елде жүрип, есин жыйып алғаннан кейин тәўбеге келип: „Гүна иследик, нызамсызлық қылдық, айыпдармыз“, – деп жалбарынса,
48 олар өзлерин тутқын қылған душпан елинде жүрип, шын жүректен ҳәм жан-тәни менен Саған жүз бурса, өзлериниң ата-бабаларына берген жерине, Сен таңлап алған қалаға ҳәм Сениң атыңа арнап мен қурған Ибадатханаға қарап дуўа етсе,
49 көклердеги Өз мәканыңнан олардың дуўа ҳәм жалбарыныўларына қулақ сала гөр ҳәм оларды қутқара гөр.
50 Сениң көз алдыңда гүна ислеген халқыңды, олардың Саған қарсы ислеген барлық гүналарын кешире гөр. Оларды тутқын еткенлердиң оларға реҳимли болыўы ушын, оларды тутқын еткенлерге инсап бере гөр.
51 ебеби олар Мысырдан, темир ошақ ишинен Өзиң алып шыққан Өз халқың ҳәм Өз мийрасың.
52 Көзлериң мениң ҳәм халқың Израилдың жалбарыныўларында болсын. Саған жалбарынғанда бәрқулла оларды еситип, жуўап бере гөр.
53 Себеби, Қудай Ийе! Сен ата-бабаларымызды Мысырдан алып шыққаныңда қулың Муўсаға айтқаныңдай, пүткил дүнья халықлары арасынан оларды Өзиңе мийрас етип ажыратып алдың»
54 Сулайман Жаратқан Ийеге дуўа етиўин ҳәм жалбарыныўларын тамамлағаннан соң, Жаратқан Ийениң қурбанлық орны жанынан, қолларын көклерге жайыўы менен диз шөккен жерден турды.
55 Ол тик турып, қатты даўыс пенен пүткил Израил жәмийетине былай деп пәтия берди:
56 «Өз сөзинде турып, халқы Израилға тынышлық берген Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Оның қулы Муўса арқалы айтқан ийгиликли сөзлериниң ҳеш бири орынланбай қалмады.
57 Қудайымыз Жаратқан Ийе ата-бабаларымыз бенен бирге болғаны сыяқлы, бизлер менен де бирге болсын, бизлерди тәрк етпесин ҳәм таслап кетпесин.
58 Өзиниң жолларынан жүриўимиз, ата-бабаларымызға берген буйрықларына, қағыйдаларына ҳәм нызамларына бойсынып жасаўымыз ушын, бизлердиң жүреклеримизди Өзине қаратсын.
59 Аўа, Жаратқан Ийе алдында жалбарынып айтқан бул сөзлерим күни-түни Қудайымыз Жаратқан Ийениң ядында болып, бул қулының ҳәм халқы Израилдың күнделикли мүтәжликлерин берип турсын.
60 Солай етип, барлық халықлар Жаратқан Ийениң Қудай екенин ҳәм Оннан басқа қудай жоқ екенин билип қойсын.
61 Бүгингидей, Оның қағыйдалары бойынша жасаў ҳәм буйрықларын орынлаў ушын, пүткил жүрегиңизди Қудайымыз Жаратқан Ийеге арнаңлар».
62 Соңынан патша ҳәм пүткил Израил халқы Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық шалды.
63 Сулайман жигирма еки мың бас буға ҳәм бир жүз жигирма мың бас қойды Жаратқан Ийеге арнап, татыўлық қурбанлығы ушын шалды. Солай етип, патша ҳәм пүткил Израил халқы Жаратқан Ийениң Ибадатханасын бағышлады.
64 Усы күни патша Жаратқан Ийениң Ибадатханасының алдындағы ҳәўлиниң ортанғы бөлегин де мухаддес қылып айырып, жандырылатуғын қурбанлықларды, ғәлле садақаларын ҳәм татыўлық қурбанлықларының майларын сол жерде берди. Өйткени Жаратқан Ийениң алдындағы қоладан исленген қурбанлық орнына жағылатуғын қурбанлықлар, ғәлле садақалары ҳәм татыўлық қурбанлықларының майлары сыймай кетти.
65 Сонда Сулайман ҳәм үлкен жәмийет – Лебо-Хаматтан Мысыр шегарасындағы сайға дейинги жерлерден келген пүткил Израил халқы Қудайымыз Жаратқан Ийениң алдында еки ҳәпте, улыўма он төрт күн байрамлады.
66 .Жети күнлик байрам тамам болғаннан кейин, сегизинши күни Сулайман халыққа рухсат берди. Олар да патшаға пәтия берип, Жаратқан Ийениң қулы Даўытқа ҳәм халқы Израилға ислеген жақсылықлары ушын кеўли толып, қуўаныш пенен үйлерине қайтты.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.