4 Патшалар 23 bob
1 Патша Иошия адам жиберип, Яҳуда ҳәм Ерусалимниң барлық ақсақалларын өз жанына топлады.
2 Соңынан ол пүткил Яҳуда менен пүткил Ерусалим турғынларын, руўханийлерди, пайғамбарларды, үлкенинен кишкенесине дейинги пүткил халықты ертип, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына барды. Патша Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан табылған Келисим китабын басынан аяғына дейин оларға даўыслап оқып берди.
3 Кейин патша сүтинниң жанындағы арнаўлы орнында турып, Жаратқан Ийениң алдында келисим дүзди. Ол Жаратқан Ийениң жолы менен жүрип, Оның буйрықларын, қарарларын, қағыйдаларын шын жүректен, жан-тәни менен орынлаўға, бул китапта жазылған келисим сөзлерине әмел қылыўға ант ишти. Пүткил халық та келисимге қосылды.
4 Соннан соң, патша бас руўханий Хилкияға, екинши дәрежели руўханийлерге ҳәм босағадағы қадағалаўшы руўханийлерге Баалға, Ашераға ҳәм пүткил аспан денелерине арнап исленген ҳәмме нәрселерди Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан алып шығыўды буйырды. Оларды Ерусалимниң сыртындағы Кидрон ойпатлығында өртетип, күлин Бейт- Элге апарғызды.
5 Патша Яҳуда қалаларында ҳәм Ерусалим әтирапындағы сыйыныў орынларында түтетки түтетиў ушын Яҳуда патшалары тәрепинен тайынланған бутқа хызмет етиўши руўханийлерди, Баалға, қуяшқа, айға, жулдызларға ҳәм пүткил аспан денелерине арнап түтетки түтеткенлерди жоқ қылды.
6 Кийели ағашын Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан Ерусалимниң сыртына, Кидрон сайына шығарды. Оны сол жерде жағып, күл-талқан етти ҳәм күлин улыўма халықлық қәбирлердиң үстине шашты.
7 Бузықшылық ислеўши еркеклердиң Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы үйлерин бузып таслады. Ол жерде ҳаяллар Ашера бутына арнап, кийимлер тоқыйтуғын еди.
8 Иошия Яҳуда қалаларындағы Жаратқан Ийениң ҳәмме руўханийлерин жыйнап, Ерусалимге алып келди. Кейин Гебадан Беер-Шебаға шекемги руўханийлер түтетки түтетип, сыйынатуғын орынларды ҳарамлады. Қала ҳәкими болған Ешуаның дәрўазасына кирер аўыздағы сыйыныў орынларын да жоқ қылды. Бул дәрўаза қала дәрўазасының шеп тәрепинде еди.
9 Сыйыныў орынларының руўханийлери Ерусалимдеги Жаратқан Ийениң қурбанлық орнында қурбанлық бере алмаса да, олар өз кәсиплеслери болған руўханийлер менен ашытқысыз нан жейтуғын еди.
10 Иошия ҳеш кимниң қудай Молохқа арнап өз улын яки қызын отта жандырмаўы ушын, Бен-Ҳинном ойпатлығындағы Тофетти де ҳарамлап, жарамсыз аўҳалға келтирди.
11 Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасының кирер алдына, сарай хызметшиси Натан-Мелехтиң бөлмесиниң қасына Яҳуданың бурынғы патшаларының қуяшқа арнап қойдырған атларының мүсинлерин алып таслап, олардың арбаларын отта жандырды.
12 Иошия Ахаздың жоқарыдағы бөлмесиниң тамбасындағы Яҳуданың бурынғы патшалары қурдырған қурбанлық орынларын да, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының еки ҳәўлисиндеги Менашшениң қурдырған қурбанлық орынларын да буздырды. Оларды майдалап езип, Кидрон сайына шашып жиберди.
13 Және ол Ерусалимниң шығысына, Зәйтүн таўының қубласына Израил патшасы Сулайманның сидонлылардың жеркенишли буты Аштарта, моаблылардың жеркенишли буты Кемош ҳәм аммонлардың жеркенишли буты Милкомға арнап қурдырған сыйыныў орынларын ҳарамлады.
14 Иошия кийели тасларды күл-талқан етип, кийели ағашларын кесип таслады ҳәм олардың орынларын адам сүйегине толтырды.
15 Буннан тысқары, Израилды гүнаға баслаған Набат улы Яробам қурдырған Бейт-Элдеги сыйыныў орнын ҳәм қурбанлық орнын жоқ қылды. Ол сыйыныў орнын жағып жиберип, күлин көкке суўырды, кийели ағашын да жағып жиберди.
16 Иошия айналасына қарап, таў үстиндеги қәбирлерди көрди. Ол адамларын жиберип, қәбирдеги сүйеклерди алдыртты ҳәм оларды қурбанлық орынның үстинде жағып жиберип, қурбанлық орынды ҳарамлады. Бул Жаратқан Ийениң Қудайдың адамы арқалы алдын ала айтқан сөзлери бойынша болды.
