Эзра 8 bob
1 Артаксеркстиң патшалығы дәўиринде мениң менен бирге Бабилоннан келген урпақ басшылары ҳәм олардың шежирелери мынадай:
2 Пинехас урпағынан Гершом, Итамар урпағынан Даниел, Даўыттың нәсилинен болған
3 Шекания урпағынан Хаттуш. Парош урпақларынан Зехария ҳәм оның менен бир нәсилден дизимге алынған 150 еркек,
4 Пахат-Моаб урпағынан Зерахия улы Элиеҳоенай ҳәм оның менен бирге 200 еркек,
5 Затту урпағынан Яхазиел улы Шекания ҳәм оның менен бирге 300 еркек;
6 Адин урпағынан Ионатан улы Эбед ҳәм оның менен бирге 50 еркек;
7 Элам урпағынан Аталия улы Ешая ҳәм оның менен бирге 70 еркек;
8 Шефатия урпағынан Михаил улы Зебадия ҳәм оның менен бирге 80 еркек;
9 Иоаб урпағынан Ехиел улы Обадия ҳәм оның менен бирге 218 еркек;
10 Баний урпағынан Иосифияның улы Шеломит ҳәм оның менен бирге 160 еркек;
11 Бебай урпағынан Бебай улы Зехария ҳәм оның менен бирге 28 еркек;
12 Азгад урпағынан Ҳаққатан улы Юханан ҳәм оның менен бирге 110 еркек;
13 Адониқамның Элифелет, Еиел, Шемая деген ең соңғы уллары ҳәм олар менен бирге 60 еркек;
14 Бигўай урпағынан Утай, Заккур ҳәм олар менен бирге 70 еркек.
15 Мен оларды Аҳаўаға қарай ағып турған өзектиң бойына топладым. Бизлер сол жерде үш күн турдық. Мен халық ҳәм руўханийлер арасынан лебийлилерди изледим, бирақ Лебий урпағынан ҳеш кимди таба алмадым.
16 Сонлықтан басшылардан Элиезерди, Ариелди, Шемаяны, Элнатанды, Ярибти, Элнатанды, Натанды, Зехарияны, Мешулламды ҳәм алымлардан Иояриб пенен Элнатанды шақырттым.
17 Оларды Касифия деген жердиң басшысы Иддо деген адамға жибердим. Олардың Қудайымыздың Ибадатханасында хызмет ететуғын адамларды жибериўи ушын, Иддоға ҳәм Касифия деген жердеги Ибадатхана хызметшилери болған туўысқанларына нелерди айтыўы кереклигин үйреттим.
18 Қудайымыздың мийримли қолы бизлердиң үстимизде болғанлығы себепли, олар Израилдың улы Лебийдиң нәсилинен, Махлийдиң урпағынан Шеребия деген дана бир адамды жиберди. Ол өзи менен бирге уллары ҳәм туўысқанларынан 18 адамды әкелди.
19 Сондай-ақ, Хашабияны, Мерарий урпағынан Ешаяны ҳәм туўысқанлары менен олардың улларынан 20 адамды,
20 лебийлилерге жәрдемлесиў ушын Даўыт ҳәм оның хызметшилери қойған Ибадатхана хызметшилеринен 220 адамды алып келди. Олардың ҳәммеси атпа-ат дизимге алынған.
21 Сонда Қудайымызға бойсыныў, Оннан өзлеримиз, балаларымыз ҳәм пүткил дүнья малымыз ушын, ҳақ жол сораў ушын Аҳаўа өзегиниң бойында ораза жәрия еттим.
22 Бизлер патшаға: «Қудайымыз Өзин излегенлердиң ҳәммесиниң үстине мийримли қолын қояды, ал Өзинен жүз бурғанларға күшли ғәзебин шашады», – деген едик. Сонлықтан жолда бизлерди душпаннан қорғаў ушын әскерлер ҳәм атлылар сораўға уялдым.
23 Солай етип, бизлер ораза тутып, Қудайымызға жолымыз ушын жалбарындық, Ол да дуўамызды қабыл етти.
24 Соңынан басшы руўханийлер арасынан он екисин: Шеребияны, Хашабияны ҳәм олардың туўысқанларынан онын таңлап алдым.
25 Кейин патшаның, оның мәсләҳәтшилериниң, басшыларының ҳәм сол жердеги пүткил израиллылардың Қудайымыздың Ибадатханасы ушын берген барлық садақаларын: гүмисти, алтынды ҳәм ыдысларды тәрезиге тартып, оларға бердим.
26 Мен оларға берген затлардың өлшеми мынадай еди: 650 талант гүмис, 100 талантлық гүмис ыдыслар, 100 талант алтын.
27 Нарқы 1000 дарик болған 20 алтын тостаған, алтындай қунлы, жылтыр мыстан исленген еки ыдыс.
28 Мен оларға былай дедим: «Сизлер – Жаратқан Ийениң мухаддесисизлер, ыдыслар да мухаддес. Гүмис ҳәм алтын – сизлердиң ата- бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийеге берилген ықтыярлы садақалар.
29 Руўханийлердиң басшылары, лебийлилер ҳәм израиллылардың урпақ басшылары алдында өлшеп, Жаратқан Ийениң Ерусалимдеги Ибадатханасының қазнасына тапсырғаныңызша сергек болып, оларды сақлаңлар».
30 Солай етип, руўханийлер ҳәм лебийлилер Ерусалимге, Қудайымыздың Ибадатханасына алып келиў ушын, тәрезиге тартылған гүмисти, алтынды ҳәм ыдысларды қабыл етип алды.
31 Бизлер биринши айдың он екинши күни Ерусалимге барыў ушын Аҳаўа өзеги бойынан жолға шықтық. Қудайымыздың қолы бизлердиң үстимизде болып, жолымызда Ол бизлерди душпанлардың ҳүжиминен ҳәм қарақшылардан қорғады.
32 Солай етип, бизлер Ерусалимге жетип келип, ол жерде үш күн дем алдық.
33 Төртинши күни Қудайымыздың Ибадатханасына барып, гүмисти, алтынды ҳәм ыдысларды тәрезиге тартып, Урия улы руўханий Меремотқа тапсырдық. Пинехас улы Элазар оның қасында болды. Лебийли Ешуа улы Иозабад ҳәм Биннуй улы Ноадия да олар менен бирге еди.
34 Ҳәр бир нәрсе саналды ҳәм тәрезиге тартылды. Өлшенген затлардың ҳәммеси сол ўақытта жазып қойылды.
35 Тутқыннан келгенлер, яғный сүргиннен қайтып келгенлер Израилдың Қудайына арнап, жандырылатуғын қурбанлықлар берди. Олар пүткил израиллылар ушын он еки буға, тоқсан алты қошқар, жетпис жети тоқлы шалды. Ал гүна қурбанлығы ушын он еки текени қурбанлыққа шалды. Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийеге усынылған жандырылатуғын қурбанлықлар еди.
36 Сүргиннен қайтқанлар патшаның буйрықларын патшаның найыпларына ҳәм дәрьяның арғы тәрепиндеги ўәлаятларының ҳәкимлерине берди. Олар да Израил халқын ҳәм Қудайдың Ибадатханасын қоллап-қуўатлайтуғын болды.