4 Патшалар 18 bob
1 Израил патшасы Эла улы Ҳошеаның патшалығының үшинши жылында, Ахаз улы Хизкия Яҳудаға патша болды.
2 Хизкия жигирма бес жасында патша болып, Ерусалимде жигирма тоғыз жыл патшалық етти. Оның анасының аты Абия* болып, ол Зехарияның қызы еди.
3 Ол да атасы Даўытқа уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи.
4 Ол сыйыныў орынларын жоқ қылды, кийели тасларды майдалап, кийели ағашын кесип таслады, Муўса ислеген мыс жыланды да бөлип, майдалады. Себеби израиллылар оны Нехуштан деп атап, сол күнге дейин оған арнап түтетки түтететуғын еди.
5 Патша Хизкия Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге үмит байлады. Оннан бурын да, оннан кейин де, Яҳуда патшалары арасында оған уқсағаны болмады.
6 Ол Жаратқан Ийеге садық болып, Оннан жүз бурмады ҳәм Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген буйрықларын орынлады.
7 Сонлықтан Жаратқан Ийе оның менен бирге еди. Хизкия не ислесе де, табысқа еристи. Ол Ассирия патшасына қарсы бас көтерип, оған бойсыныўдан бас тартты.
8 Ол Газа ҳәм оның әтирапына шекем, аўыллардан баслап, қорғанлы қалаларға шекемги ҳәмме жерлердеги филистлерди қырып таслады.
9 Хизкияның патшалығының төртинши жылында, Израил патшасы Эла улы Ҳошеаның патшалығының жетинши жылында, Ассирия патшасы Шалманасар Самарияға ҳүжим жасап, қаланы қамал етти.
10 Ол үш жылдан соң, Самарияны қолға киргизди. Солай етип, Хизкияның патшалығының алтыншы, Израил патшасы Ҳошеаның патшалығының тоғызыншы жылында, Самария басып алынды.
11 Ассирия патшасы израиллыларды Ассирияға сүргин етип, оларды Халахқа, Хабор дәрьясының бойындағы Гозанға ҳәм Мидия қалаларына орналастырды.
12 Бул ўақыя израиллылардың Қудайы Жаратқан Ийениң сөзине қулақ аспағаны, Оның келисимин бузғаны себепли жүз берди. Себеби израиллылар Қудайы Жаратқан Ийениң қулы Муўса арқалы берген буйрықларына бойсынбады. Оларды тыңламады да, орынламады да.
13 Хизкияның патшалығының он төртинши жылында, Ассирия патшасы Санхериб Яҳуданың барлық қорғанлы қалаларына ҳүжим жасап, оларды басып алды.
14 Сонда Яҳуда патшасы Хизкия Лахиш қаласындағы Ассирия патшасына: «Мен айыплыман, мениң жеримнен кетсеңиз. Не талап етсеңиз де, төлеймен», – деп хабар жиберди. Сөйтип, Ассирия патшасы Яҳуда патшасы Хизкияға үш жүз талант гүмис ҳәм отыз талант алтын салық салды.
15 Хизкия Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан ҳәм сарайдың қазнасынан табылған гүмистиң ҳәммесин оған берди.
16 Сондай-ақ Яҳуда патшасы Хизкия Жаратқан Ийениң Ибадатханасының есиклерин ҳәм жақлаўларын алтын менен қаплатқан еди. Ол өзи қаплатқан усы алтынларды қыршып алып, оларды да Ассирия патшасына берди.
17 Деген менен, Ассирия патшасы бас сәркәрдасын, әскерий ўәкилин ҳәм бас ўәзирин үлкен армия менен Лахиштен Ерусалимге, патша Хизкияға жиберди. Олар Ерусалимге келип, кир жуўыўшының атызына баратуғын жолдағы, Жоқарғы ҳаўызға суў қуйылатуғын жерде тоқтады.
18 Олар патшаны шақыртты. Сарай басқарыўшысы Хилкия улы Эляким, хаткер Шебна ҳәм жылнамашы Асаф улы Иоах ассириялыларға барды.
19 Сонда Ассирия патшасының бас ўәзири оларға былай деди: – Уллы патша, Ассирия патшасының мына сөзлерин Хизкияға жеткизиң: «Неңе үмит байлап турсаң?
