4 Патшалар 17 bob
1 Яҳуда патшасы Ахаздың патшалығының он екинши жылында, Эла улы Ҳошеа Самарияда Израилға патша болып, тоғыз жыл патшалық етти.
2 Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. Бирақ өзинен алдынғы Израил патшаларынан тәўирирек еди.
3 Ассирия патшасы Шалманасар Ҳошеаға қарсы саўаш ашты. Ҳошеа тәслим болып, оған салық төлей баслады.
4 Бирақ Ассирия патшасы Ҳошеаның сатқынлық еткенин билип қалды. Себеби Ҳошеа Мысыр патшасы Соға хабаршылар жиберген еди ҳәм Ассирия патшасына ҳәр жылы төлейтуғын салығын төлемей қойған еди. Сонлықтан Ассирия патшасы оны тутып алып, зинданға таслады.
5 Ассирия патшасы пүткил Израил жерлерине ҳүжим қылып, Самарияны үш жыл қамал етип турды.
6 Ҳошеаның патшалығының тоғызыншы жылында, Ассирия патшасы Самарияны қолға киргизип, Израил халқын Ассирияға сүргин етти. Оларды Халахқа, Гозан дәрьясы бойындағы Хаборға ҳәм Мидия қалаларына орналастырды.
7 Булардың ҳәммеси израиллылардың өзлерин Мысыр патшасы фараонның қол астынан, Мысыр жеринен алып шыққан Қудайы Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислегени себепли жүз берди. Олар басқа қудайларға табына баслады.
8 Олар өзлериниң алдынан Жаратқан Ийе қуўып шығарған халықлардың дәстүрлери ҳәм Израил патшаларының шығарған дәстүрлери бойынша жасады.
9 Израиллылар өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийеге унамайтуғын бул ислерди жасырын ислейтуғын еди. Олар аўыллардан баслап, қорғанлы қалаларға шекем ҳәмме жерде өзлери ушын сыйыныў орынларын қурды.
10 Ҳәр бир бийикликке ҳәм қойыў жапырақлы теректиң астына кийели таслар ҳәм кийели ағашларын орнатты.
11 Олар Жаратқан Ийениң өзлериниң алдынан қуўып шығарған халықлары сыяқлы, барлық сыйыныў орынларында түтеткилер түтетти ҳәм ислеген жаман ислери менен Жаратқан Ийени ғәзеплендирди.
12 Жаратқан Ийениң өзлерине: «Булай ислемеңлер», – дегенине қарамастан, олар бутларға табынды.
13 Сонда Жаратқан Ийе Өзиниң барлық пайғамбарлары ҳәм ўәлийлери арқалы Израил ҳәм Яҳудаға былай деп ескертти: «Жаман жолыңыздан қайтыңлар. Ата-бабаларыңызға буйырған ҳәм қулларым болған пайғамбарларым арқалы сизлерге жиберген Нызамдағы барлық буйрықларыма ҳәм қағыйдаларыма бойсыныңлар».
14 Бирақ олар қулақ салмай, Қудайы Жаратқан Ийеге исенбеген ата-бабаларына уқсап қайсарлық қылды.
15 Олар Оның қағыйдаларынан, ата-бабалары менен дүзген келисиминен ҳәм өзлерине берилген ескертиўлеринен жүз бурып, мәниссиз бутларға табынды ҳәм өзлери де мәниссиз өмир сүрди. Жаратқан Ийе: «Әтирапыңыздағы халықларға уқсап жасамаңлар», – деп буйырса да, олар сол халықлардың әдетлерине гөре жасай берди.
16 Олар өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийениң барлық буйрықларынан жүз бурып, тананың еки мүсини менен кийели ағашын иследи ҳәм пүткил аспан денелерине табынып, Баалға хызмет етти.
17 Улларын ҳәм қызларын отта қурбанлыққа берди, палкерлик етти ҳәм белгилерди жорыды. Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди ислеўге берилип кетип, Оның ғәзебин келтирди.
18 Сонлықтан Жаратқан Ийениң израиллыларға қатты ғәзеби келди ҳәм Яҳуда урыўынан басқасының ҳәммесин Өз дәргайынан қуўды.
19 Бирақ Яҳуда да Өз Қудайы Жаратқан Ийениң буйрықларына бойсынбай, олар да израиллылар ислеген дәстүрлерди иследи.
20 Ақыбетте, Жаратқан Ийе пүткил Израил урпақларынан жүз бурып, оларды жазалады ҳәм басқыншылардың қолына тәслим етип, ҳәммесин Өз дәргайынан шығарып жиберди.
