4 Патшалар 5 bob
1 Арам патшасының сәркәрдасы Нааман өз мырзасы ушын уллы ҳәм ҳүрметли адам еди. Себеби Жаратқан Ийе арамлыларға ол арқалы жеңис сыйлаған еди. Нааман мәрт жаўынгер еди, бирақ ол жаман тери кеселлигине жолыққан еди.
2 Бурын арамлылар бир шабыўыл жасағанында, Израилдан бир кишкене қызды тутқын етип алып келген еди. Бул қыз Нааманның ҳаялына хызмет ететуғын еди.
3 Бир күни ол өз бийкесине: «Қәнекей, мырзам Самариядағы пайғамбарға барғанда ма еди, ол оны тери кеселлигинен азат еткен болар еди», – деди.
4 Буны еситкенде, Нааман барып, израиллы қыздың айтқанларын өз мырзасына, патшаға айтып берди.
5 Арам патшасы Нааманға: «Жолға атлан, мен Израил патшасына хат жазып беремен», – деди. Ол он талант гүмис, алты мың шекел алтын ҳәм он қатар кийим алып, жолға шықты.
6 Ол хатты Израил патшасына әкелип берди. Хатта былай деп жазылған еди: «Бул хат пенен бирге қулым Нааманды сизге жиберип атырман. Оны тери кеселлигинен азат етиўиңизди қәлеймен».
7 Израил патшасы хатты оқып көрди де, кийимлерин жыртып: «Адамның тери кеселлигин жазыў ушын маған адам жиберетуғындай, мен не жан алып жан беретуғын Қудай ма едим? Мине, көриңлер ҳәм билип қойыңлар, ол мениң менен урысыў ушын себеп излеп атыр», – деп бақырды.
8 Израил патшасының кийимлерин жыртқанын еситкен Қудайдың адамы Элиша патшаға: «Неге кийимлериңизди жырттыңыз? Ол адамды маған жибериң, Израилда бир пайғамбар бар екенин билип қойсын», – деген хабар жиберди.
9 Солай етип, Нааман атлары ҳәм арбалары менен Элишаның үйиниң есигиниң алдына келип турды.
10 Сонда Элиша хабаршысын жиберип, ол арқалы Нааманға былай деди: «Барып, Иордан дәрьясына жети рет жуўын, сонда териң жаңарып, пәк боласаң».
11 Нааман буған қатты ашыўланып: «Мен, ол алдымнан шығып, өз Қудайы Жаратқан Ийениң атын айтып шақырады ҳәм кеселленген жериме қолын қойып, оны жазады деп ойлаған едим.
12 Дамасктеги Абана ҳәм Парпар дәрьялары Израилдағы барлық дәрьялардың суўларынан артық емес пе? Мен оларда-ақ жуўынып, пәкленип алмас па едим?» – деди де, ашыўға буўлығыўы менен бурылып кетти.
13 Бирақ Нааманның хызметшилери жанына келип: «Мырзам, егер пайғамбар сизге қыйынырақ бир исти исле дегенде, ислемес пе едиңиз? Ол сизге тек: „Барып жуўын, тазаланасаң“, – деди-ғо», – деди.
14 Буннан соң, Нааман Қудайдың адамының сөзи бойынша Иордан дәрьясына барып, жети рет сүңгиди. Сонда оның денеси нәрестениң денесиндей тап-таза болды ҳәм ол пәкленди.
15 Нааман барлық адамлары менен бирге Қудайдың адамына қайтып келди ҳәм оның алдында турып былай деди: – Мине, енди пүткил жер бетинде Израилдың Қудайынан басқа қудайдың жоқ екенин билдим. Өтинемен, қулыңыздың мына саўғасын қабыл етиң, – деди.
16 Бирақ Элиша оған: – Өзим хызметинде болған тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: ҳеш нәрсе алмайман, – деди. Нааман Элишаны алыўға көндирмекши болды, бирақ ол алмады.
17 Сонда Нааман былай деди: – Онда маған усы жердиң топырағынан еки ғашырым көтере алғандай топырақ алыўға рухсат бериң. Өйткени қулыңыз болған мен ендигиден былай Жаратқан Ийеден басқа ҳеш бир қудайға жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм басқа қурбанлықлар бермеймен.
18 Бирақ мына жағдайда Жаратқан Ийе қулын кешириўин өтинемен: мырзам Риммонның бутханасына табыныў ушын барғанда, ол мениң қолыма сүйенеди. Сол ўақытта, Риммонның бутханасында мен де оның менен бирге тәжим қыламан. Сонда Жаратқан Ийе мени кеширсин.
19 Элиша оған: – Аман-есен кете бер, – деди. Нааман сол жерден шығып, бираз узақласқанда,
20 Қудайдың адамы болған Элишаның хызметшиси Гехазий ишинен былай деди: «Мырзам бул арамлы Нааманның әкелген саўғаларын алыўдан бас тартты. Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: мен оның изинен қуўып жетип, оннан бир нәрселер аламан».
21 Солай етип, Гехазий Нааманды қуўып кетти. Нааман изинен биреўдиң қуўып киятырғанын көргенде, арбадан түсти де, оны қарсы алып: – Аманлық па? – деп сорады.
22 Гехазий оған: – Аманлық, – деп жуўап берди. – Мырзам мени: «Жаңа ғана Эфрайымның таўлы үлкесиндеги пайғамбарлар топарынан еки жигит келип қалды. Оларға бир талант гүмис ҳәм еки қатар кийим берсин», – деген хабар менен жиберди.
23 Нааман: – Өтинемен, еки талант гүмис ал, – деди. Оны көндирип, еки талант гүмисти еки дорбаға салып байлады ҳәм еки қатар кийим қосып берип, оларды өзиниң еки хызметшисине көтертти. Олар Гехазийдиң алдында жүрди.
24 Төбешикке жеткенде, Гехазий затларды олардың қолынан алып, үйге жасырды ҳәм адамларды изине қайтарып жиберди.
25 Кейин өзи Элишаның алдына келди. Элиша оннан: – Гехазий қай жақтан киятырсаң? – деп сорады. Гехазий: – Қулыңыз ҳеш жаққа бармады, – деп жуўап берди.
26 Сонда Элиша оған: – Сол адам арбасынан түсип, сени қарсы алғанда руўхым сениң менен бирге емес пе еди? Ҳәзир гүмис, кийим, зәйтүн ҳәм жүзим бағларын, майда ҳәм ири маллар, қул ҳәм шорылар алатуғын ўақыт па?
27 Усы исиң ушын Нааманның жаман тери кеселлиги мәңгиге саған ҳәм сениң урпағыңа жабыссын, – деди. Гехазий Элишаның алдынан шыққанда, оның жаман тери кеселлигине шалынған денеси түлеп кеткен еди.