20 Урыс ушын жоба ҳәм күш бар деп айтасаң, бирақ сен тек бос сөзлерди айтып турсаң. Сен кимге сүйенип, маған қарсы бас көтерип турсаң?
21 Мине, сен өзине сүйенгенниң алақанын тесетуғын сынық қамыс ҳасаға уқсаған Мысырға сүйенип турсаң. Мысыр патшасы фараон өзине исенгенлердиң ҳәммесине усындай.
22 Бәлким маған: Бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийеге үмит байлаймыз, – дерсизлер. Яҳуда ҳәм Ерусалим халқына: Тек Ерусалимде, мына қурбанлық орында сыйыныңлар, – деп сыйыныў орынларын ҳәм қурбанлық орынларын жоқ қылған Хизкия емес пе еди?»
23 Енди сен, мениң мырзам Ассирия патшасы менен маўасаға кел. Егер мен саған еки мың бас ат берсем, оларға минетуғын сонша адам таба алар ма едиң?
24 Солай екен, мырзамның ең ҳәлсиз әскербасысын да жеңе алмайсаң-ғо. Ямаса Мысырдың саўаш арбалары менен атлыларына исенип турсаң ба?
25 «Қала берсе, мен бул жерди ўайран етиў ушын Жаратқан Ийениң еркисиз келдим бе? Жаратқан Ийе маған: Сол үлкеге ҳүжим қылып, оны ўайран ет, – деди».
26 Хилкия улы Эляким, Шебна ҳәм Иоах бас ўәзирге былай деп жуўап берди: «Бул қулларыңыз бенен арамейше сөйлесе бериң, түсинемиз. Дийўал үстиндеги халыққа еситтирип, бизлер менен еврей тилинде сөйлеспеңиз».
27 Бас ўәзир оларға: «Мырзам мени бул сөзлерди тек мырзаңа ҳәм саған айтыў ушын емес, ал сизлер менен бирге өз дәретин жеп, сидигин ишиўге дуўшар болатуғын дийўал үстинде отырған адамларға да жеткериў ушын жиберди», – деди.
28 Соңынан бас ўәзир орнынан турып, еврей тилинде былай деп бақырды: «Уллы патшаның, Ассирия патшасының сөзлерине қулақ салыңлар!
29 Патша былай дейди: „Хизкия сизлерди алдамай-ақ қойсын. Ол сизлерди мениң қолымнан қутқара алмайды.
30 Ол: Жаратқан Ийе бизлерди қутқарады, қала Ассирия патшасының қолына берилмейди, – деп сизлерди Жаратқан Ийеден үмитлендирмесин“.
31 Хизкияға қулақ салмаңлар. Себеби Ассирия патшасы былай дейди: „Мениң менен жарасып, маған келиңлер. Сонда ҳәр бир адам өз жүзиминиң ҳәм әнжир ағашының мийўесинен жеп, өз суў сақлағышынан суў ишеди.
32 Соңынан мен келип, сизлерди бийдайы, шарабы, наны, жүзимзарлары, зәйтүн майы ҳәм палы мол болған, өз үлкеңизге уқсаған бир үлкеге көширемен. Сонда өлмей, тири қаласызлар. Хизкияның: Жаратқан Ийе бизлерди қутқарады, – деп алдағанына қулақ салмаңлар.
33 Қайсы халықтың қудайы өз үлкесин Ассирия патшасының қолынан қутқара алған?
34 Хамат ҳәм Арпадтың қудайлары қайда? Сефарўайым, Ҳена ҳәм Иўўаның қудайлары қайда? Самария қудайлары қайда? Олар Самарияны мениң қолымнан қутқара алды ма?
35 Усы еллердиң қудайларының қайсы бири өз жерин мениң қолымнан қутқара алды? Солай екен, Жаратқан Ийе Ерусалимди мениң қолымнан қалай қутқарады?“»
36 Халық үндемеди, жуўап та қайтармады. Өйткени патша Хизкия халыққа оған жуўап бермеўди буйырған еди.
37 Сарай басқарыўшысы Хилкия улы Эляким, хаткер Шебна ҳәм жылнамашы Асаф улы Иоах кийимлерин жыртып, Хизкияның алдына келди ҳәм Ассирия патшасының бас ўәзириниң сөзлерин оған айтып берди.