21 Бурын Жаратқан Ийе израиллыларды Даўыттың урпағының қолынан тартып алғаннан соң, израиллылар Набат улы Яробамды патша етип қойған еди. Яробам оларды Жаратқан Ийениң жолынан шығарып, уллы гүнаға баслады.
22 Израил урпақлары Яробам ислеген барлық гүналарға қосылды, бул гүналардан бас тартпады.
23 Ақырында, Жаратқан Ийе Өз қуллары болған пайғамбарлар арқалы айтқаны сыяқлы, израиллыларды Өз дәргайынан қуўып жиберди. Олар өз жеринен Ассирияға сүргин етилди. Бүгин де олар сол жерде жасайды.
24 Ассирия патшасы Бабилон, Кута, Аўўа, Хамат ҳәм Сефарўайым қалаларынан адамларды көширип әкелип, израиллылардың орнына Самария жерине қонысландырды. Олар Самарияны ийелеп, оның қалаларында жасай баслады.
25 Олар сол жерде жасай баслаған ўақытлары Жаратқан Ийеге сыйынбады. Сонлықтан Жаратқан Ийе оларға арысланларды жиберди, арысланлар олардың айырымларын өлтире баслады.
26 Сонда Ассирия патшасына мынадай хабар жетти: «Сиз Самария қалаларына көширип әкелип қонысландырған халықлар сол жердиң қудайына қалай сыйыныўды билмейди. Халық үлке қудайының нызамларын билмегени ушын, үлке қудайы үлкеге арысланлар жиберип атыр, арысланлар да адамларды өлтирип атыр».
27 Ассирия патшасы: «Самариядан сүргин етип әкелинген руўханийлерден бирин изге қайтарың. Ол барып, сол жерде жасасын ҳәм оларға сол жердиң қудайының нызамларын үйретсин», – деп буйырды.
28 Самариядан сүргин етилген руўханийлерден бири келип, Бейт-Элде жасады ҳәм Жаратқан Ийеге қалай сыйыныўды оларға үйретти.
29 Деген менен, Самария қалаларына қоныс басқан ҳәр бир халық өз қудайларының мүсинлерин иследи. Оларды израиллылар Самарияда жасаған ўақтында қурған сыйыныў орынларына қойды.
30 Бабилоннан келгенлер Суккот-Бенот деген, Куттан келгенлер Нергал деген, Хаматтан келгенлер Ашима деген,
31 Аўўадан келгенлер Нибхаз ҳәм Тартақ деген бутларды иследи. Ал Сефарўайымнан келгенлер Сефарўайым қудайлары Адраммелех пенен Анаммелехке арнап улларын отта жандырды.
32 Бир тәрептен олар Жаратқан Ийеге сыйынса, екинши тәрептен сыйыныў орынларындағы бутханаларда хызмет етиў ушын, араларынан руўханийлер сайлап қойды.
33 Сол жерге көшип келген ҳәр бир халық Жаратқан Ийеге сыйыныў менен бирге, өз халықларының дәстүрлери бойынша өз қудайларына да табынды.
34 Ҳәзир де олар сол ески дәстүрлери бойынша жасап келеди. Олар Жаратқан Ийеден қорқпайды, Жаратқан Ийе Израил деп ат берген Яқыптың балаларына буйырған қағыйдаларға, пәрманларға, нызамларға ҳәм буйрықларға бойсынбайды.
35 Жаратқан Ийе Яқыптың урпағы менен келисим дүзип, оларға былай деп буйырған еди: «Басқа қудайлардан қорқып, оларға табынбаңлар ҳәм оларға хызмет етип, қурбанлық бермеңлер.
36 Тек уллы қүдирети менен қол созып, сизлерди Мысыр жеринен алып шыққан Жаратқан Ийеден қорқыңлар, Оған сыйынып, қурбанлық бериңлер.
37 Сизлер ушын жазған қағыйдаларын, пәрманларын, нызамларын ҳәм буйрықларын бәрҳа муқыятлы түрде орынлаңлар ҳәм басқа қудайлардан қорқпаңлар.
38 Мениң сизлер менен дүзген келисимимди умытпаңлар, басқа қудайлардан қорқпаңлар.
39 Тек Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқыңлар. Ол сизлерди барлық душпанларыңыздың қолынан қутқарады».
40 Бирақ Самарияға қоныс басқан халықлар бул сөзлерге қулақ аспай, өзлериниң бурынғы әдетлери бойынша жасай берди.
41 Сол халықлар ҳәм Жаратқан Ийеге, ҳәм өзлери жондырып ислеткен мүсинлерге сыйынды. Олардың балалары да, балаларының балалары да өзлериниң ата-бабалары ислеген исти бүгинге дейин даўам етпекте.



































