2 Жылнама 22 bob

Яҳуда патшасы Ахазия(1-9). Аталияның патшалыққа отырыўы(10-12). 

1 Ерусалим турғынлары Иорамның орнына оның ең генже улы Ахазияны патша етип қойды. Себеби араблар менен бирге әскерий ордаға шабыўыл жасаған басқыншылар патшаның Ахазиядан үлкен улларының ҳәммесин өлтирген еди. Усылайынша, Иорам улы Ахазия Яҳуда үстинен патшалық ете баслады..
2 Ахазия жигирма еки жасында патша болып, Ерусалимде бир жыл патшалық етти. Оның анасы Израил патшасы Омрийдиң ақлығы болып, аты Аталия еди.
3 Ахазия Ахабтың урпағының жолынан жүрди. Себеби анасы оған мәсләҳәт берип, жаман ислерди ислеўге түртки салып отырды.
4 Ахазия Ахаб урпағы сыяқлы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. Әкеси Иорам өлгеннен кейин, Ахаб урпақлары оған кеңесши болып, оны қулаўға алып келди.
5 Ахазия олардың мәсләҳәтине қулақ салып, Израил патшасы Ахаб улы Иорамға ерип, Арам патшасы Хазаел менен урысыў ушын Гиладтағы Рамотқа кетти. Арамлылар Иорамды жарадар етти.
6 Патша Иорам Рамада, Арам патшасы Хазаел менен урысқанда, арамлылардан алған жарақатын емлетиў ушын Изреелге қайтты. Яҳуда патшасы Иорам улы Ахазия да жарадар болған Ахаб улы Иорамды көриў ушын Изреелге келди.
7 Бирақ Қудай Ахазияны Иорамды көриўге келгенде өлтириўди шешип қойған еди. Ахазия келгеннен кейин, Иорам менен бирге Нимший улы Еҳуды қарсы алыўға шықты. Жаратқан Ийе Еҳуды майлап, Ахабтың үй- ишин жоқ қылыў ушын таңлаған еди.
8 Еҳу Ахабтың үй-иши үстинен шығарылған ҳүкимди орынлап атырғанда, Ахазияға хызмет етип атырған Яҳуда басшылары менен Ахазияның әжағаларының улларына дус келди ҳәм оларды да өлтирди.
9 Кейин ол Ахазияны излей баслады. Еҳудың адамлары Ахазияны Самариядағы жасырынған жеринен тапты ҳәм оны Еҳуға алып келип, сол жерде өлтирди. Кейин: «Бул өзин шын жүректен Жаратқан Ийеге бағышлаған Еҳошафаттың улы ғой!» – деп, оны жерледи. Солай етип, Ахазияның үй-ишинен патшалық қылғандай ҳеш ким қалмады.
10 Ахазияның анасы Аталия улының өлтирилгенин еситкенде, Яҳудадағы патша туқымынан болғанлардың ҳәммесин қырып таслаўды шешти.
11 Бирақ патша Иорамның қызы Еҳошабат Ахазия улы Иоашты патшаның өлтирилиўи керек болған уллары арасынан алып қашып, тәрбияшысы менен бирге жататуғын бөлмеге жасырып таслады. Усылайынша, патша Иорамның қызы, руўханий Еҳояданың ҳаялы, Ахазияның өгей қарындасы болған Еҳошабат баланы Аталиядан жасырды. Солай етип, Аталия баланы өлтире алмады.
12 Аталия ел үстинен патшалық етип турғанда, бала Қудайдың Ибадатханасында олар менен алты жыл жасырын түрде жасады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.