Эзра 7 bob
1 Бул ўақыялардан кейин, Персия патшасы Артаксеркстиң ҳүкимдарлығы дәўиринде Эзра деген бир адам жасады. Ол Серая улы еди, Серая Азария улы, Азария Хилкия улы,
2 Хилкия Шаллум улы, Шаллум Садоқ улы, Садоқ Ахитуб улы,
3 Ахитуб Амария улы, Амария Азария улы, Азария Мерайот улы,
4 Мерайот Зерахия улы, Зерахия Уззий улы, Уззий Буккий улы,
5 Буккий Абишуа улы, Абишуа Пинехас улы, Пинехас Элазар улы, ал Элазар бас руўханий Харонның улы еди.
6 Усы Эзра Бабилоннан Ерусалимге келди. Эзра Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң Муўсаға берген Нызамын жетик билетуғын улама еди. Қудайы Жаратқан Ийениң қолы оның үстинде болғанлығы себепли, патша оған сораған нәрсесиниң ҳәммесин берди.
7 Патша Артаксеркстиң ҳүкимдарлығының жетинши жылы Израил халқынан айырым адамлар, сондай-ақ руўханийлерден, лебийлилерден, қосықшылардан, дәрўаза қараўылларынан ҳәм Ибадатхана хызметшилеринен айырымлары да оның менен бирге Ерусалимге қайтты.
8 Эзра Ерусалимге келгенде, Артаксеркстиң ҳүкимдарлығының жетинши жылының бесинши айы еди.
9 Ол биринши айдың биринши күни Бабилоннан жолға шығып, өз Қудайының мийримли қолы астында бесинши айдың биринши күни Ерусалимге жетип келди.
10 Себеби Эзра өз өмирин Жаратқан Ийениң Нызамын үйрениўге, оларды орынлаўға ҳәм Израилда қағыйда ҳәм нызамларды үйретиўге бағышлаған еди.
11 Жаратқан Ийениң буйрықларын ҳәм Оның Израилға берген қағыйдаларын жақсы билетуғын улама ҳәм руўханий Эзраға патша Артаксеркстиң берген хатының мазмуны мынадай еди:
12 «Патшалар патшасы Артаксеркстен аспанның Қудайының Нызамын жетик билетуғын улама, руўханий Эзраға сәлем!
13 Мен мынаны буйыраман: патшалығымда жасайтуғын Израил халқынан болған ҳәр бир адамның, сондай-ақ сениң менен бирге Ерусалимге кетиўди қәлеген руўханийлердиң ҳәм лебийлилердиң кетиўине рухсат беремен.
14 Сен қолыңдағы Қудайдың Нызамына тийкарланып, Яҳуда менен Ерусалимдеги жағдайды үйрениў ушын патша ҳәм оның жети мәсләҳәтшиси тәрепинен жиберилип атырсаң.
15 Ерусалимде мәкан басқан Израилдың Қудайына арнап, патша ҳәм оның жети мәсләҳәтшиси ықтыярлы түрде берген гүмис ҳәм алтынларды сол жерге жеткересең.
16 Және де, Бабилон ўәлаятынан өзиң жыйнайтуғын барлық гүмис ҳәм алтынды, өзлериниң Қудайының Ерусалимдеги Ибадатханасына арнап халық ҳәм руўханийлер берген ықтыярлы садақаларды да алып кетесең.
17 Бул пулларға сен буғалар, қошқарлар, тоқлылар, олардың ғәлле садақаларын ҳәм ишимлик садақаларын сатып ал. Оларды Қудайыңның Ерусалимдеги Ибадатханасының қурбанлық орнында қурбанлыққа бер.
18 Қалған гүмис ҳәм алтынларды туўысқанларың менен бирге Қудайдың еркине сай қәлегениңше ислет.
19 Қудайыңның Ибадатханасындағы хызметке қолланыў ушын берилген ыдысларды Ерусалимниң Қудайына тапсыр.
20 Қудайыңның Ибадатханасы ушын не нәрсе талап етилсе де, жеткизиўиң керек болған ҳәр бир нәрсени патшаның қазнасынан аларсаң.
21 Енди мен, патша Артаксеркс дәрьяның арғы тәрепиндеги үлкениң барлық қазнашыларына буйыраман: аспанның Қудайының Нызамы бойынша улама, руўханий Эзраның сизлерден талап қылған нәрсесиниң ҳәммесин сөзсиз бериңлер.
22 Оған 100 талантқа шекем гүмис, 100 корға шекем бийдай, 100 батқа шекем шарап, 100 батқа шекем зәйтүн майы ҳәм қәлегенинше дуз бериңлер.
23 Аспанның Қудайы Өз Ибадатханасы ушын нени буйырса, соны булжытпай орынлаңлар. Оның мениң ҳәм улларымның патшалығына қарсы ғәзебин лаўлатыўдың неге кереги бар?
24 Мынаны да билип қойыңлар: руўханийлердиң, лебийлилердиң, қосықшылардың, дәрўаза қараўылларының, Ибадатхана хызметшилериниң ҳәм Қудайдың сол Ибадатханасындағы басқа хызметшилердиң ҳеш биринен салғырт та, салық та, бажы пулы да алынбасын.
25 Саған келсек, Эзра, Қудайыңның өзиңе берген даналығы менен ҳәкимлер ҳәм қазылар тайынла. Олар дәрьяның арғы тәрепиндеги сениң Қудайыңның нызамларын билетуғын барлық халықты ҳүким етсин. Ал нызамларды билмейтуғынларға тәлим бер.
26 Қудайыңның нызамларына ҳәм патшаның буйрықларына бойсынбағанлар жазаға тартылсын: өлимге ҳүким етилсин, сүргинге жиберилсин, мал-мүлки тартып алынсын яки сөзсиз қамаққа таслансын».
27 «Жаратқан Ийениң Ерусалимдеги Ибадатханасына ҳүрмет көрсетиў ушын патшаның жүрегине усындай қәлеўди салған ата-бабаларымыздың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын!
28 Ол патшада, оның мәсләҳәтшилеринде ҳәм барлық күшли басшыларында маған деген мийрим оятты. Қудайым болған Жаратқан Ийениң қолы мениң үстимде болғанлықтан жигерлендим ҳәм өзим менен алып кетиў ушын Израилдың басшыларын топладым».