4 Патшалар 25 bob
1 Седекияның патшалығының тоғызыншы жылының оныншы айының оныншы күни Бабилон патшасы Набуходоносор пүткил әскерлери менен Ерусалимниң әтирапына келип, орда қурды ҳәм қаланың дөгерегине топырақ үйди.
2 Қала Седекияның патшалығының он биринши жылына дейин қамалда болды.
3 Сол жылғы төртинши айдың тоғызыншы күни қалада ашлықтың ҳәўиж алғаны соншелли, халықта бир тислем нан да қалмады.
4 Сол ўақытта қала дийўалының бир жери бузылды. Бабилония әскерлериниң қаланы қамал қылып турғанына қарамастан, барлық әскерлер түнде патшаның бағының жанындағы еки дийўал арасындағы дәрўаза арқалы шығып, Иордан тегислигине қарай қашып кетти.
5 Бирақ Бабилония әскерлери патшаны қуўып кетип, Ерихо тегислигинде оған жетип алды. Ҳәмме әскерлер патша Седекияны таслап, қашып кетти.
6 Патшаны тутқынға алып, оны Риблаға, Бабилон патшасына апарды ҳәм сол жерде оған ҳүким шығарылды.
7 Бабилонлылар Седекияның көз алдында улларын баўызлады, ал өзиниң көзлерин ойып алды. Соңынан кисенлеп, Бабилонға алып кетти.
8 Бабилон патшасы Набуходоносордың патшалығының он тоғызыншы жылының бесинши айының жетинши күни Бабилон патшасының хызметшиси, сақшылар баслығы Набузарадан Ерусалимге келди.
9 Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасына, патша сарайына ҳәм Ерусалимдеги ҳәмме үйлерге от берип, барлық әҳмийетли имаратларды жағып жиберди.
10 Сақшылар басшысы менен бирге келген Бабилония әскерлери Ерусалим дөгерегиндеги дийўалларды қулатып таслады.
11 Сақшылардың басшысы Набузарадан қалада қалғанларды, Бабилон патшасы тәрепине өткен қашқынларды ҳәм басқа әпиўайы халықты сүргин етти.
12 Набузарадан жүзимгершилик ҳәм дийханшылық пенен шуғылланыўы ушын үлкедеги жарлы халықтың бир қаншасын таслап кетти.
13 Бабилонлылар Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы қола өрелерди, түбелдириклерди, қола ҳаўызды бөлеклеп, қоланы Бабилонияға алып кетти.
14 Соның менен бирге, олар хызмет етиў ўақтында қолланылатуғын күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер, пилик кескишлерди, түтетки салатуғын тостағанларды ҳәм қоладан исленген ҳәмме нәрселерди алып кетти.
15 Сақшылар басшысы алтын ҳәм гүмистен исленген буйымлардың ҳәммесин, шоқ салынатуғын ыдысларды ҳәм қан себетуғын табақларды алып кетти.
16 Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ушын Сулайман ислеткен еки өре, ҳаўыз ҳәм түбелдириклер ушын кеткен қоланың есабы жоқ еди.
17 Ҳәр бир өрениң бийиклиги он сегиз шығанақ болып, үстинде қоладан исленген төбелик бар еди. Ҳәр бир төбеликтиң бийиклиги үш шығанақ болып, олар айландырып қоладан исленген шынжырлы торлар ҳәм қуйма анарлар менен безелген еди.
18 Сақшылар басшысы Набузарадан бас руўханий Сераяны, екинши дәрежели руўханий Сефанияны ҳәм Ибадатхана босағасындағы үш қадағалаўшы руўханийди тутқынға алды.
19 Және де, ол Ерусалимде қалған әскерлердиң әскербасысын, патшаның бес ўәзирин, үлке халқын әскерликке шақырыў иси менен шуғылланатуғын әскербасының хаткерин ҳәм үлке халқының алпысын тутқынға алды.
20 Сақшылар баслығы Набузарадан оларды Риблаға, Бабилон патшасына алып барды.
21 Бабилон патшасы Хамат жеринде, Риблада оларды өлтиртти. Солай етип, Яҳуда халқы өз үлкесинен сүргин етилди.
22 Бабилон патшасы Набуходоносор Шафанның ақлығы Ахиқамның улы Гедалияны Яҳудада қалған халық үстинен ҳәким етип тайынлады.
23 Ҳәмме әскербасылар ҳәм олардың адамлары Бабилон патшасының Гедалияны ҳәким етип қойғанын еситкенде, Миспа қаласына, Гедалияның жанына келди. Келгенлер Нетания улы Исмайыл, Қареах улы Юханан, нетофалы Танхумет улы Серая, маахалының улы Язания ҳәм олардың адамлары еди.
24 Гедалия оларға ҳәм олардың адамларына ант ишип: «Бабилонлы хызметкерлердиң қол астында болыўдан қорқпаңлар. Үлкеге орналасып, Бабилон патшасына хызмет етиңлер. Сонда сизлер ушын жақсы болады», – деди.
25 Бирақ усы жылдың жетинши айында патша нәсилинен болған Элишаманың ақлығы Нетанияның улы Исмайыл он адамы менен Миспаға барып, Гедалияны өлтирди. Олар Миспада Гедалияның жанында болған Яҳуда халқын да калдейлилер менен бирге қылыштан өткерди.
26 Сонда үлкенинен кишкенесине дейин пүткил халық калдейлилерден қорққанынан әскербасылар менен бирге Мысырға қашты.
27 Яҳуда патшасы Еҳоякинниң сүргин етилгенине отыз жети жыл болғанда, Эўил-Меродах Бабилонға патша болды. Ол сол жылдың он екинши айының жигирма жетинши күни* Яҳуда патшасы Еҳоякинди зинданнан шығарды.
28 Патша оған жақсы қатнаста болды ҳәм оған Бабилонға сүргин етилген басқа патшалардан жоқарырақ болған мәртебе берди.
29 Солай етип, Еҳоякин зиндандағы кийимлерин шешип, таза кийимлер кийди ҳәм өмириниң ақырына шекем патша дастурханынан аўқат жеди.
30 Және де, өмириниң ақырына шекем оған күнделикли керек- жарағы патша тәрепинен берилди.