4 Патшалар 7 bob

Қамал етиўдиң тоқтаўы(3-20).

1 Элиша буған былай деп жуўап берди: – Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаңлар! Жаратқан Ийе былай дейди: «Ертең усы ўақытта Самария дәрўазасындағы базарда бир сеа* сапалы ун да, еки сеа арпа да бир шекелге сатылады».
2 Сонда патша сүйенип жүретуғын әскербасы Қудайдың адамына: – Егер Жаратқан Ийе аспан қақпақларын ашса да, булай бола қоймас, – деди. Элиша оған: – Сен ҳәммесин өз көзиң менен көресең, бирақ оннан жеў саған несип етпейди, – деди/
3 Қала дәрўазасының сыртында жаман тери кеселлигине шалынған төрт адам бар еди. Олар бир-бирине: «Өлимимизди күтип бул жерде отыра берип не қыламыз?
4 Қалаға кирейик десек, ол жерде ашлық болып атыр, ашлықтан өлемиз. Ал бул жерде отыра берсек те, өлемиз. Жақсысы, арамлылардың ордасына барайық. Егер өлтирмесе, тири қалармыз, өлтирсе өлип кетермиз», – деди.
5 Олар арамлылардың ордасына барыў ушын таң қараңғысында турып, орданың шетине келсе, ол жерде бирде бир адам жоқ екен.
6 Себеби Ийемиз Арам ордасына саўаш арбаларының тақыр-туқырлысын, атлардың киснеўин ҳәм көп әскерлердиң шаўқым-сүренин еситтирген еди. Сонда арамлылар бир-бирине: «Израил патшасы бизлерге ҳүжим жасаў ушын Хетт ҳәм Мысыр патшаларын жаллап алған қусайды», – дести.
7 Олар таң қараңғысында шатырларын, атларын, ешеклерин яғный пүткил ордасын таслап, бас саўғалап қашып кеткен еди
8 Жаман тери кеселлиги болған адамлар орданың шетине келип, бир шатырға кирди ҳәм ишип-жеди. Ол жерден гүмис, алтын ҳәм кийимлер алып, оларды жасырып қайтты. Кейин қайтып келип, басқа шатырға кирди ҳәм ол жерден алғанларын да апарып жасырып қойды.
9 Соңынан бир-бирине: «Бизлердиң бул исимиз дурыс емес. Бүгин қуўанышлы хабарлар күни. Егер бизлер айтыўға асықпай, ертең күн шыққанға дейин күтсек, онда жазаға тартыламыз. Жүриң, патша сарайына барып, хабар берейик», – деди.
10 Солай етип, олар келип, қала дәрўазасының қараўылларын шақырып, оларға былай деди: «Бизлер арамлылардың ордасына барып едик. Ол жерде бир де бир адам жоқ, адамның даўысы да еситилмейди. Тек байланған атлар менен ешеклер ҳәм қалай болған болса солай қалған шатырлар бар екен».
11 Дәрўаза қараўыллары жар салып, хабарды патша сарайына жеткизди.
12 Патша түн ортасында төсегинен турып, хызметшилерине: – Арамлылардың қандай жоба дүзип атырғанын сизлерге айтып қояйын: олар бизлердиң ашаршылықты бастан кеширип атырғанымызды биледи. Олар: «Израиллылар қаладан шыққанда, оларды тирилей қолға түсирип, қалаға кирип аламыз», – деп ойлап, атызларға жасырыныў ушын, шатырларын таслап кеткен, – деди.
13 Сонда хызметшилеринен бири патшаға: – Қалада қалған бес атты алып, жағдайды билип келиў ушын бир неше адам жиберейик. Ол жерге барғанлар да, қалада қалғанлар да бәри бир өледи, – деди.
14 Олар ҳәр бирине жуп аттан жегилген еки саўаш арбасын алды. Патша: «Барып, көриңлер», – деп оларды арам әскерлериниң изинен жиберди.
15 Олар арамлылардың изи менен Иордан дәрьясына дейин барды. Пүткил жол бойы арамлылардың асығып қашып баратырып ылақтырып кеткен кийим ҳәм затларына толы еди. Жиберилген адамлар қайтып келип, жағдайды патшаға жеткизди.
16 Сонда халық қаладан шығып, Арам ордасын талан-тараж қылды. Жаратқан Ийениң сөзи бойынша, бир сеа сапалы ун да, еки сеа арпа да бир шекелге сатылды.
17 Патша өзи сүйенип жүретуғын әскербасыны дәрўаза аўзына қойған еди. Ол дәрўазаның алдында адамлардың аяғының астында қалып, өлди. Патша Қудайдың адамының алдына барғанда, ол патшаға усылай болатуғынын айтқан еди.
18 Ҳәммеси Қудайдың адамының патшаға айтқанындай болды. Ол патшаға: «Ертең усы ўақытларда Самария дәрўазасындағы базардың алдында еки сеа арпа да, бир сеа сапалы ун да бир шекелге сатылады», – дегенде,
19 усы әскербасы Қудайдың адамына: «Жаратқан Ийе аспан қақпақларын ашса да, бундай бола қоймас», – деп жуўап берген еди. Сонда Элиша оған: «Сен буны өз көзлериң менен көресең, бирақ оннан жеў саған несип етпейди», – деген еди.
20 Солай болды да. Ол дәрўазаның алдында адамлардың аяғының астында қалып, өлди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.