2 Жылнама 3 bob

Ибадатхананың қурылыўы(1-17). 

1 Сулайман Ерусалимдеги Мория таўында, ебуслы Орнанның қырман жеринде Ибадатхана қурылысын баслады. Бул жерди әкеси Даўыт алдын ала таярлап қойған болып, ол жерде Жаратқан Ийе Даўытқа көринген еди.
2 Сулайман қурылысты өз патшалығының төртинши жылының екинши айының екинши күни баслады.
3 Қудайдың Ибадатханасының иргетасының өлшеми ески өлшем бирлиги бойынша мынадай болды: узынлығы алпыс шығанақ, ени жигирма шығанақ еди.
4 Ибадатхана имаратының алдынғы жағындағы айўанның узынлығы Ибадатхана имаратының ениндей, яғный жигирма шығанақ, бийиклиги бир жүз жигирма шығанақ еди. Сулайман Ибадатхананың ишин сап алтын менен қаплатты.
5 Оның үлкен бөлмесиниң дийўалларын сәрўи тахташалар менен, олардың үстин сап алтын менен қаплатты. Алтынның бетине пальма ағашлары менен шынжыр нағысларын ойдырып салдырды.
6 Ол Ибадатхананы қымбатбаҳа таслар менен әшекөйлетти. Ол қолланған алтын Парўайым жеринен алып келинген еди.
7 Сулайман Ибадатхананың төбесиндеги өрелерди, қапының дөгерек ағашын, дийўалларын ҳәм қапыларын алтын менен қаплатып, дийўалларға керублардың сүўретлерин ойып салдырды.
8 Ол Ең мухаддес бөлмени де қурдырды. Оның узынлығы да жигирма шығанақ, ени де жигирма шығанақ болып, Ибадатхананың ени менен бирдей өлшемде еди. Сулайман бул бөлмениң ишин алты жүз талант жақсы алтын менен қаплатты.
9 Онда қолланылған алтын шегелердиң аўырлығы елиў шекел еди. Жоқарғы бөлмелердиң дийўаллары да алтын менен қапланды.
10 Ең мухаддес бөлме ушын еки керубтың мүсинин ислетип, оларды алтын менен қаплатты.
11 Керублардың қанатларының улыўма узынлығы жигирма шығанақ еди. Бир керубтың бир қанаты бес шығанақ болып, ол Ибадатхананың бир дийўалына тийип турды, ал екинши қанаты да бес шығанақ болып, ол екинши керубтың қанатына тийип турды.
12 Сол сыяқлы, екинши керубтың да бир қанатының узынлығы бес шығанақ болып, ол Ибадатхананың екинши дийўалына тийип турды, ал екинши қанаты да бес шығанақ болып, ол биринши керубтың қанатына тийип турды.
13 Керублардың жайылған қанатларының узынлығы жигирма шығанақ болды. Еки керуб та тик аяқта турған қәлипте исленип, жүзлери үлкен бөлмеге қарап турды.
14 Сулайман қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплерден ҳәм жиңишке ҳасыл зығыр жиплерден таўар тоқытты ҳәм олардың бетине керублардың сүўретлерин кестелетип, шымылдық ислетти.
15 Сулайман еки өре ислетип, оларды Ибадатхананың алдына қойдырды. Ҳәр бир өрениң бийиклиги отыз бес шығанақ, ал олардың үстиндеги төбелигиниң ҳәр бириниң бийиклиги бес шығанақ еди.
16 Ол ҳалқа сыяқлы оралып туратуғын шынжырлар ислетип, олар менен өрениң жоқарысын безеди. Және, ол жүз дана анар мийўесин ислетип, оларды шынжырларға илдиртти.
17 Өрелерди Ибадатхананың алдына: биреўин қубла тәрепине, екиншисин арқа тәрепине қойдырып, қубладағысын Яхин, арқадағысын Боаз деп атады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.