4 Патшалар 13 bob

Израил патшасы Еҳоахаз (1-9). Израил патшасы Еҳоаш (10-13). Пайғамбар Элишаның өлими (14-21). Израил ҳәм Арам арасындағы саўаш (22-25).

1 Яҳуда патшасы Ахазия улы Иоаштың патшалығының жигирма үшинши жылында, Еҳу улы Еҳоахаз Самарияда Израилға патша болды ҳәм он жети жыл патшалық етти.
2 Еҳоахаз Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи ҳәм Израилды гүнаға баслаған Набат улы Яробамның гүналарын даўам етип, олардан бас тартпады.
3 Сол себепли Жаратқан Ийениң Израилға ғәзеби қайнап, оларды узақ ўақыт Арам патшасы Хазаелдиң ҳәм оның улы Бен-Ҳададтың қолына берип қойды.
4 Сонда Еҳоахаз Жаратқан Ийеге жалбарынды ҳәм Жаратқан Ийе оны еситти. Себеби Ол Арам патшасының израиллыларды қалай аяўсыз езип атырғанын көрип турған еди.
5 Солай етип Жаратқан Ийе израиллыларға бир қутқарыўшыны жиберди ҳәм израиллылар арам халқының қол астынан қутылып, бурынғыдай өз үйлеринде қәўипсиз жасай баслады.
6 Деген менен, олар Яробамның үй-ишиниң Израилды баслаған гүналарынан бас тартпай, оны даўам етти ҳәм кийели ағашы да Самарияда тура берди.
7 Еҳоахаздың елиў атлысы, он саўаш арбасы ҳәм он мың пияда әскери қалды. Өйткени Арам патшасы оларды қырып, күлин көкке суўырған еди.
8 Еҳоахаздың қалған ислери, ол ислеген барлық ислер ҳәм оның қаҳарманлықлары Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
9 Еҳоахаз өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм оны Самарияға жерледи. Оның орнына улы Еҳоаш патша болды.
10 Яҳуда патшасы Иоаштың патшалығының отыз жетинши жылында, Еҳоахаз улы Еҳоаш Самарияда Израилға патша болды ҳәм он алты жыл патшалық етти.
11 Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди ислеп, Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарынан жүз бурмай, сол гүналарды даўам етти.
12 Еҳоаштың басқа ислери, ол ислеген барлық ислер ҳәм Яҳуда патшасы Амасия менен урысқанда көрсеткен қаҳарманлықлары Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
13 Еҳоаш өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Самарияда Израил патшаларының жанына жерленди. Оның тахтына улы Яробам отырды.
14 Элиша даўасыз кеселликке шалынды. Израил патшасы Еҳоаш оны көриўге барып: «Әкем, әкем, Израилдың арбасы ҳәм атлылары!» – деп жылады.
15 Элиша оған: «Қолыңа оқ жай менен оқларды ал», – деди. Патша оқ жай менен оқларды алды.
16 Элиша: «Оқ жайды кер», – деди. Патша оқ жайды керди. Сонда Элиша қолларын патшаның қоллары үстине қойып:
17 «Шығыс тәрептеги айнаны аш», – деди. Патша айнаны ашты. Элиша: «Оқты ат», – деди. Ол атты. Элиша оған: «Бул оқ – Арам үстинен сени жеңиске еристиретуғын Жаратқан Ийениң жеңис оғы. Сен Афекте оларды толығы менен жоқ қыласаң», – деди.
18 Соңынан: «Оқларды ал», – деди. Патша оқларды алғанда, Элиша оған: «Оқларды жерге ур», – деди. Патша оқларды үш рет жерге урды да, тоқтап қалды.
19 Қудайдың адамының буған ашыўы келип: «Бес-алты рет урыўың керек еди. Сонда арамлыларды толығы менен жеңген болар едиң. Енди арамлыларды тек үш рет ғана жеңе аласаң», – деди.
20 Элиша өлип, жерленди. Ҳәр жылы бәҳәрде Моаб басқыншылары Израилға келетуғын еди.
21 Бир күни израиллылар бир өлини жерлеп атырғанда басқыншыларды көрип қалды ҳәм өлини Элишаның гөрине ылақтырып қашты. Өли дене Элишаның сүйеклерине тийгенде тирилип, аяққа турды.
22 Арам патшасы Хазаел Еҳоахаздың патшалығы дәўиринде израиллыларға зулымлық етип келди.
23 Бирақ Жаратқан Ийе Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқып пенен дүзген келисимине гөре, израиллыларға мийрим- шәпәәт көрсетти ҳәм реҳим етип, оларға жүз бурды. Оларды жоқ қылыўды қәлемеди ҳәм бүгинге дейин Өз дәргайынан қуўып жибермеди.
24 Арам патшасы Хазаел өлип, орнына улы Бен-Ҳадад патша болды.
25 Израил патшасы Еҳоаш әкеси Еҳоахаздың патшалығы дәўиринде қолдан берген қалаларды Хазаелдиң улы Бен-Ҳададтан қайтарып алды. Еҳоаш оны үш рет жеңилиске ушыратып, Израил қалаларына қайта ийелик етти.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.