4 Патшалар 22 bob
1 Иошия сегиз жасында патша болып, Ерусалимде отыз бир жыл патшалық етти. Оның анасының аты Едида болып, ол босқатлы Адаяның қызы еди.
2 Иошия Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. Ол оңға да солға да бурылмай, бабасы Даўыттың жолынан жүрди.
3 Патша Иошия өз патшалығының он сегизинши жылында, Мешулламның ақлығы Асалияның улы хаткер Шафанды Жаратқан Ийениң Ибадатханасына жиберип, оған былай деди:
4 «Бас руўханий Хилкияға бар. Ол босағадағы қадағалаўшы руўханийлер халықтан жыйнап, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына алып келген гүмислерди есаплап шықсын.
5 Кейин оны Жаратқан Ийениң Ибадатханасының ишиндеги ислерди бақлаў ушын тайынланған адамларға берсин. Олар буны Жаратқан Ийениң Ибадатханасының бузылған жерлерин дүзетиўшилерге,
6 усталарға, қурылысшыларға, тас қалаўшыларға төлесин ҳәм Ибадатхананы дүзетиўге керекли болған ағашларды ҳәм жонылған тасларды сатып алыўға жумсасын.
7 Деген менен, оларға берилген гүмистиң есабы талап етилмесин, өйткени олар ҳадал ислейди».
8 Бас руўханий Хилкия хаткер Шафанға: «Мен Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан Нызам китабын таптым», – деп, китапты Шафанға берди. Шафан китапты оқыды.
9 Соңынан хаткер Шафан патшаға: «Қулларыңыз Ибадатханадан табылған гүмислерди алып, оны Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы ислерди алып барыўшыларға тапсырды», – деген хабар алып келди.
10 Соңынан ол: «Руўханий Хилкия маған бир китап берди», – деди ҳәм китапты патшаға оқып берди.
11 Патша Нызам китабындағы сөзлерди еситкенде, кийимлерин жыртты.
12 Ол руўханий Хилкияға, Шафан улы Ахиқамға, Михая улы Ахборға, хаткер Шафанға ҳәм өз хызметшиси Асаяға былай деп буйырды:
13 «Барып, табылған бул китаптың сөзлери ҳаққында мен ушын, халық ушын ҳәм пүткил Яҳуда ушын Жаратқан Ийениң еркин сораңлар. Ата-бабаларымыздың бул китаптың сөзлерине қулақ аспағаны ҳәм онда бизлер ушын жазылған бул сөзлерге сай жасамағаны себепли, Жаратқан Ийениң бизлерге қарсы лаўлаған ғәзеби уллы».
14 Руўханий Хилкия, Ахиқам, Ахбор, Шафан ҳәм Асая барып, Хархастың ақлығы Тиқўаның улы болған мухаддес кийимлерге қараўшы Шаллумның ҳаялы пайғамбар Хулда менен сөйлести. Хулда Ерусалимниң таза бөлиминде жасайтуғын еди.
15 Ҳаял оларға былай деди: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе сизлерди маған жиберген адамға былай деп айтыңлар деп атыр:
16 Жаратқан Ийе былай дейди: „Яҳуда патшасының оқыған китабында жазылғанындай, бул жерге де, бул жерде жасайтуғын халықтың басына да апатшылық жаўдыраман.
17 Олар мени тәрк етти ҳәм басқа қудайларға түтетки түтетип, пүткил ислери менен Мениң ғәзебимди келтирди. Сонлықтан бул жерге қарсы ғәзебим лаўлады ҳәм ол сөнбейди.
18 Жаратқан Ийеден сораў ушын сизлерди жиберген Яҳуда патшасына былай деп айтыңлар: сен еситкен сөзлер туўралы Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди:
19 Бул жер ҳәм бул жерде жасайтуғынлардың ўайран етилиўге ҳәм нәлетке ҳүким етилгени ҳаққында Мениң сөзлеримди еситкенде, жүрегиң езилди ҳәм Маған бойсындың. Сен кийимлериңди жыртып, Мениң алдымда жылағанлықтан, Мен де сени еситтим.
20 Сонлықтан Мен сени ата- бабаларыңа қосаман, тынышлық пенен қәбирге қойыласаң. Мен бул жерге жаўдыратуғын ҳеш бир апатшылықты сениң көзиң көрмейди“». Олар бул хабарды патшаға жеткизди.