4 Патшалар 11 bob

Яҳуда ханбийкеси Аталия (1-3). Аталияға қарсы бас көтериў (4-16). Руўханий Еҳояда киргизген өзгерислер (17-21).

1 Яҳуда патшасы Ахазияның анасы Аталия улының өлтирилгенин еситкенде, патша туқымынан болғанлардың ҳәммесин қырып таслаўды шешти.
2 Бирақ патша Иорамның қызы, Ахазияның қарындасы Еҳошеба Ахазия улы Иоашты патшаның өлтирилиўи керек болған уллары арасынан алып қашып, тәрбияшысы менен бирге жататуғын бөлмеге жасырып таслады. Оны Аталиядан жасырып, өлимнен аман алып қалды.
3 Аталия ел үстинен патшалық етип турғанда, бала Жаратқан Ийениң Ибадатханасында өз тәрбияшысы менен алты жыл жасырын түрде жасады.
4 Жетинши жылы руўханий Еҳояда карлы сақшылар* менен сарай сақшыларының жүзбасыларына адам жиберип, оларды өз жанына, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына алдырды. Сол жерде бул адамлар менен келисим дүзип, оларға ант ишкизгеннен соң, оларға патшаның улын көрсетти.
5 Кейин Еҳояда оларға буйрық берип, былай деди: «Сизлер былай ислейсизлер: Шаббат күни хызметке келгениңизде, үштен бириңиз патшаның сарайын қорғайсыз.
6 Үштен бириңиз Сур дәрўазасын, ал қалған үштен бириңиз сарай сақшыларының артындағы дәрўазаны қорғайсыз. Усылайынша сарайды қорғайсыз.
7 Шаббат күни хызметтен шыққан басқа еки топар сақшыларыңыздың ҳәммеси Жаратқан Ийениң Ибадатханасының жанында патшаны қорғайды.
8 Ҳәр бир адам қуралларын қолға алып, патшаны қоршап турсын, ким де ким сапқа жақынласса, ол өлтирилсин. Патша ишке киргенде де, шыққанда да оның жанында болыңлар».
9 Жүзбасылар руўханий Еҳояданың ҳәмме буйрықларын орынлады. Ҳәр бир жүзбасы Шаббат күни хызметке түсетуғын ҳәм хызметтен шығатуғын өзиниң қол астындағы адамларын алып, руўханий Еҳоядаға келди.
10 Руўханий Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы патша Даўыттан қалған найза ҳәм қалқанларды жүзбасыларға таратты.
11 Патшаны қорғаў ушын Ибадатхананың қубласынан арқасына дейин, қурбанлық орынның ҳәм Ибадатхананың әтирапына қураллы сақшылар қойылды.
12 Еҳояда патшаның улы Иоашты сыртқа алып шығып, басына таж кийгизди, қолына патшалық нызамларын берип, оны патша деп жәриялады. Оны майлап, патша етип қойды, ал халық қол шаппатлап: «Жасасын патша!» – деп қышқырысты.
13 Аталия сақшылардың ҳәм халықтың бақырысқан даўысларын еситип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы жыйналған халықтың жанына келди.
14 Қараса, дәстүр бойынша патша Жаратқан Ийениң Ибадатханасының киреберисиндеги өрениң жанында, ал әскербасылар ҳәм кәрнайшылар оның әтирапында турған екен. Ал пүткил үлке халқы болса, қуўаныш пенен кәрнай шалып турған екен. Сонда Аталия кийимлерин жыртып: «Қыянет, қыянет!» – деп бақырды.
15 Руўханий Еҳояда Аталияның Жаратқан Ийениң Ибадатханасында өлтирилиўин қәлемеди. Сонлықтан жүзбасыларға: «Мына ҳаялды бул жерден алып шығыңлар. Оған ергенлерди қылыштан өткизиңлер», – деп буўрық берди.
16 Аталия тутып алынды ҳәм сарайдың Ат дәрўазасына әкелинип, сол жерде өлтирилди.
17 Халықтың Жаратқан Ийениң халқы болыўы ушын, Еҳояда патша, халық ҳәм Жаратқан Ийе арасында келисим дүзди. Ол патша менен халық арасында да келисим дүзди.
18 Үлке халқы Баалдың бутханасына барып, оны қыйратты. Ондағы қурбанлық орынды ҳәм мүсинлерди бузып таслады, ал Баалдың руўханийи Маттанды қурбанлық орынлардың алдында өлтирди. Руўханий Еҳояда Жаратқан Ийениң Ибадатханасына қараўыллар қойды.
19 Кейин ол жүзбасыларды, карлы сақшыларды, сарай сақшыларын ҳәм пүткил үлке халқын ертип, патшаны Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан алып шықты. Оны сақшылар дәрўазасының жолы арқалы сарайға алып келди ҳәм ол патшалар тахтына отырды.
20 Пүткил үлке халқы шадлыққа бөленип, қала тынышланып қалды. Себеби Аталия патша сарайында қылыш пенен өлтирилген еди.
21 Иоаш тахтқа отырғанда жети жаста еди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.