4 Патшалар 21 bob
1 Менашше он еки жасында патша болды ҳәм Ерусалимде елиў бес жыл патшалық етти. Оның анасының аты Хефсиба еди.
2 Ол Жаратқан Ийениң Израил халқының алдынан қуўып жиберген халықларының жеркенишли жаман ислерине еликлеп, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
3 Әкеси Хизкия жоқ қылған сыйыныў орынларын қайта тикледи. Израил патшасы Ахабқа уқсап, Баалға арнап қурбанлық орынлар қурды, кийели ағашын орнатты ҳәм пүткил аспан денелерине табынып, оларға хызмет етти.
4 Менашше Жаратқан Ийениң Ибадатханасына, яғный Жаратқан Ийениң: «Мен Ерусалимде Өз атымды орнатаман», – деген Ибадатханасына басқа қудайларға арнап, қурбанлық орынлар қурдырды.
5 Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасының еки ҳәўлисине де барлық аспан денелерине арнап қурбанлық орынлар қурды.
6 Ол өз улын отта жандырып қурбанлыққа берди, пал ашты, белгилерди жорыды, әрўақ ҳәм руўхларды шақырыўшыларға мәсләҳәт салды. Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди ислеп, Оны ғәзеплендирди.
7 Менашше өзи ислеткен Ашера бутын Жаратқан Ийениң Ибадатханасына қойды. Жаратқан Ийе Даўытқа ҳәм оның улы Сулайманға: «Бул Ибадатханада ҳәм Израил урыўлары арасынан таңлап алған қалам Ерусалимде атымды мәңгиге орнатаман.
8 Егер олар Мениң буйрықларыма ҳәм қулым Муўса буйырған барлық Нызамларды муқыятлы түрде орынлап жасаса, онда Израил халқын өзлериниң ата-бабаларына берген жерден қуўып шығармайман», – деген еди+.
9 Бирақ халық қулақ аспады. Менашшениң халықты жолдан азғырғаны соншелли, Жаратқан Ийениң Израил халқының алдынан жоқ қылған халықларынан да көбирек жаманлықлар иследи.
10 Жаратқан Ийе Өз қуллары болған пайғамбарлар арқалы былай деди:
11 «Яҳуда патшасы Менашше өзинен бурын сол жерде жасаған амор халқынан да жаманырақ жеркенишли ислерди ислегени, өз бутлары менен яҳудалыларды гүнаға баслағаны ушын,
12 Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: „Мен Яҳуда елиниң ҳәм оның бас қаласы Ерусалимниң басына еситкен адамның жүрегин суўлалатуғын бир апатшылық жаўдыраман.
13 Самарияға қолланған өлшеў жибин ҳәм Ахабтың үй- ишине қолланған өлшемди Ерусалимге де қолланаман. Табақты сыпырып, төңкерип қойғаны сыяқлы, Ерусалимди де солай сыпырып тазалайман.
14 Халқымның қалғанларынан жүз бураман, оларды душпанларының қолына тапсыраман. Душпанлары оларды тонап, талан-тараж етеди.
15 Себеби олар Мениң нәзеримде жаман ислерди иследи ҳәм ата-бабалары Мысырдан шыққан күннен усы күнге дейин Мениң ғәзебимди келтирди“».
16 Менашше Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди ислеп, яҳудалыларға ислеткен гүнасына қоса, жүдә көп айыпсыз қан төгип, Ерусалимди басынан аяғына шекем қанға батырды.
17 Менашшениң басқа ислери, ол ислеген барлық ислер ҳәм ол ислеген гүналар ҳаққында Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
18 Менашше өлип, ата- бабаларына қосылды ҳәм сарайдың Узза деп аталатуғын бағына жерленди. Оның орнына улы Амон патша болды.
19 Амон жигирма еки жасында патша болып, Ерусалимде еки жыл патшалық етти. Анасының аты Мешуллемет болып, ол иотбалы Харустың қызы еди.
20 Амон да әкеси Менашшеге уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
22 Ол әкесиниң жолынан жүрди, әкеси табынған бутларға хызмет етип, оларға табынды.
23 Амон ата- бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени тәрк етти, Оның жолынан жүрмеди.
24 Патша Амонның хызметшилери оған қарсы тил бириктирип, оны өз сарайында өлтирди.
25 Бирақ үлке халқы Амонға қарсы тил бириктиргенлердиң ҳәммесин өлтирди ҳәм оның орнына улы Иошияны патша етип қойды.
26 Амон ислеген басқа ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
27 Амон Узза бағындағы өз қәбирине жерленди. Оның орнына улы Иошия патша болды.