2 Жылнама 19 bob

Ўәлий Еҳудың Еҳошафатқа ескертиўи(1-3). Еҳошафат киргизген жеңилликлер(4-11). 

1 Яҳуда патшасы Еҳошафат Ерусалимдеги сарайына аман-есен қайтып киятырғанда,
2 Хананий улы ўәлий Еҳу Еҳошафаттың алдынан шығып, оған былай деди: «Залымларға жәрдем берип, Жаратқан Ийени жек көргенлерди сүйиўиң керек пе еди? Бул исиң ушын саған Жаратқан Ийениң ғәзеби төгилди.
3 Деген менен, сениң жақсы ислериң де бар. Сен елди кийели ағашларынан тазаладың ҳәм шын жүректен Қудайды изледиң».
4 Еҳошафат Ерусалимде жасады. Бирақ ол тез-тез Беер-Шебадан Эфрайымның таўлы үлкелерине дейин жасайтуғын халықты аралап, оларды ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге жүз бурыўға шақырар еди.
5 Ол Яҳуда елиндеги барлық бекинисли қалаларға бийлер қойды.
6 Ол бийлерге: «Ислеген исиңизге дыққатлы болыңлар. Себеби сизлер адамлар атынан емес, ал Жаратқан Ийениң атынан ҳүким шығарасызлар. Жаратқан Ийе ҳүким исинде сизлер менен бирге болады.
7 Жаратқан Ийеден қорқың, итибарлы түрде ҳүким шығарың. Өйткени Қудайымыз Жаратқан Ийе наҳақлыққа, жалпылдақлыққа ҳәм параға көз жумып қарамайды», – дейтуғын еди.
8 Еҳошафат Ерусалимде де айырым лебийлилерди, руўханийлерди ҳәм Израилдың әўлад басшыларын Жаратқан Ийениң Нызамына байланыслы шешимлерди қабыллаў ҳәм даўаларды шешиў ушын тайынлады. Олар Ерусалимде жасады.
9 Патша оларға мынадай буйрық берди: «Сизлер өз ўазыйпаларыңызды Жаратқан Ийеден қорққан ҳалда, садықлық пенен шын жүректен орынлаңлар.
10 Өз қалаларында жасап атырған туўысқанларыңыз: төгилген қан туўралы болсын, Жаратқан Ийениң Нызамына, буйрықларына, қағыйдаларына ямаса қарарларына байланыслы болсын, қандай да бир даўа менен келсе, оларға Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислемеўди қатаң ескертиң. Сонда гүнадан қалыс боласыз. Болмаса, сизге де, туўысқаныңызға да Жаратқан Ийениң ғәзеби төгиледи.
11 Жаратқан Ийениң Нызамына байланыслы ислерде бас руўханий Амария, патшаға байланыслы ислерде Яҳуданың урыўбасысы Исмайыл улы Зебадия басшылық етеди. Ал лебийлилер болса, бул ислерди қадағалаўда сизлерге жәрдем береди. Мәрт болып иске кирисиң, Жаратқан Ийе жақсылық ислеўшилерге яр болсын!»


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.