2 Жылнама 36 bob

Яҳуда патшасы Еҳоахаз(1-4). Яҳуда патшасы Еҳояким(5-8). Яҳуда патшасы Еҳоякин(9-10). Яҳуда патшасы Седеки(11-12). Ерусалимниң қулаўы(13-21). Кирдиң сүргинде болғанлардың қайтыўына рухсат бериўи(22-23). 

1 Яҳуда халқы әкеси Иошияның орнына улы Еҳоахазды Ерусалимде патша етип қойды.  
2 Еҳоахаз жигирма үш жасында патша болып, Ерусалимде үш ай патшалық етти.
3 Мысыр патшасы Нехо оны Ерусалимде тахттан түсирип, Яҳуда елине жүз талант гүмис ҳәм бир талант алтын салық салды.
4 Мысыр патшасы Нехо Яҳуда ҳәм Ерусалим тахтына Еҳоахаздың әжағасы Элякимди отырғызды ҳәм атын өзгертип, Еҳояким деп қойды. Ал Еҳоахазды болса, Мысырға алып кетти.
5 Еҳояким жигирма бес жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти. Ол Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
6 Бабилон патшасы Набуходоносор Еҳоякимге ҳүжим жасады ҳәм оны қола кисенлер менен кисенлеп, Бабилонға алып кетти.
7 Ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы бир қанша буйымларды алып кетип, Бабилондағы өзиниң бутханасына қойды.
8 Еҳоякимниң басқа ислери, ол ислеген жеркенишли ислер ҳәм оның басына түскен барлық ислер ҳаққында Израил ҳәм Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. Оның орнына улы Еҳоякин патша болды.
9 Еҳоякин сегиз жасында патша болып, Ерусалимде үш ай он күн патшалық етти. Ол да Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи.
10 Ерте бәҳәрде патша Набуходоносор адам жиберип, оны Бабилонға алдыртты. Келгенлер оның менен бирге Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы қымбатбаҳа буйымларды да алып кетти. Еҳоякинниң орнына Еҳоякинниң әкесиниң иниси Седекияны Яҳуда ҳәм Ерусалимге патша етип қойды.
11 Седекия жигирма бир жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти.
12 Седекия да Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаман болған ислерди иследи. Жаратқан Ийениң сөзин хабарлаған Еремия пайғамбар алдында бойсыныўшылық билдирмеди.
13 Седекия Қудайдың аты менен өзине ант иштирген патша Набуходоносорға қарсы бас көтерди. Ол қайсарлық пенен қасарысып, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге жүз бурмады.
14 Буның үстине, руўханийлердиң ҳәм халықтың барлық басшылары да барған сайын басқа халықлардың жеркенишли ислерине еликлеп, опасызлық қылды ҳәм Жаратқан Ийениң мухаддес қылған Ерусалимдеги Ибадатханасын да ҳарамлады.
15 Ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийе Өз халқы ҳәм Өз мәканына жаны ашып, Өз хабаршылары арқалы оларға қайта-қайта ескертти.
16 Бирақ олар Қудайдың хабаршыларын мазақ қылып, Оның сөзлерин писент етпеди ҳәм Оның пайғамбарларының үстинен күлди. Ақырында, Жаратқан Ийениң Өз халқына ғәзепленгени соншелли, енди қутқарылыўдың шарасы жоқ еди.
17 Қудай калдейлердиң патшасын оларға қарсы атландырды. Қалдейлердиң патшасы олардың жасларын Мухаддес орында қылыштан өткерди, жасты да, қыз баланы да, ғаррыны да, ақ шашлыны да аямады. Жаратқан Ийе олардың ҳәммесин Набуходоносордың қолына берди.
18 Ол Қудайдың Ибадатханасындағы үлкен-киши буйымлардың ҳәммесин, Жаратқан Ийениң Ибадатханасының қазналарын, патшаның ҳәм оның ўәзирлериниң қазналарын Бабилонға алып кетти.
19 Ол Қудайдың Ибадатханасына от қойды, Ерусалимниң дийўалын қулатты, ондағы барлық әҳмийетли имаратларды жағып жиберип, ондағы қымбатбаҳа нәрселердиң ҳәммесин жоқ қылды.
20 Ал қылыштан аман қалғанларды болса, Бабилонға сүргин қылды. Олар Персия патшалығы күшейгенге шекем, Бабилон патшасының ҳәм оның улларының қуллары болды.
21 Солай етип, Жаратқан Ийениң Еремия пайғамбар арқалы айтқан мына сөзлери орынланды: «Жер жетпис жыл бос қалып, Шаббат дем алысларын өтемегенше дем алады»/
22 Персия патшасы Кирдиң патшалығының биринши жылында Жаратқан Ийе Өзиниң Еремия пайғамбар арқалы айтқан сөзин әмелге асырыў ушын, Персия патшасы Кирдиң жүрегине түртки салды. Сонда патша Кир мынадай пәрман шығарып, оны пүткил патшалығы бойлап жәриялаўды ҳәм жазба түрде таратыўды буйырды:
23 «Персия патшасы Кир былай дейди: „Аспанның Қудайы Жаратқан Ийе жер жүзиндеги барлық патшалықларды маған берди ҳәм Яҳуданың Ерусалим қаласына Өзи ушын бир Ибадатхана қурыўды маған тапсырды. Араңыздағы Оның халқынан болған ҳәр бир адам Ерусалимге барсын. Қудайы Жаратқан Ийе оған яр болсын!“»


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.