17 Иошия: – Ана жердеги қулпы тас кимдики? – деп сорады. Қала турғынлары оған: – Яҳудадан келген Қудайдың адамының қәбири. Ол Бейт-Элдеги қурбанлық орында ҳәзир сиз ислеген ислер туўралы алдын ала жәриялаған еди, – деп жуўап берди.
18 Сонда патша: – Оған тиймеңлер, ҳеш ким оның сүйеклериниң тынышын алмасын, – деди. Солай етип, оның сүйеклерине де, Самариядан келген пайғамбардың сүйеклерине де ҳеш ким тиймеди.
19 Израил патшалары Жаратқан Ийениң ғәзебин келтирип, Самария қалаларындағы сыйыныў орынларына бутханалар қурдырған еди. Иошия Бейт-Элде ислегенлерин бул жерде де ислеп, бул бутханаларды да қыйратып таслады.
20 Ол сол жердеги сыйыныў орынларының руўханийлерин қурбанлық орын үстинде баўызлап, сол жерде адам сүйеклерин жандырды ҳәм соңынан Ерусалимге қайтып келди.
21 Патша Иошия пүткил халыққа: «Қудайыңыз Жаратқан Ийеге арнап Қутқарылыў байрамын мына Келисим китабында жазылғаны бойынша байрамлаңлар», – деп буйрық берди.
22 Себеби Израилда бийлер басқарған дәўирден баслап, Израил ҳәм Яҳуда патшалары басқарған дәўир бойы Қутқарылыў байрамы усылай байрамланбаған еди.
23 Жаратқан Ийеге арналған бул Қутқарылыў байрамы Иошияның патшалығының он сегизинши жылында, Ерусалимде болып өтти.
24 Буннан басқа, Иошия руўханий Хилкияның Жаратқан Ийениң Ибадатханасынан тапқан китабында жазылған нызам сөзлерин орынлаў ушын, Ерусалимде ҳәм Яҳуда жеринде пайда болған барлық жеркенишли ислерди: әрўақларды ҳәм руўхларды шақырыўшыларды, үй қудайларының мүсинлерин ҳәм бутларды жоқ қылды.
25 Иошиядан алдын да, оннан кейин де оған уқсап Муўсаның ҳәмме Нызамларына бойсынып, пүткил жан-тәни ҳәм бар күши менен Жаратқан Ийеге жүз бурған патша болмады.
26 Бирақ Менашше өз ислери арқалы Жаратқан Ийениң ғәзебин келтиргени ушын, Ол Өзиниң Яҳудаға қарсы лаўлаған ғәзебинен ўаз кешпеди.
27 Жаратқан Ийе былай деди: «Израилды дәргайымнан қалай қуўып шығарған болсам, Яҳуданы да солай қуўып шығараман. Таңлап алған қалам Ерусалимнен ҳәм „атым сол жерде болады“ деген Ибадатханадан жүз бураман».
28 Иошияның басқа ислери, ол ислеген барлық ислер Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
29 Иошияның ҳүкимдарлығы ўақтында, Мысыр фараоны Нехо Ассирия патшасына жәрдем бериў ушын, Евфрат дәрьясына қарай жолға шықты. Патша Иошия да Нехоға қарсы жүрис қылды ҳәм олар Мегиддода дусласқанда Нехо Иошияны өлтирди.
30 Хызметшилери Иошияның денесин арбаға салып, Мегиддодан Ерусалимге алып келди ҳәм өз қәбирине жерледи. Үлке халқы Иошияның улы Еҳоахазды майлап, әкесиниң орнына патша етип қойды.
31 Еҳоахаз жигирма үш жасында патша болып, Ерусалимде үш ай патшалық етти. Оның анасының аты Хамутал болып, ол либналы Еремияның қызы еди.
32 Еҳоахаз ата-бабалары сыяқлы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
33 Еҳоахаздың Ерусалимде патшалық етпеўи ушын, фараон Нехо оны Хамат үлкесинде, Риблада тутқынға алды ҳәм үлке халқына жүз талант гүмис ҳәм бир талант алтын салық салды.
34 Фараон Нехо Иошияның улы Элякимди әкесиниң орнына патша етип қойды ҳәм атын өзгертип, Еҳояким деп қойды. Ал Еҳоахазды Мысырға алып келди ҳәм ол сол жерде қайтыс болды.
35 Еҳояким фараон талап еткен гүмис ҳәм алтынды берди. Буның ушын ол үлке халқына ҳәр бириниң мал-мүлкине сай салық салып, халықтан гүмис ҳәм алтын өндирип алды.
36 Еҳояким жигирма бес жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти. Оның анасының аты Зебуда болып, ол румалы Педаяның қызы еди.
37 Еҳояким ата-бабалары сыяқлы, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.