4 Патшалар 3 bob

Израил ҳәм Моаб арасындағы урыс(1-27).

1 Яҳуда патшасы Еҳошафаттың патшалығының он сегизинши жылында, Ахаб улы Иорам Самарияда Израилға патша болды ҳәм он еки жыл патшалық етти.
2 Иорам Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди ислеўди даўам етсе де, оның ислери өз ата-анасының ислериндей жүдә жаман болмады. Ол әкесиниң Баалға арнап соқтырған кийели тасларын алып таслады.
3 Деген менен, ол Набат улы Яробамның Израилды баслаған гүналарына ерип, олардан ўаз кешпеди.
4 Моаб патшасы Меша шарўашылық пенен шуғылланатуғын еди. Ол Израил патшасына жылына жүз мың қозы ҳәм жүз мың қошқардың жүнин беретуғын еди.
5 Бирақ патша Ахабтың өлиминен соң, Моаб патшасы Израил патшасына қарсы бас көтерди.
6 Сол ўақытта патша Иорам Самариядан шығып, пүткил израиллыларды бир жерге топлады.
7 Ол Яҳуда патшасы Еҳошафатқа: «Моаб патшасы маған қарсы бас көтерди. Моаблыларға қарсы урысыў ушын мениң менен бирге барасыз ба?» – деген хабар жиберди. Еҳошафат оған: «Аўа, бараман, мени өзиңиздей, халқымды өз халқыңыздай, атларымды өз атларыңыздай көриң», – деди.
8 Соңынан ол: «Бизлер қайсы жолдан барайық?» – деп сорады. Иорам оған: «Эдом шөли арқалы», – деп жуўап берди.
9 Солай етип, Израил, Яҳуда ҳәм Эдом патшалары бирге жолға шықты. Олар айланба жоллар арқалы жети күн жүргеннен кейин, суўлары таўысылып, әскерлер де, жанындағы ҳайўанлар да суўсыз қалды.
10 Сонда Израил патшасы: – Ўаҳ, Жаратқан Ийе бизлерди, үш патшаны моаблыларға тәслим етиў ушын бир жерге жыйнаған екен-дә! – деп бақырды.
11 Бирақ Еҳошафат: – Бул жерде Жаратқан Ийениң пайғамбары жоқ па? Ол арқалы Жаратқан Ийениң еркин сорап билер едик, – деди. Сонда Израил патшасының хызметкерлеринен бири: – Бул жерде Шафат улы Элиша бар, ол бурын Илиястың қолына суў қуйған шәкирти болған, – деп жуўап берди.
12 Еҳошафат: – Ол Жаратқан Ийениң не айтажағын биледи, – деди. Солай етип, Израил патшасы, Еҳошафат ҳәм Эдом патшасы Элишаға кетти.
13 Элиша Израил патшасына: – Сен неге маған киятырсаң? Әкең менен анаңның пайғамбарларына бар, – деди. Израил патшасы оған: – Яқ, себеби бул үш патшаны моаблыларға тәслим етиў ушын бир жерге топлаған – Жаратқан Ийе, – деп жуўап берди.
14 Элиша оған: – Өзим хызметинде болған Әлемниң Жаратқан Ийесиниң тирилиги ҳақы айтаман: егер Яҳуда патшасы Еҳошафатты ҳүрмет етпегенимде, саған қарамаған да, нәзер де салмаған болар едим.
15 Енди маған лира шертетуғын бир сазендени алып келиң, – деди. Сазенде келип, лира шерткенде, Жаратқан Ийениң күши Элишаның үстине түсти.
16 Сонда Элиша былай деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: „Бул ойпатлықтың басынан аяғына дейин орлар қазыңлар.
17 Сизлер самал да, жаўын да көрмейсизлер. Бирақ мына ойпатлық суўға толып, өзлериңиз де, малларыңыз ҳәм ҳайўанларыңыз да оннан суў ишесизлер“.
18 Жаратқан Ийе ушын буны ислеў аңсат. Ол моаблыларды да сизлерге тәслим етеди.
19 Сонда сизлер олардың барлық қорғанлы қалаларын ҳәм бас қалаларын қыйратып, олардағы ҳәр бир мийўе ағашын кесип таслайсызлар, барлық булақларының көзлерин бекитип, өнимдар атызларының ҳәммесин таслаққа айландырып, жарамсыз қыласызлар».
20 Ертеңине азанда қурбанлық берилетуғын ўақытта, бирден Эдом тәрептен суў ағып келип, жерди басып кетти.
21 Моаблылар патшалардың өзлери менен урысыў ушын киятырғанын еситкенде, урысқа жарамлы үлкен-кишини топлап, шегараға келип турды.
22 Олар азанда ерте турды. Қуяш көтерилип, суў бетине түскенде, бул суўлар арғы жақтағы моаблыларға қанға уқсап қызарып көринди.
23 Сонда олар: «Мынаў қан-ғо. Патшалар өз ара урысып, бир-бирин қырып таслаған екен. Қәне, моаблылар, олжаға!» – деп бақырысты.
24 Бирақ моаблылар Израил ордасына келгенде, израиллылар моаблыларға ҳүжим жасап, оларды қыра баслады. Сонда моаблылар қаша баслады, ал израиллылар оларды қуўыўын ҳәм қырыўын даўам етти.
25 Олар қалаларды қыйратты, өнимдар атызларға ҳәр бири бир тастан ылақтырып, оларды тасқа толтырды. Суў булақларының көзлерин бекитип, мийўе ағашларын кесип таслады. Тек Кир-Харесеттиң тас дийўаллары ғана өз орнында қалды. Бирақ сақпаншылар қоршап алып, оны да қыйратты,
26 Моаб патшасы өзиниң жеңилип атырғанын көргенде, жанына жети жүз қылышпазын алып, Эдом патшасының әскерлерин жарып өтпекши болды. Бирақ жарып өте алмады.
27 Сонда ол өз тахтының мийрасхоры болған туңғыш улын шалып, дийўал үстинде жандырылатуғын қурбанлық етип берди. Бул израиллыларда күшли ғәзеп оятты ҳәм олар қаланы тәрк етип, өз еллерине қайтып кетти.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.