3 Патшалар 9 bob
1 Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасын ҳәм өзиниң сарайын салып, нийетлеген исиниң ҳәммесин тамамлағаннан соң,
2 Гибонда көрингени сыяқлы, Жаратқан Ийе оған және көринди.
3 Ол Сулайманға былай деди: «Мен сениң дуўаларыңды ҳәм жалбарыныўларыңды еситтим. Атымның мәңгиге сол жерде болыўы ушын, сен Маған арнап қурған мына Ибадатхананы мухаддес қылдым. Мениң көзлерим ҳәм жүрегим бәрқулла сол жерде болады.
4 Саған келсек, әкең Даўыт сыяқлы Мениң алдымда ҳадал жүрек ҳәм әдиллик пенен жүрсең, барлық буйрықларымды орынлап, қағыйда ҳәм нызамларыма бойсынып жасасаң,
5 онда: „Израил тахтынан сениң урпағыңның изи үзилмейди“ – деп әкең Даўытқа берген сөзимде турып, Израил ели үстинен сениң патшалығыңды мәңгиге туратуғын қыламан
6 Бирақ егер сен ҳәм сениң урпақларың Меннен жүз бурып, сизлерге берген буйрық ҳәм қағыйдаларыма бойсынбай, кетип қалсаңыз ҳәм басқа қудайларға хызмет етип, оларға табынсаңыз,
7 онда Мен Израилды Өзим берген жерден шығарып таслайман ҳәм Өз атым ушын мухаддес қылған мына Ибадатхананы тәрк етемен. Сонда Израил пүткил халықлар арасында әпсанаға айланып, күлкиге қалады.
8 Ал мына көркем Ибадатхана қарабақанаға айланады. Сонда оның жанынан өтип баратырған ҳәр бир адам ҳайран қалып, қорқыныш пенен: „Жаратқан Ийе бул елди ҳәм мына Ибадатхананы не ушын бул аўҳалға салды екен?“ – деп сорайтуғын болады.
9 Кейин олар: „Израил халқы ата-бабаларын Мысырдан алып шыққан Қудайы Жаратқан Ийени тәрк етип, басқа қудайларға жабысып алды ҳәм оларға табынып, хызмет етти. Сонлықтан Жаратқан Ийе оларды усы апатшылыққа дуўшар етти“, – дейди».
10 Сулайман еки имаратты: Жаратқан Ийениң Ибадатханасы менен өзиниң сарайын жигирма жылда питкерди.
11 Бул ислер ушын Тир патшасы Хирам Сулайманға керегинше кедр менен сәрўи ағашларын ҳәм алтын жеткерип берди. Сол себепли Сулайман Хирамға Галила үлкесиндеги жигирма қаланы берди.
12 Бирақ Хирам Тирден келип, Сулайманның өзине берген қалаларын көргенде, бул қалалар оған унамады.
13 Сонда Хирам Сулайманға: «Туўысқаным, маған берген қалаларың қандай қалалар өзи?» – деди ҳәм бул жерди Кабул* деп атады. Олар ҳәзир де солай аталады.
14 Хирам патшаға бир жүз жигирма талант алтын жиберген еди.
15 Патша Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасын, өзиниң сарайын, Миллоны, Ерусалимниң дийўалларын, Хасор, Мегиддо ҳәм Гезер қалаларын қурдырыў ушын мәрдикарға адам жыйнаған еди.
16 Гезер қаласын Мысыр фараоны қолға алып, өртеп жиберген еди. Ал сол жерде жасап атырған кенаанлыларды болса, қырып таслап, қаланы Сулайманға ҳаяллыққа берген қызына еншиге берген еди.
17 Сол себепли Сулайман Гезер қаласын қайта қурған еди. Ол және төменги Бейт-Хоронды,
18 Баалатты ҳәм Яҳуда жериндеги шөлдеги Тамарды,
19 өзине тийисли пүткил телеклери бар қалаларды, саўаш арбалары менен атлары туратуғын қалаларды қайта қурып, беккемледи. Буннан тысқары, Сулайман Ерусалимде, Лебанон таўларында ҳәм қол астындағы ҳәмме қалаларда қәлеген нәрселерин қурды
20 Үлкеде Израил халқынан болмаған халықлар: амор, хетт, периз, хиў ҳәм ебус халықлары қалып кеткен еди.
21 Израил халқы оларды толық жоқ қыла алмаған еди. Сулайман бул халықлардың урпақларын мәрдикарға алып, қул етти. Бул ҳәзир де даўам етпекте.
22 Бирақ Сулайман Израил халқының биреўин де қара жумысқа салмады. Оларды әскер, хызметкер, басшы, әскербасы, арбалы әскерлердиң басшысы етип қойды.
23 Сулайман жүргизип атырған ислердиң басында жумыс ислеп атырған халықты басқарып турған бес жүз елиў қадағалаўшы басшы бар еди.
24 Фараонның қызы Даўыттың қаласынан Сулайманның өзи ушын қурдырған сарайына көшип өткеннен соң, Сулайман Миллоны салдырды.
25 Сулайман Жаратқан Ийе ушын арнап қурдырған қурбанлық орында жылына үш рет жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм татыўлық қурбанлықларын беретуғын ҳәм соның менен бирге Жаратқан Ийениң алдында түтетки түтететуғын еди. Солай етип, ол Ибадатхананың қурылысын тамамлады.
26 Патша Сулайман Эдом жеринде, Қамыс теңизи жағасында жайласқан Элат жанындағы Эсион-Геберде кемелер соқтырды.
27 Хирам теңизди жақсы билетуғын кемешилерин Сулайманның адамлары менен бирге кемеде Офирге жиберди.
28 Олар Офирге барып, патша Сулайманға төрт жүз жигирма талант алтын әкелип берди.