2 Жылнама 25 bob

Яҳуда патшасы Амасия(1-24). Яҳуда патшасы Амасияның өлими(25-28). 

1 Амасия патша болғанда, жигирма бес жасында еди, ол Ерусалимде жигирма тоғыз жыл патшалық етти. Оның анасы ерусалимли болып, аты Еҳоаддан еди.
2 Амасия Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди ислесе де, оларды шын жүректен ислемеди.
3 Амасия өзиниң патшалық бийлигин беккемлеп алғаннан соң, әкеси Иоаш патшаны өлтирген хызметшилерди өлтирди.
4 Бирақ Муўсаның Нызам китабында жазылғанына сай ис тутып, олардың балаларын өлтирмеди. Онда Жаратқан Ийе: «Балалар ушын әкелер, әкелер ушын балалар өлтирилмесин. Ҳәр бир адам өз гүнасы ушын өлтирилсин», – деп буйырған еди.
5 Амасия Яҳуда халқын топлап, пүткил яҳудалылар менен беняминлилерге әўладлары бойынша мыңбасылар ҳәм жүзбасылар қойды. Кейин жигирма ҳәм оннан жоқары жастағыларды санақтан өткерип, әскерий хызметке жарамлы ҳәм найза менен үлкен қалқанды ислете алатуғын үш жүз мың ағла әскердиң бар екенин билди.
6 Булардан тысқары, жүз талант гүмиске Израилдан жүз мың баҳадыр жаўынгерди жаллап алды.
7 Сол арада Қудайдың бир адамы Амасияға келип былай деди: – Тақсыр! Израил әскерлери сиз бенен бирге бармасын, себеби Жаратқан Ийе израиллылар, яғный пүткил эфрайымлылар менен бирге емес.
8 Жақсысы, өзиңиз барып, иске кирисиң ҳәм мәртлерше урысың. Болмаса, Қудай сизди жеңилиске ушыратады. Өйткени Қудайдың қоллап- қуўатлаўға да, жеңилиске ушыратыўға да күши жетеди.
9 Амасия Қудайдың адамынан: – Онда Израил әскерлери ушын төленген жүз талант не болады? – деп сорады. Қудайдың адамы оған: – Жаратқан Ийе сизге оннан да көбирегин бериўи мүмкин, – деп жуўап берди.
10 Сонда Амасия Эфрайымнан келген әскерлерди үйлерине қайтарып жиберди. Олардың Яҳуда халқына деген ғәзеби лаўлады ҳәм ғәзепке толыўы менен үйлерине қайтып кетти.
11 Амасия мәртлик етип, өз әскерлерин Дуз ойпатлығына алып барды ҳәм ол жерде Сеирдиң адамларынан он мыңын өлтирди.
12 Яҳуда әскерлери олардың және он мыңын тутқынға алып, оларды жартастың төбесине алып шықты ҳәм ол жерден төменге ийтерип жиберди. Олардың ҳәммеси бөлек-бөлек болды.
13 Сол арада Амасия өзи менен урысқа барыўға рухсат бермей изине қайтарып жиберген әскерлер Самария менен Бейт-Хорон аралығындағы Яҳуда қалаларына ҳүжим қылды. Олар үш мың адамды өлтирип, көп олжа алып кетти.
14 Амасия эдомлыларды қырып қайтып келгенде, Сеир халқының бутларын өзи менен бирге алып келди. Ол бул бутларды өзине қудай етип қойды ҳәм оларға табынып, қурбанлықлар берди.
15 Сонда Амасияға Жаратқан Ийениң ғәзеби лаўлады ҳәм оған бир пайғамбарды жиберди. Пайғамбар патшаға: – Өз халқын сениң қолыңнан қутқара алмаған сол халықтың қудайларына не ушын жүз бурдыңыз? – дей бергенде,
16 Амасия оның гәпин бөлип: – Қашаннан бери сен патшаның мәсләҳәтшиси болып қалдың?! Бас қыл, болмаса жаныңды аламан, – деди. Пайғамбардың сөзи аўзында қалды, бирақ соңынан: – Сиз усылай етип, мениң сөзлериме қулақ салмағаныңыз ушын, Қудайдың сизди жоқ қылыўды қарар еткенин билемен, – деди.
17 Яҳуда патшасы Амасия кеңесгөйлери менен мәсләҳәтлескеннен соң, Еҳудың ақлығы Еҳоахаздың улы Израил патшасы Еҳоашқа хабаршылар жиберип: «Кел, жекпе-жек алысайық», – деп шақырық таслады.
18 Израил патшасы Еҳоаш та Яҳуда патшасы Амасияға мынадай жуўап жиберди: «Лебанон таўларындағы шат тикен сол жердеги кедрге: „Қызыңды мениң улыма ҳаяллыққа бер“, – деп хабар жиберипти. Бирақ Лебанон таўларындағы бир жабайы ҳайўан сол жерден өтип баратырып, шат тикенди женшип кетипти.
19 Эдомлыларды жеңдим деп, мақтанып, көкирегиң көтерилип кетипти. Жақсысы, үйиңде отыр! Жәнжел баслаўдың не кереги бар? Өзиңниң де, Яҳуданың да басын бәлеге қалдыражақсаң».
20 Деген менен, Амасия қулақ аспады. Бул Қудайдың иси еди. Амасияның Эдомның қудайларына табынғаны ушын, Қудай оларды душпанның қолына бериўге қарар қылған еди.
21 Израил патшасы Еҳоаш Яҳуда патшасы Амасияға қарсы жүрис қылып, олар Яҳуданың Бейт-Шемеш қаласында жүзбе-жүз келди.
22 Яҳудалылар израиллылар тәрепинен қыйратылып, үйлерине қарай қашты.
23 Израил патшасы Еҳоаш Еҳоахаздың ақлығы Иоаштың улы Яҳуда патшасы Амасияны Бейт-Шемеште тутқынға алып, оны Ерусалимге алып келди. Еҳоаш Ерусалим дийўалының Эфрайым дәрўазасынан Мүйеш дәрўазасына шекемги төрт жүз шығанақ аралығын қулатып таслады.
24 Ол Қудайдың Ибадатханасындағы Обед-Эдомның жуўапкершилиги астындағы ҳәмме алтын ҳәм гүмислерди, ҳәмме буйымларды, патша сарайындағы қазнаны, және де, кепилге қойылатуғын тутқынларды алып, Самарияға қайтып кетти.
25 Яҳуда патшасы Иоаш улы Амасия Израил патшасы Еҳоахаз улы Еҳоаштың өлиминен соң, он бес жыл өмир сүрди.
26 Амасияның басқа ислери, басынан ақырына шекем Яҳуда ҳәм Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
27 Амасия Жаратқан Ийеден бас кешкен күннен баслап, Ерусалимде оған қарсы тил бириктириле баслады. Ол Лахишке қашты. Бирақ тил бириктириўшилер Амасияның изинен Лахишке адам жиберип, оны сол жерде өлтиртти.
28 Олар Амасияның денесин атқа артып, алып келди ҳәм ол Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.