4 Патшалар 20 bob

Хизкияның қәстелениўи ҳәм шыпаланыўы (1-11). Хизкияның ақылсызлығы (12-21).

1 Сол күнлери Хизкия аўырып, өлим төсегинде жатты. Сонда Амос улы Ийшая пайғамбар оған келип былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Үй-ишиңе ўәсиятнамаңды қалдырып, ырзаласа бер, себеби тәўир болмайсаң, өлесең“».
2 Хизкия жүзин дийўалға қаратып, Жаратқан Ийеге дуўа етип:
3 «О, Жаратқан Ийе! Алдыңда мениң шын жүректен садықлық пенен жасағанымды ҳәм нәзериңде туўры ислерди ислеп жүргенимди еслей гөр!» – деди ҳәм өксип-өксип жылады.
4 Ийшая еле сарайдың ортанғы ҳәўлисинен шығып кетпей атырып, оған Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
5 «Изиңе қайтып, Мениң халқымның ҳүкимдары Хизкияға мына хабарды жеткиз: „Бабаң Даўыттың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Дуўаңды еситтим, көз жасларыңды көрдим. Мине, Мен сени шыпалайман. Сен үшинши күни Жаратқан Ийениң Ибадатханасына барасаң.
6 Өмириңди он бес жылға узайтаман. Өзиңди де, бул қаланы да Ассирия патшасының қолынан қутқараман. Өзим ушын ҳәм қулым Даўыттың ҳүрмети ушын бул қаланы қорғайман“».
7 Ийшая патшаның адамларына: «Кептирип нығызланған әнжир алып келиңлер», – деди. Оны әкелип, жараға қойғанда, ол саўалып кетти.
8 Хизкия Ийшаядан: – Жаратқан Ийениң мени саўалтатуғынын ҳәм үшинши күни Жаратқан Ийениң Ибадатханасына баратуғынымды қандай белги арқалы билемен? – деп сорады.
9 Ийшая оған: – Жаратқан Ийениң Өз сөзин орынлайтуғынын билдиретуғын белги мынаў: текшеге түсип турған сая он адым алдыға жылжысын ба ямаса он адым артқа жылжысын ба? – деди.
10 Хизкия Ийшаяға: – Саяның алдыға он адым жылжыўы аңсат. Сая он адым артқа жылжысын, – деди.
11 Ийшая пайғамбар Жаратқан Ийеге жалбарынды. Сонда Жаратқан Ийе патша Ахаз соқтырған текшениң үстине түсип турған саяны он адым артқа жылжытты.
12 Сол арада Хизкияның аўырып қалғанын еситкен Бабилон патшасы Баладан улы Меродах-Баладан Хизкияға хатлар ҳәм саўғалар жиберди.
13 Хизкия елшилерди қабыл етти ҳәм оларға өз қазнасындағы затлардың ҳәммесин: гүмис ҳәм алтынларын, хош ийисли затларын, қымбатбаҳа майларын, қурал-жарақ сақланатуғын бөлмесин көрсетти. Хизкияның сарайында да, патшалығында да оларға көрсетилмеген ҳеш нәрсе қалмады.
14 Сонда пайғамбар Ийшая патша Хизкияның жанына келип, оған: – Бул адамлар сизге не деди? Олар қай жақтан келипти? – деп сорады. Хизкия оған: – Олар узақ елден, Бабилоннан келген, – деп жуўап берди.
15 Ийшая: – Олар сарайыңызда не көрди? – деп сорады. Хизкия: – Сарайымдағы ҳәмме нәрсени көрди. Қазнамда оларға көрсетпеген ҳеш нәрсем қалмады, – деп жуўап берди.
16 Сонда Ийшая Хизкияға былай деди: – Онда Жаратқан Ийениң сөзин еситиң:
17 «Жаратқан Ийе былай дейди: „Сарайыңдағы ҳәмме нәрсе ҳәм ата-бабаларыңның усы күнге шекем жыйнаған ҳәмме нәрсеси Бабилонға алып кетилетуғын күн келеди, ҳеш нәрсе қалмайды.
18 Сениң нәсилиңнен болған айырым урпақларың да алып кетилип, Бабилон патшасының сарайында хызметши болады“».
19 Хизкия Ийшаяға: – Жаратқан Ийениң сиз арқалы айтқан сөзлери жақсы сөзлер, – деди. Себеби ол ишинен: «Ҳеш болмағанда мениң заманымда тынышлық ҳәм абаданшылық болады», – деп ойлады.
20 Хизкияның басқа ислери, барлық қаҳарманлықлары, ол қурғызған ҳаўыз, суў өткеллери ҳәм қалаға қалай суў апарғанлары Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
21 Хизкия өлип, ата- бабаларына қосылды. Оның орнына улы Менашше патша болды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.