Эзра 2 bob

Сүргиннен қайтып келгенлердиң дизими(1-70). 

1 Бабилон патшасы Набуходоносордың Бабилонға тутқын етип алып кеткен адамлары сүргин етилип, тутқында болған ўәлаятынан Ерусалимге ҳәм Яҳудадағы өз қалаларына қайтып келди.
2 Олар Зеруббабел, Ешуа, Нехемия, Серая, Реелая, Мордохай, Билшан, Миспар, Бигўай, Рехум ҳәм Баананың басшылығында қайтып келди. Сүргиннен қайтқан Израил ерлериниң дизими төмендегише:
3 Парош урпақларынан – 2172 адам;
4 Шефатия урпақларынан – 372 адам;
5 Арах урпақларынан – 775 адам;
6 Пахат-Моаб, яғный Ешуа ҳәм Иоаб урпақларынан – 2812 адам;
7 Элам урпақларынан – 1254 адам;
8 Затту урпақларынан – 945 адам;
9 Заккай урпақларынан – 760 адам;
10 Баний урпақларынан – 642 адам;
11 Бебай урпақларынан – 623 адам;
12 Азгад урпақларынан – 1222 адам;
13 Адониқам урпақларынан – 666 адам;
14 Бигўай урпақларынан – 2056 адам;
15 Адин урпақларынан – 454 адам;
16 Атер, яғный Хизкия урпақларынан – 98 адам;
17 Бетсай урпақларынан – 323 адам;
18 Иора урпақларынан – 112 адам;
19 Хашум урпақларынан – 223 адам;
20 Гиббар урпақларынан – 95 адам;
21 Бейтлеҳемлилерден – 123 адам;
22 Нетофалылардан – 56 адам;
23 Анатотлылардан – 128 адам;
24 Азмаўетлилерден – 42 адам;
25 Кирят-Яримлилерден, кефиралылардан ҳәм бееротлылардан – 743 адам;
26 Рамалылар менен гебалылардан – 621 адам;
27 Михмаслылардан – 122 адам;
28 Бейт-Эллилерден ҳәм айлылардан – 223 адам;
29 Неболылардан – 52 адам;
30 Магбишлилерден – 156 адам;
31 Басқа эламлылардан – 1254 адам;
32 Харимлилерден – 320 адам;
33 Лодлылардан, хадидлилерден ҳәм онолылардан – 725 адам;
34 Ерихолылардан – 345 адам;
35 Сеналылардан – 3630 адам.
36 Руўханийлер: Ешуа нәсилинен болған Едая урпақларынан – 973 адам;
37 Иммер урпақларынан – 1052 адам;
38 Пашхур урпақларынан – 1247 адам;
39 Харим урпақларынан – 1017 адам.
40 Лебийлилер: Ҳодаўия нәсилинен тараған Ешуа ҳәм Қадмиел урпақларынан – 74 адам.
41 Қосықшылар: Асаф урпақларынан – 128 адам
42 Дәрўаза қараўыллары: Шаллум, Атер, Талмон, Аққуб, Хатита ҳәм Шобай урпақларынан – 139 адам.
43 Ибадатхана хызметшилери: Сиха урпақларынан, Хасуфа урпақларынан, Таббаот урпақларынан,
44 Керос урпақларынан, Сиаҳа урпақларынан, Падон урпақларынан,
45 Лебана урпақларынан, Хагаба урпақларынан, Аққуб урпақларынан,
46 Хагаб урпақларынан, Шалмай урпақларынан, Ханан урпақларынан,
47 Гиддел урпақларынан, Гахар урпақларынан, Реая урпақларынан,
48 Ресин урпақларынан, Неқода урпақларынан, Газзам урпақларынан,
49 Узза урпақларынан, Пасеах урпақларынан, Бесай урпақларынан,
50 Асна урпақларынан, Меуним урпақларынан, Нефусим урпақларынан,
51 Бақбуқ урпақларынан, Хақуфа урпақларынан, Хархур урпақларынан,
52 Баслут урпақларынан, Мехида урпақларынан, Харша урпақларынан,
53 Барқос урпақларынан, Сисера урпақларынан, Темах урпақларынан,
54 Незиах ҳәм Хатифа урпақларынан еди.
55 Сулайманның хызметшилериниң урпақлары: Сотай урпақларынан, Соферет урпақларынан, Перуда урпақларынан,
56 Яла урпақларынан, Дарқон урпақларынан, Гиддел урпақларынан,
57 Шефатия урпақларынан, Хаттил урпақларынан, Покерет- Ҳассебайым урпақларынан ҳәм Амий урпақларынан еди.
58 Ибадатхана хызметшилери менен Сулайманның хызметшилериниң урпақларынан барлығы болып 392 адам еди.
59 Тел-Мелах, Тел-Харша, Керуб, Аддан ҳәм Иммер қалаларынан көшип келген, бирақ өзлериниң шығысын ҳәм Израилдың қайсы урыўына тийисли екенин дәлиллей алмағанлар мыналар еди:
60 Делая, Тобия ҳәм Неқода урпақларынан – 652 адам.
61 Сондай-ақ, руўханийлер нәсилинен болған Хабайя урпақлары, Ҳаққос урпақлары ҳәм гиладлы Барзиллайдың қызларының бирине үйленип, қәйин атасының аты менен аталған Барзиллай урпақлары.
62 Булар жазба шежиреден өз шығысын изледи, бирақ таба алмағанлықтан қаны таза емес деп, руўханийлик хызметинен шетлетилди.
63 Ҳәким оларға Урим ҳәм Туммимнен пайдалана алатуғын руўханий шықпағанша, тек руўханийлерге берилетуғын ең мухаддес тағамнан жемеўди буйырды.
64 Сүргиннен қайтқан пүткил жәмийет ҳәммеси болып 42 360 адам еди.
65 Булардан тысқары, 7337 қул ҳәм шорылар, 200 еркек ҳәм ҳаял қосықшылар бар еди.
66 Сүргиннен қайтқанлардың 736 аты, 245 ғашыры,
67 435 түйеси ҳәм 6720 ешеги бар еди.
68 Олар Ерусалимдеги Жаратқан Ийениң Ибадатханасына келиўден-ақ, Қудайдың Ибадатханасын өз орнына қайта тиклеў ушын, айырым урпақ басшылары ықтыярлы садақалар усынды.
69 Ҳәр бири шамасы келгенин берди. Бул ис ушын қазнаға 61 000 дарик алтын, 5000 мина гүмис ҳәм 100 руўханийлик кийим берилди.
70 Руўханийлер, лебийлилер, халық ишинен айырым адамлар, қосықшылар, дәрўаза қараўыллары ҳәм Ибадатхана хызметшилери өз қалаларына орналасты. Қалған барлық израиллылар да өз қалаларына орналасып алды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.